«Зорлыққа қарсы биргеликте гүресемиз» атамасында студентлер менен ушырасыў

2014-жылда БМШ Бас секретары ҳаял-қызларға қарата басым ҳам зорлықларды сапластырыўға бағдарланған “UNiTE” атамасындағы басламаны ашық деп жәриялады. Мине усы мүнәсибет пенен ҳәр жылы дүньяда 25-ноябрьден 10-декабрь күнлери аралығында «Зорлыққа қарсы 16 күн» сүрени менен түрли иләжлар шөлкемлестириледи. Усы тийкарда Қарақалпақтан Республикасы судының судьялары Т.Турдымуратов, Г.Ешназарова, К.Керимбаевлар Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалы оқытыўшылары ҳәм студент жаслары менен ушырасып, бүгинги күнде Республика көлеминде өткерилип атырған иләждың әҳмийети бойынша кең түрде сөз етти.

Атап өтилгениндей, бизиң мәмлекетимизде пуқараларды басым ҳам зорлықтан қорғаў, ҳәр қандай басымға ылайық жаза тайынлаў мәселесиде миллий нызамшылығымызда қатаң белгилеп қойылған. Яғный, көшеде бийтаныс адамды ақыретлеў ямаса оған дене жарақатын жеткериў қандай жуўапкершиликке тартылса, шаңарақта шахсқа қарата исленген зорлық ҳәм басым да тап солай жазаланады. Бундай жағдайдан жәбирленгенлерди әсиресе, хаял-қызларды реабилитация етиўде бүгинги күнде орынларда ҳәрекет етип турған реабилитация орайларының искерлигиде айрықша әҳмийетли.

Сондай-ақ, жасларға гендер теңлиги бойынша мағлыўмат берилер екен, баслы итибар гендер – ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар арасындағы мүнәсибетлердиң жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниң барлық тараўлары, атап айтқанда, сиясат, экономика, суд-ҳуқық, мәденият, руўхыйлық, билимлендириў ҳәм илим тараўларында айқын көзге тасланатуғын социаллық қубылыс екенлигине қаратылды. Шаңарақта, жәмийетте, әсиресе ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың орнын беккемлеўге қаратылып атырған кең көлемли реформалар, өзгерислер де жасларға таныстырылды.

   

Ушырасыўда судьялар студентлерге басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў, миллий нызамшылығымызда белгиленген ҳуқықый тийкарлар, гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарындағы исленип атырған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўмат берди. Жасларды да әтирапта болып атырған ўақыя қубылысларға бийпәрўа болмаўға шақырды.

 

Гүлайым Ғаниева,

журналист