Ҳаялын урғаны ушын 490.000 сўм жәрийма

Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды тәрепинен Мойнақ районы «Мойнақ» МПЖ имаратында, көшпели суд мǝжилисинде Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 52-статьясы 2-бөлими менен М.С тың қарсысына топланған ҳәкимшилик иси көрип шығылды.

2021-жыл 1-ноябрь күни саат 21:30да М.С спиртли ишимликлер ишкен мәс ҳалында, Мойнақ районы Ажинияз көшесинде ѳмирлик жолдасы М.Н менен өз-ара сөз алысып қалып, оның денесине қасттан мушы менен ҳәм ағаш пенен бир неше мәрте урып, оған дене жарақатын жеткереди.

Нәтийжеде суд медициналық экспертизасы тайынланып, оның жуўмағына көре М.Нның алған жарақаты ден саўлығының бузылыўына алып келмейтуғын «жеңил» дәрежедеги жарақатлар қатарына киретуғынлығы көрсетилген.

Суд мәжилисинде ҳуқықбузар М.С айыбын толық мойынлап, исинен шын кеўилден пушайманлығын, 2021-жыл 1-ноябрь келиншеги М.Н анасы менен урысқанын еситип пиво ишип үйине келип келиншегин мушы ҳәм ағаш пенен урғанлығын ҳәзирги ўақытта бирге жасамай атырғанлығын келиншеги М.Н ди көрип ашыў үстинде оны мушы менен бир неше мәрте урғанын, спиртли ишимликтиң тǝсиринен урып жибергенлигин, енди бундай исти қайталамайтуғынын итибарға алып жеңилирек жаза тайынлаўды сорады.

Суд мәжилисинде жǝбирлениўши М.Н 2021-жылы 1-ноябрь күни үйинде енеси менен баланың үстинде урысып қалғанын, сол күни күйеўи М,С спиртли ишимлик ишип келип өзин қолы менен ҳәм ағаш пенен урып таслағанын кеширим бермейтуғынын, тийисли жаза шарасын алыўын сорап көрсетпе берди.

Ҳуқықбузыўшы М.С тың айыбы өзиниң суд мәжилисинде берген көрсетпеси ҳәм сорастырыў ўақтында берген түсинигинен тысқары, жǝбирлениўши М.Н ның көрсетпелери, суд медициналық экспертизасының жуўмағы ҳәм истеги басқада ҳүжжетлер менен толық тастыйығын тапты.

Суд, ҳуқықбузыўшы М.С тың айыбын толық мойынлап, исинен шын кеўилден пушайманлығын, ҳәкимшилик жуўапкершилигиниң жеңиллестириўши тәреплери деп, ал оның ҳуқықбузарлығының аўырластырыўшы тәрепи жоқ деп есаплап, оған статья санкциясында көрсетилген жәрийма жазасын қолланыўды лазым тапты.

Ҳуқықбузар М.С Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 52-статьясы 2-бөлими менен айыплы деп табылды. Оған Өзбекстан Республикасы базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында, яғный 490.000 сўм жәрийма жазасы тайынланды.

 

Асқар Сафаров,

Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы