Коррупцияға қарсы гүрес – тийкарғы мақсетимиз  

Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев өзиниң шығыӯларында “Тилекке қарсы, жәмийетимизде коррупция иллети өзиниң түрли көриниси менен раӯажланыӯымызға  тосық болмақта. Бул жаӯыз бәлениң алдын алмасақ, ҳақыйқый исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын жаратып болмайды. Тәкрар ҳәм тәкрар айтаман, бул иллетти жоқ қылмасак, бирде-бир тараӯ раӯажланбайды. Исбилермен ҳәзирге шекем жер ажыратыӯ, кадастр, қурылыс, лицензия, бажхана, мәмлекетлик сатып алыӯлар қусаған тараӯларды коррупцияға дус келмекте” деп атап өткен еди.  

Коррупция-шахстың өз лаӯазымы яки хызметинен жеке мәплерин көзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыӯ мақсетинде нызамға қарсы пайдаланыӯы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қарсы усыныс етиӯ.

Коррупция сөзи – латын сөзинен алынған болып, пара берип сатып алыӯ, бузылыӯ, истен шығыӯ, ахлақый (руӯҳый) бузылыӯ деген мәнисти аңлатады.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта.  Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсебетти пайда етиўге бағдарланған системалы илажлар көрилип атыр.

Мәмлекетимиз басшысының нызамшылық басламасы менен Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы   Нызамы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2016-жыл 24-ноябрьде қабыл етилип, Сенат тәрепинен 2016-жыл 13-декабрь күни мақулланды.

Бул Нызамның қабыл етилиўи коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимизде әҳмийетли қәдем болды.

Нызам коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бирден-бир мәмлекет сиясатының мақсетли ҳәм системалы жолға қойылыўына ҳуқықый негиз жаратты.

Бул ҳүжжет тараўды тәртипке салыўшы, оның шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлери ҳәм мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислерин белгилеп бериўши системаластырылған дәслепки ҳүжжет саналады. Нызам менен мәмлекетимизде бир қанша жумыслар әмелге асырылып атыр.

Коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў, ен жокары дәрежедеги қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, елимиздиң халықаралық майдандағы унамлы абырайын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық      2019-2020-жылларда коррупцияға карсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясының жаңаланған қурамы тастыйықланды.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм басқа шөлкемлер Мәмлекетлик бағдарламасының ҳәр бир бәнти бойынша мақсетлерге ерисиўде нәтийжелилик индикаторларын ислеп шығыўы ҳәм оны Уйымлараралық комиссия менен келисип алыўы зәрүрлиги көрсетилген.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталарында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд ҳуқық мәселелери бойынша комитетлер шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары орта мүддетли перспективада суд ҳәкимиятының еркинлигин буннан былай да беккемлеў, судьяларға ҳәр қандай тәризде нызамға тәсир өткериў шәртлерин бийкар етиў, мәмлекетлик хызметлерди таңлаў тийкарында сайлап алыў, лаўазымға тайынлаў ҳәм жоқары лаўазымларға көтериўдиң ашық-айдын тәртибине тийкарланған мәмлекетлик хызмет системасын қәлиплестириў, олар ушын шеклеўлер, қадаған етиў, хошаметлеў илажлары және коррупцияның алдын алыўдың басқа да механизмлериниң анық дизимин белгиеў, Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматларын декларациялаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў ҳәм олардың мийнет ҳақысы жеткиликли дәрежеде болыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметти атқарыўда мәплердиң қарама-қарсы келиўин шешиўди шолкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, коррупция менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаўдың нәтийжели шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин енгизиў, халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын және де арттырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнасты күшейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң есап бериўин ҳәм жумысының ашық-айдынлығын арттырыў, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары жумысының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды коррупцияға қарсы илажларды таярлаўда, өткериўде ҳәм орынланыўын мониторинг етиўге қатнасыўға тартыўдан ибарат екенлиги белгилеп қойылды.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абат турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы жәнеде жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдарда реформалар еле де даўам етеди, себеби олардың тийкарғы мақсети елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

 

 Зульфия Бабаджанова,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы