Сайлаўды әмелдеги нызамшылық тийкарында шөлкемлестириў

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судьялары тәрепинен Нөкис қаласында жайласқан 49-санлы участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының қатнасыўында семинар өткерилди.

Онда тийкарынан усы жылдың 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў, сайлаўды әмелдеги нызамшылық тийкарында шөлкемлестириў мәселелери сөз етилди.

     

Атап өтилгениндей, сайлаў комиссияларының нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған, сайлаў қатнасыўшыларының ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузатуғын лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлери яки қарары шығым етиў предмети болып есапланады.

Сондай-ақ, сайлаў менен байланыслы ислердиң тийислилиги бойынша, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине муўапық сайлаў комиссиясының ис-ҳарекетлери (қарары) үстинен берилген  шағымлар районлар аралық ҳәкимшилик судлары тәрепинен, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ҳәрекетлери (қарарлары) үстинен берилген шағымлар болса Орайлық сайлаў комиссиясы ең жоқары инстанция есапланғанлығы ҳәм олар тәрепинен қыбыл қылынған қарарының нызамлылығына баҳа бериўши жоқары сайлаў комиссиясы жоқлығы себепли туўрыдан-туўры Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды тәрепинен көрип шығылады. Сайлаў комиссиялары қарарлары үстинен шағымлар тәртип-қағыйдаға көре жуўапкер жайласқан жердеги ҳәкимшилик судларға бериледи.

Семинарда усы ҳәм басқада сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў менен байланыслы мәселелер кең сөз болды. Қатнасыўшылар судьялардан қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.