СУД СИСТЕМАСЫН РЕФОРМАЛАЎ ИЗБЕ-ИЗ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

 

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2026-жыл 8-июнь күни «Судларда комплаенс қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойылды.

 

Бул Пәрман суд органларының ишки басқарыў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған болып, онда үш әҳмийетли мақсет белгилеп берилген.

 

Биринши мақсет – судларда коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм баҳалаўдың профессионал системасын енгизиў арқалы коррупцияны келтирип шығаратуғын факторларды ерте анықлаў ҳәм сапластырыў.

 

Екинши мақсет – суд аппаратына жумысқа қабыл етиўде ашық-айдын тәртип-қағыйдаларға тийкарланған ашық таңлаў ҳәм меритократия принципин енгизиў.

 

Үшинши мақсет – суд системасына жәмийетшиликтиң исенимин беккемлеў ҳәм суд уйымларын Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы реформалардың әмелий қатнасыўшысына айландырыў.

 

Пәрманда белгиленген ўазыйпалар төмендеги төрт тийкарғы бағдарды қамтып алады:

– суд аппараты хызметкерлери арасында коррупцияның алдын алыў;

– Комплаенс қадағалаў хызметин шөлкемлестириў;

– судялар корпусында коррупцияға маўасасызлық мәдениятын қәлиплестириў;

– Пәрманның орынланыўын тәмийинлеўдиң нәтийжели механизмлерин енгизиў.

Ҳәр бир бағдар бойынша анық мүддетлер, жуўапкер уйымлар ҳәм әмелге асырылатуғын илажларды нәзерде тутатуғын «жол картасы» белгиленген.

 

Пәрманның ең әҳмийетли шөлкемлестириў жаңалықларынан бири – Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды аппаратында Комплаенс қадағалаў хызметиниң шөлкемлестирилиўи болып табылады. Бул хызмет Жоқарғы суд баслығына тиккелей бойсынады ҳәм 3 штат бирлигинен ибарат болады.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әскерий суды, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судларында жәми 15 комплаенс инспекторы лаўазымын енгизиў нәзерде тутылған.

 

Комплаенс қадағалаў хызметиниң тийкарғы ўазыйпаларына коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм баҳалаў, кәсиплик етика қағыйдаларына әмел етилиўин турақлы мониторинг етиў, жумысқа қабыл етиў процесинде ашық-айдынлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў, сондай-ақ, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары – өмирлик жолдасы ҳәм де ержетпеген перзентлериниң дәраматлары ҳәм мүлкин декларациялаў системасын жүргизиў киреди.

 

Пәрман менен суд аппаратын басқарыўда жаңа қатнас – HR-меритократиялық принциплерди енгизиў нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, «vacancy.sud.uz» порталын ислеп шығыў ҳәм иске қосыў нәзерде тутылған. Бул платформа арқалы суд аппаратындағы барлық бос лаўазымлар ашық ҳәм бәсекилес таңлаў тийкарында жәрияланады. Талабанлар жасалма интеллект жәрдеминде таңлап алыў, тест сынақлары ҳәм кәсиплик көнликпелерди баҳалаў басқышларынан өткериледи.

 

 

«SudHR»  электрон платформасы болса суд системасында хызметкерлер менен ислесиўдиң заманагөй усылларын енгизиўге қаратылған. Ол арқалы хызметкерлердиң жумысын мониторинг етиў, олардың кәсиплик өсиў траекториясы, маманлық арттырыў режелери ҳәм нәтийжелилик көрсеткишлерин баҳалаў процесслери санлы, ашық-айдын ҳәм объектив тәризде әмелге асырылады.

 

Пәрманда белгиленген илажлар раўажланған мәмлекетлер суд системасының алдынғы ҳәм сынақтан өткен тәжирийбесин миллий суд системасына бейимлестириў, коррупцияға қарсы гүресиўди жаңа басқышқа көтериў, коррупциялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў және нәтийжели ишки қадағалаў механизмлерин енгизиўге хызмет етеди.

 

 

Ибрайым АЛЛАНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Беруний районы судының тергеў судьясы