«Лас Вегас»тағы мушы зорлар

Кеўлимжай (атлар өзгертилген) нәўбеттеги кеўил ашар отырыспақлардың бири  жанжел менен жуўмақланыўын қыялына да келтирмеген еди. Өзиниң ең жақын жорасы Аббаз ҳәм Жәлмен менен бирге Нөкистеги ендиғана көпке танылып атырған «Лас Вегас» ресторанына барып аўқатланады. Өзи байрамның қабаты емеспе, азырақ аўзына тийгеннен кейин «бизде қызларды  8-март байрамы менен қутлықлайық» деп Кеўлимжай төрде ресторандағы мийманлардың кеўилли дем алыўы ушын түрли музыкаларды қойып отырған Бахыттың қасына келеди. Әри-бери микрофоныңды бер, бизлер тилек айтажақпыз деп «диджей» Бахыттың қолындағы микрофонға асылады. Бундай жағдай биринши емес, сонлықтан бундай аўҳалға үйренип кеткен диджейши елестирмей мийманларға микрофонды текғана ресторан ҳәкимшилигиниң рухсаты менен алыўға болатуғынлығын айтады. Бирақ ҳә дегеннен бундай жуўапты күтпеген Кеўлимжай болса ашыў менен диджейдиң бетине «салып» қалды.  Жағдайды көрген жоралары Аббаз бенен Жәлмен де ўақыя орнына жетип келип, төбелеске араласып кетти.

Ким урды, ким таяқ жеди, ким жуўапкер, ким жәбиркеш…

Қатты шаўқым, төбелес ишинде «ийт ийесин танымайды».

Қараңғылық.

Суў сепкендей тынышлық.

Суд залы.

«Мушы зор» жигитлер темир тор ишинде.

Диджей Бахыт болса емлеўханада.

Ресторандағы қылмыслары ушын Кеўлимжай, Аббаз ҳәм Жәлменлерге Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси тийисли статьялары менен 2 жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланды.

Судланыўшылардың азатлықтан шеклеў жазасын өтеў мǝнзили етип – Нөкис қаласындағы олар жасайтуғын үйлери белгиленди. Сондай-ақ, кешки саат 20:00 ден азанғы саат 06:00 ге шекем жасаў орнынан шықпаў, кафе, бар, ресторан ҳәм басқада кеўил ашар орынларға бармаў, спиртли ишимликлер ишпеў, Нөкис қаласы ИИО пробация топарының рәсмий рухсатысыз ҳәм разылығысыз жасаў жерин өзгертпеўи ҳәм административлик территория аймағынан сыртқа шықпаў шеклеўлери орнатылды. Және ҳәр айда кеминде бир мәртебе Нөкис қаласы ИИО пробация топарынан есаптан өтип турыў мәжбүрияты жүкленди.

Солай екен, ойламай басылған ҳәр бир қәдемниң жуўабы бар. Жынаят ушын болса жаза…

 

 

Жынаят ислери бойынша

Нөкис қаласы суды судьясы        Мақсет Бекимбетов