СУДҚА ИСЕНИМ ҚАЙ ЖЕРДЕН БАСЛАНАДЫ? «ӘДИЛЛИК ҚОРҒАНЫ»НАН
«Әдил судлаў – 2030» стратегиясында белгиленген әҳмийетли тийкарғы бағдарлардан бири – бул «Әдиллик қорғаны.»
Бул түсиниктиң өзинде үлкен мәни бар. Себеби суд, ең алды менен, инсан ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғайтуғын, ҳәр қандай тәсир ҳәм араласыўдан жырақ болған беккем сүйениш болыўы керек.
Бүгинги суд-ҳуқық реформаларының тийкарғы мақсети де – инсанды судқа емес, судты инсанға және де жақынластырыў болып табылады.
Пуқара өз ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат етиўде артықша әўерегершилик, бюрократиялық тосқынлықларға ушырамаўы керек. Усы мақсетте судларға мүрәжат етиў тәртибин әпиўайыластырыў, «бир айна» принципин кеңейтиў, судларды халыққа жақынластырыў ҳәм алыс аймақларда жасап атырған пуқаралар ушын да әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Бул жерде және бир әҳмийетли мәселе бар. Судқа мүрәжат еткен инсан, бәринен бурын, оның сөзи тыңланыўын, исине қалыс ҳәм әдил баҳа берилиўин күтеди. Соның ушын суд процесинде тәреплердиң теңлиги, ҳәр бир дәлил ҳәм себепке қалыс баҳа бериў, ислерди ақылға уғрас мүддетлерде көрип шығыў үлкен әҳмийетке ийе.
Суд қарарлары да пуқара ушын түсиникли болыўы керек. Қарар қаншелли қурамалы ҳуқықый ҳүжжет болмасын, оның мазмуны анық, логикалық ҳәм айқын баян етилсе, инсан өз ҳуқық ҳәм миннетлемелерин жақсырақ аңлайды.
Әлбетте, «Әдиллик қорғаны»ның ең әҳмийетли бағаналарынан бири – судьяның ғәрезсизлиги болып есапланады. Судья қарар қабыл етиўде тек ғана нызамға, ис бойынша топланған дәлиллерге ҳәм өзиниң ҳуқықый исенимине сүйенеди. Оның исине ҳәр қандай сыртқы тәсир ямаса араласыўға жол қойылмаўы – әдил судлаўдың ең әҳмийетли кепили болып есапланады.
Соның менен бирге, судьяларды судлаўға тиккелей байланыслы болмаған ўазыйпалардан азат етиў, судлардың шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳәкимшилик жумысын нәтийжели шөлкемлестириў де суд еркинлигин буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.
Суд тек ғана тартысты шешетуғын мәкеме емес. Суд – инсанның ҳуқықы, қәдир-қымбаты ҳәм нызамлы мәплерин қорғайтуғын әҳмийетли мәмлекетлик институт.
Усы мәнисте, «Әдиллик қорғаны» – тек ғана атама емес. Оның тийкарында анық мақсет жәмленген: инсан ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў, нызам үстинлигин беккемлеў ҳәм еркин судлаўды кепиллеў.
Әдилликтиң ҳақыйқый өлшеми болса – ҳәр бир инсанның ҳуқықы нызам алдында бирдей қорғалғанында көринеди. Судқа исеним беккем болса, жәмиетте нызамға исеним де беккем болады.
Жеткиншек ҚДЫРНИЯЗОВ,
жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының тергеў судьясы






