Қамсызландырыў шәртнамасы

Қамсызландырыў  пуқара яки юридик шахстың (қамсызланыўшы) қамсызландырыў шөлкеми менен (қамсызландырыўшы)  менен дүзетуғын мүлкий яки жеке мүлкий қамсызландырыў шәртнамалары тийкарында әмелге асырылады.

Қамсызландырыў шәртнамасы жазба түрде дүзилиўи лазым. Бул талапқа әмел қылмаслық шәртнаманың ҳақыйқый саналмаслығына себеп болады.

Қамсызландырыў шәртнамасының тәреплериниң бири (қамсызланыўшы) қатнасық уқыплылығына ийе болған физикалық яки юридик шахс, екинши тәреп (қамсызландырыўшы) болса коммерциялық шөлкем есапланған ҳәм тийисли түрдеги қамсызландырыўды әмелге асырыўға  лицензиясы болған юридик шахслар болыўы мүмкин.

Мүлкий қамсызландырыў шәртнамасына муўапық қамсызландырыўшы қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенде қамсызланыўшыға   бул ҳәдийсе ақыбетинде қамсызландырылған мүлкке жеткерилген зиянды ямаса қамсызланыўшының басқа мүлкий мәплери менен байланыслы зиянды шәртнамада белгиленген сумма шеңберинде төлеў миннетлемесин алады.

Мүлкий қамсызландырыў шәртнамасы бойынша төмендегилер қамсызландырылыўы мүмкин:

мал-мүлктиң жойтылыўы (набыт болыўы), кемис шығыўы яки зиянланыўы қәўпи;

пуқаралық жуўапкершилиги қәўпи-басқа шахслардың өмири, ден- саўлығы яки мал-мүлкине зиян келтирилиўи ақыбетинде  жүзеге келетуғын миннетлемелер бойынша жуўапкершилик, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда болса, сондай-ақ шәртнамалар бойынша жуўапкершилик қәўпи;

исбилерменлик қәўпи-   исбилерменниң контрагентлериниң өз  миннетлемелерин бузыўы яки исбилерменге байланыслы болмаған жағдайларға көре бул искерлик шәрт-шәраятларының өзгериўи себепли исбилерменлик искерлигинен күтилген дәраматларын ала алмаслық қәўпи.

мүлкий қамсызландырыў шәртнамасын дүзиўде қамсызланыўшы менен қамсызландырыўшы ортасында төмендегилерге ерисилиўи лазым:

қамсызландырыў объекти болған белгили бир мал-мүлк ямаса басқа мүлкий мәп туўрысында;

қамсызландырыў пулының  муғдары туўрысында;

қамсызландырыў төлеми муғдарын анықлаў тәртиби туўрысында, егер шәртнамада оны қамсызландырыў пулынан аз муғдарда төлеў мүмкиншилиги нәзерде тутылған болса;

қамсызландырыў сыйлығының муғдары ҳәм оны төлеў мүддети (мүддетлери) туўрысында;

шәртнаманың әмел қылыў мүддети туўрысында.

Басқа түрдеги шәртнамалардан парықлы түрде, қамсызландырыў шәртнамасы белгисиз мүддетке  дүзилиўи мүмкин емес.

Қамсызландырыў шәртнамасының әмел қылыныўының басланыўы Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 947-статьясының биринши бөлиминде белгиленген.

Оған муўапық, қамсызландырыў шәртнамасы, егер онда басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, қамсызландырыў сыйлығы яки биринши төлем төленген пайыттан күшке киреди ҳәм оның шәртлери, егер шәртнамада қамсызландырыў әмел қылыўы басланыўының басқаша мүддети нәзерде тутылмаған болса, қамсызландырыў шәртнамасы күшке киргеннен кейин жүз берген қамсызландырыў ҳәдийселерине қолланылады.

Егер қамсызландырыў шәртнамасы миннетлеме орынланыўының тәмийнаты сыпатында дүзилген болса, тийкарғы миннетлеме орынланбаған жағдайда кредитор қамсызландырыўшыдан қамсызландырыў пулын төлеўди талап етиў ҳуқықына ийе болады.

