Жынаят иси тәреплердиң өз-ара жарасыўы менен өндиристен қысқартылды

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы Р.Каукышевтың басшылығында, судья жәрдемшиси Д.Юсупованыӊ хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының орынбасары Д.Асқаров, қорғаўшы адвокат М.Жанызаков гүманланыўшы ҳәм жәбиркештиң нызамлы ўәкили қатарында қатнастырылған өмирлик жолдасының   қатнасыўында Қарақалпақ Мәмлекетлик университетиниң юридика факультетиндеги суд залында ашық ҳәм көшпели суд мәжилиси болып өтти. Онда дәслепки тергеў органы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыпланған М.Сның қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды.

1992-жыл Нѳкис қаласында туўылған туўылған М.С Усы жылдың 28-сентябрь күни кешки саат 21:30 лар шамасында өз меншигиндеги «Ласетти» маркалы автомашинасын Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшеси асфальт жолы бойында жайласқан «Кооператив колледжи» алдынан өтип турған асфальт жол бойлап шығыс тәрептен батыс тәрепке қарай бир ѳзи хәрекетленип баратырып, усы асфальт жолдың пиядалар ѳтиў жол белгиси орнатылған жеринен, жолды басқарыўшыға қарата арқа тәрептен қубла тәрепке қарай пияда кесип ѳтип атырған Нѳкис қаласы Пристин гузары кѳшесинде жасаўшы 1971-жыл туўылған пуқара С.Д ны автомашинасының алды тәрепи менен дүгип алған. Нәтийжеде пуқара С.Д дене жарақатын алып емлеўханаға түскен.

Өткерилген суд-медициналық экспертизасының 2021-жыл 27-октябрь күнги 70-санлы жуўмағында пуқара С.Д ның алған дене жарақатлары «Қарынның жабық жарақаты. Жеңишке ишектың тесилиўи (перфорация) ҳәм асқынған жарылыўы, асқынған жергиликли ириң (гной), токсик басқыштағы әсте раўажланып барыўшы шекленген перетонити менен, оң ийин сүйегиниң хирургия мойыншасының жабық майдаланып жылжып сыныўы. Бул жарақатлар ѳмир ушын қәўипли болған «Аўыр» дәрежели дене жарақатлар қатарына жататўғынлығы көрсетилген.

Сорастырыў дәўиринде жәбирлениўши С.Д ның нызамлы ўәкили қатарында қатнастырылған ѳмирлик жолдасы Ж.П Нөкис қалалық ИИО ЖМБ баслығы атына арза менен мүрәжат етип, олар өз арзасында гүманланыўшы М.С пенен жарасқанлығын, оны кеширгенлигин, өзлерине жеткизилген материаллық ҳәм мораллық зыян толығы менен қапланғанлығын билдирип, усы мүнәсибет пенен гүманланыўшы М.С ның қарсысындағы жынаят исин жарасыў арқалы өндиристен қысқартыўды сораған.

Суд, жарасыўдың ықтиярый екенин, оның себеплерин, гүманланыўшы өз айыбын мойынлағанын, өзи ислеген қылмыстың ақыбетлерин аңлағанын ҳәм жеткерилген зыянды толық қаплағанын, гүманланыўшы М.С, жәбиркеш С.Д ға сырттан тәсир болмағанын, өз ерклери менен жарасқанын итибарға алып, гүманланыўшы М.С Жынаят кодексиниң 661-статьясына тийкар жынайый жуўапкершиликтен азат етип, оныӊ қарсысындағы жынаят исин Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине муўапық өндиристен қысқартыўды, уйғарыў нызамлы күшине киргеннен соң гүманланыўшы М.С қа тийисли айдаўшылық гүўалығын тилхат арқалы өзине қайтарып бериўди лазым тапты.

Сондай-ақ суд жәбиркеш С.Д ның нызамлы ўәкили қатарында қатнастырылған ѳмирлик жолдасы Ж.П ға Жынаят процессуал кодексиниң  583-статьясы 5-бөлимине тийкар усы жарасыў суд тәрепинен тастыйқланғаннан соң, усы ис бойынша ис жүритиўди қайта тиклеў ҳаққында илтимаснамалар бериў ҳуқықларын жоғалтыўын түсиндирди.