Жасы үлкенлеримиз кеңесгөйимиз

Жасы үлкенлеримиз үйимиздиң периштеси, төримиздиң жарасығы. Олар бар екен, шаңарақ жәнеде пайызлы ҳәм аўызбиршиликли. Нураный кекселеримиз өзлериниң ақыл-нәсияты, дурыс мәсләҳәтлери менен бәрқулла бизди туўры жолға бағдарлап отырады. Сонлықтанда, оларды қанша ҳүрмет-иззет етсекте арзыйды.

 

Қарақалпақстан Республикасы судының басламасы менен суд тараўында узақ жыллар жемисли мийнет еткен суд нуранийлери менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыў орны сыпатында Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумы болды. Бул орынды таңлаўда тосыннан емес. Себеби, суд нуранийлери, судьялар ҳәм жаслар, улыўма әўладлар ушырасыўы, тарийхқа нәзер салып, бүгинги бахытлы заманға шүкирлик етиў, жасларды да мине усындай ең ағла адамгершилик ҳәм жуўапкершиликти терең сезиниў, кәсипке садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли.

Онда сөзге шыққан суд нуранийлери өзлериниң қандай шәраят ҳәм дәўирде жумыс ислегенине қарамастан, өз антына, судьялық кәсибине садық болғанлығын турмыслық мысалларда айтып берген болса, ал бүгинги күнде тараўда нәтийжели жумыс алып барып атырған судьялар әмелге асырылып атырған системалы реформалар, олардың нәтийжелери ҳәм суд корпусы судьяларының искерлиги жөнинде кең мағлыўмат берди.  Судьялық кәсиби оғада жуўапкерли ҳәм қыйын екенлиги де айтып өтилди.

Устазлық мәртебе, шәкиртлик машаққат деген. Солай екен, таңлаған кәсибиңнен устазлық дәреже ҳүрметине ерисип, шәкирт болыўдай уллы бахытқа мияссар болыў ушын текғана тынымсыз изленисте, ҳәрекетте болыў керек. Бул жолда оқып, үйрениўден хасла жалықпаў лазым. Келген устаз судьялар жасларға мине усындай өзлериниң ақыл-нәсиятларын ҳам жақсы тилеклерин айтты.

Билдирилген пикирлер, турмыслық мысаллар менен айтылған мағлыўматлар ушырасыў қатнасыўшыларында айрықша тәсир қалдырды. Жасларда усы мазмунда өзлерин толғандырып жүрген сораўларға келген мийманлардан жуўаплар алды. Итибарлысы, бул ушырасыў жаслар ушын күнделикли болып откен иләж емес, ал қызықлы, умытылмастай мәўритлер толы ушырасыў болды.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының бас консультанты                      Гүлайым Ғаниева