«Зорлыққа жол жоқ» сүўретлер таңлаўы

Жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы Л.Өтегенова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймаганбетова, Нөкис қаласы жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы Ш.Шамамбетов, Нөкис районлараралық экономикалық суды баслығы З.Хасанова,  Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтановлар тәрепинен Нөкис районындағы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби оқыўшылары арасында сүўретлер таңлаўы өткерилди. Тийкарғы тема “Зорлыққа жол жоқ”.

          

Жас қәлемкешлер өзлери қыялларында сәўлелендирген ойларын ақ қағазға түрли реңлерде жайластырды. Кими шаңарақта аналарға, қызларға қарата басымға қарсы өз пикирин сүўретлеген болса, және биреўи қара думанлы булытлар астынан жарқырап шыққан қуяш ҳәм бахытлы шаңарақты сәўлелендирген. Улыўма бул таңлаў оқыўшылардың жәмийетте ушырасатуғын түрли зорлық ҳәм басымға болған мүнәсибетлерин көрсетти. Өзлери еле кишкене болса да бундай ис-ҳәрекетти қатаң қаралайтуғынын, жәмийетте теңликтиң тәрепдары екенлигин түрли реңлер айқулағында шебер көрсете алды.

  

Бул таңлаўға 30 ға жақын оқыўшының қатнасыўы да жасларымыздың әтирапта болып атырған ўақыя қубылысларға итибарсыз емес екенлигин билдиреди. Таңлаў жуўмағында ең тәсирли сүўрет салған оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ылайықлы хошаметленди.