Егер  қамсызландырыў шәртнамасы хожалық шәртнамасы бойынша миннетлемелер орынланыўының тәмийнаты сыпатында дүзилген болса, қамсызландырыўшыға талап билдирилгенге шекем кредитор қарыздардан қарызын өндириў шараларын көриўи зәрүр ҳәм тек қарыздардың  миннетлемесин орынлаў ушын мал-мүлки жетерли болмағанында кредитор қамсызландырыўшыға талап билдириў ҳуқықына ийе, егер қамсызландырыў шәртнамасында басқаша тәртип белгиленбеген болса.

Қарыздардың мал-мүлкиниң миннетлемени  орынлаў ушын жетерли емеслиги  мәмлекет орынлашысының орынлаў ҳүжжетин Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының  40-статьясының биринши бөлими 3-бәндине тийкар өндириўшиге қайтарыў ҳаққындағы қарары менен тастыйықланады.

Усы орында бир мысал. АК «Хамкорбанк» тәрепинен 2017 жыл 28 июль күнги кредит шәртнамасына тийкар  «Д» жеке меншик турақ жай ийелери шериклигине қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыўы ушын 60 ай мүддетке, жылына 14 пайыз төлеў шәрти менен 300 000 000 сўм муғдарында  кредит ажыратылған. Кредиттиң ўақтында қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде банк, шериклик ҳәм қамсызландырыў компаниясы ортасында 2017 жыл 11 август күни «кредитти қамсызландырыў шәртнамасы» дүзилген ҳәм усы күни қамсызландырыў полиси берилген.

Турақ жай ийелери шериклиги кредит қарызын төлеў мүддетлерин кешиктиргени ушын банк кредит шәртнамасын мүддетинен бурын бийкар етип, турақ жай ийелери шериклигинен 249 354 238 сўм кредит қарызы, 75 742 670 сўм есапланған пайызы ҳәм 3 278 365 сўм пеня өндириўди сорап судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Биринши инстанция судының 2020 жыл 7 февраль күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылған, турақ жай ийелери шериклигинен банктиң пайдасына 239 627 374,66 сўм кредит қарызы, 74 742 670 сўм пайызы, 3 278 365 сўм пеня өндирилген. Судтың ҳал қылыў қарарына тийкар берилген орынлаў хат мәмлекет орынлаўшысының 2020 жыл 03 июль күнги қарары менен  Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының  40-статьясының биринши бөлими 3-бәндине тийкар өндириўшиге қайтарылған. Сонлықтан АК «Хамкорбанк» судқа даўа арза менен мүрәжат етип, қамсызландырыў компаниясынан  турақ жай ийелери шериклигиниң төлеў имканияты болмаған 233 927 809,03 сўм тийкарғы қарызын, 114 539 158,27 сўм пайызын ҳәм 21 826 699,15 сўм пеняны өндириўди сораған.

         Биринши инстанция судының 2021 жыл 19 июль күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылған. Қамсызландырыў компаниясынан АК «Хамкорбанк» пайдасына 233 927 809,03 сўм қамсызландырыў пулы өндирилген,  даўа талапларының қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылған.

         Исте анықланған жағдайларға қарағанда, қамсызландырыў шәртнамасының 1.11-бәндине тийкар қамсызландырыўшы қамсызландырыў ҳәдийсеси нәтийжесинде қамсызланыўшыға қарыз алыўшы тәрепинен кредиттиң тийкарғы бөлими (кредиттен пайдаланғанлық пайызлардан тысқары) қайтарылмағанлығы бойынша көрилген зиянды қаплаў миннетлемесин алған. Қамсызландырыў шәртнамасының 3.1-бәндинде усы шәртнама бойынша қамсызландырыў пулы 300 000 000 сўмды, яғный ажыратылған кредит баҳасының 100 пайызын қураған.

Ис судта көрилген ўақытта қайтарылмаған кредит қарызының муғдары  233 927 809,03 сўмды қурайтуғынлығы, қамсызландырыў компаниясы пайыз, пенядан пайда болған қарызларды төлеў миннетлемесин алмағанлығы, кредит алыўшы турақ жай ийелери шериклигиниң кредит қарызын төлеў имканияты жоқлығы, бул тийисли тәртипте мәмлекет орынлаўшысының қарары менен тастыйықланатуғынлығы анықланған. Апелляция инстанция судының қарары менен ҳал қылыў қарары өзгериссиз қалдырылған.

        

 

 

Қарақалпақстан Республикасы судының

экономикалық ислери бойынша

судлаў қурамы судьясы

Гаўҳар Зарипова