Миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланбаса нызамда белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыўға себеп болады
Даўагер Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик активлерин басқарыў Агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жуўапкер “K N” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қарсысына даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерден 6 016 000 сўм пеня өндириўди сораған.
Биринши инстанция судының 2021-жыл 1-июль күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылып, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 1 203 200 сўм пеня өндирилген, даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Ҳал қылыў қарарына наразы болып жуўапкер апелляция тәртибинде арза берген.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер ортасында 2019-жыл 5-ноябрь күни Хожели районы Сарышунгил АПЖ аймағында жайласқан “Суў бөлистириў қурылмасы”на инвестиция киргизиў шәрти менен сатып алыў туўрысында алды-сатты шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкер бир жыл мүддет ишинде 150 000 000 сўмлық инвестиция киргизиў ҳәм палыз өнимлерин жетистириўге қәнийгелестирилген теплица жумысын шөлкемлестириў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 2-қосымшасына тийкар жуўапкер 2019 жылдың 4 шерегинде 10 000 000 сўм, 2020 жылдың 1 ҳәм 2 шерегинде 45 000 000 сўмнан, 2020 жылдың 3 шерегинде 50 000 000 сўм инвестиция киргизиўи лазым болған болса да, 10 000 000 сўмлық миннетлемеси 397 күнге, 90 000 000 сўмлық миннетлемеси 123 күнге кешиктирип орынланған.
Шәртнаманың 5.6-бәнтине тийкар инвестиция миннетлемелери орынланбаған жағдайда жуўапкер кешиктирилген ҳәр бир күн ушын орынланбаған инвестиция миннетлемесиниң 0,04 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген инвестиция миннетлемелери муғдарының 50 пайызынан аспаған ҳалда пеня төлеў миннетлемесин алған.
Сонлықтан даўагер тәрепинен 6 016 000 сўм пеня есапланған. Биринши инстанция суды жуўапкердиң мүлкий аўҳалын итибарға алып, талап етилген пеняны 1 203 200 сўмға кемейтирген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Жуўапкер апелляциялық арзасында мәмлекетимизде короновирус инфекциясы (COVID-19) тарқалыўының алдын-алыўға қаратылған илажлар енгизилгенлиги себепли тийисли миннетлемелерин орынлаўды кешиктиргенлигин себеп етип көрсеткен. Бирақ, истеги анықланған жағдайларға қарағанда жуўапкер 10 000 000 сўмлық миннетлемесин 2019 жылдың 31 декабрь күнине, 45 000 000 сўмлық миннетлемесин 2020 жылдың биринши шерегинде орынлаўы лазым болса да, бул миннетлемелерди тек ғана 2021 жыл январь айында орынлаған.
Апелляция инстанция суды жуўапкер шәртнама миннетлемелерин орынлаўды мәмлекетимизде короновирус инфекциясы (COVID-19) тарқалыўының алдын-алыўға қаратылған илажлар енгизилместен алдын кешиктиргенлиги себепли оны жуўапкершиликтен азат етиўге тийкар жоқ деп есаплап, биринши инстанция судының ҳал қылыў қарарын өзгериссиз қалдырыў ҳаққында шешим қабыллаған.
Қарақалпақстан Республикасы суды
экономикалық ислери бойынша
судлаў қурамы судьясы Гаўҳар Зарипова