Судтың мақсети де шаңарақты сақлап қалыў…

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов, Нөкис районлар аралық эканомикалық суды судьясы М. Каримбаева ҳәм Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судының баслығы Н.Абдакимовлар Нөкис районы турғынлары менен ушырасып, олардың суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы мүрәжатларын тыңлады.

 

Атап айтқанда, “Бақаншақлы” аўыл пуқаралар жыйыны Жийдели аўылында жасаўшы Дүйсенбай Алланиязов баласы “Жаслар” дәптерине киргизилип сектор арқалы кредит алған екен. Сол кредит пулларын гербиш шығаратуғын үскене алыў ушын бир фирмаға ѳткереди, фирма үскенени әкелип береди, бирақ бул үскенениң ислемейтуғын үскене екенлиги мәлим болғаннан кейин олар фирмадан пулды қайтарып алыўға ҳәрекет етеди. Деген менен мәселеси шешилмей, еки ортада әўере болып бул қабыллаўға пулын алыўда жәрдем сорап мүрәжат етти. Оған тийисли тәртипте ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиў ҳуқықы түсиндирилди.

Тақыркѳлли Гүлзабира Ешбаева қабыллаўға жүдә нәзик соның менен бирге қыйын бир мәселеде, яғный баласы менен келини ажырасыўға арза бергенлиги, ортада еки ақлығы бар болып олардың ажырасыўына қарсы екенлигин айтып жарастырыў ушын жәрдем сорайды. Бул пуқараға перзентлерине суд тәрепинен 2021-жыл 03-декабрь күнине шекем жарасыў ушын мүддет берилгенлиги, судтың мақсети де шаңарақты сақлап қалыў екенлиги түсиндирилди.

Көшпели қабыллаўға “Ақтерек”, “Ақманғыт”,Бақаншақлы” ҳәм “Тақыркѳл” аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы пуқаралар өзлериниң алимент ѳндириў, ақлық қызын ѳзиниң атына ѳткериў, қәўендер таярлаў, пропискадан шығарыў, некесин бийкар етиў сыяқлы мәселелерде әмелий жәрдем сорап суд басшыларына мүрәжат етти. Оларға тийисли тәртипте нызам шеңберинде ҳуқықый түсиниклер берилди. Қабыллаўда жәми 10 пуқараның мүрәжаты тыңланды.