Шаңарақ – жәмийет тийкары. Шаңарақ турмысының ҳәмме мәселелери –ерли зайыплылар тәрепинен өз-ара разылық тийкарында биргеликте шешиледи. Шаңарақты қоллап-қуўатлаў ҳәм бала мәплерин қорғаўға қаратылған конституциялық нормалардың әмелге асырылыўы бир қатар нызам ҳәм нызамасты ҳүжжетлеринде өз сәўлелениўин тапқан.
Өзбекстан Республикасында Шаңарақ ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң ўазыйпалары шаңарақты беккемлеўден, шаңарақ мүнәсебетлерин өз-ара муҳаббат, исеним ҳәм ҳүрмет, бирлик, бир-бирине жәрдем бериў ҳәмде шаңарақ алдында оның бәрше ағзаларының жуўапкершилиги сезими тийкарында қурыўдан, кимниңдур шаңарақ мәселелерине өзбасымшалық пенен араласыўына жол қоймаслықтан, шаңарақ ағзалары өз ҳуқықларын тосқынлықсыз әмелге асырыўын ҳәмде бул ҳуқықлардың қорғалыўын тәмийинлеўден ибарат.
Тиллекке қарсы ҳәзирги күнде пуқаралық ислери бойынша судларда көрилип атырған ислердиң басым көпшилигин ерли-зайплылардың некеден ажырасыў ҳаққындағы ислер қурамақта. Ҳәммемизге белгили шаңарақ мүнәсебетлеринен келип шығатуғын даўлар дерлик барлық жағдайда да бири-биринен келип шығатуғын басқада даўлар менен байланысып кетеди. Яғный, ажырасқан жағдайда ерли зайыплылар ортасындағы улыўма мүлклерди бөлиў, ҳәр бириниң шахсый мүлклерин яки балалардың мүлклерин алып бериў, ортада перзентлердиң кимниң тәрбиясында қалыўы мәселеси, ерли-зайыплылардың өз-ара ҳәм балалар ушын тәмийинат өндириў мәселелери ҳ.т.б.
Усындай шаңарақ мүнәсебетлеринен келип шығатуғын ҳәм көпшилик жағдайларда тек ғана суд арқалы шешилетуғын тартыслардың бир бул ерли-зайыплардың ортасындағы мүлкий даўлар болып табылады.
Пуқараларымыз арасында бул саладағы мүнәсебетлерди тәртиплестириўде нызамшылықта белгиленген ҳуқықый механизмлерден туўры пайдаланылмастан, өзи боларлыққа салыў еледе даўам етпекте.
Мәселен, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 6-бабы «Ерли-зайыплылардың мал-мүлкиниң шәртнамалық тәртиби» деб аталып, бунда ерли-зайплылыр ортасында неке шәртнамасын дүзиў тәртип-қағыйдалары белгилеп берилген.
Яғный, некелениўши шахслардың яки ер ҳәм ҳаялдың некеде болған дәўирде ҳәм (яки) ер ҳәм ҳаял некеден ажырасқан жағдайда олардың мүлкий ҳуқық ҳәмде мәжбүриятларын белгилеўши келисими неке шәртнамасы деп есапланады.
Неке шәртнамасы неке мәмлекетлик дизимге алынғанға шекем де, сондай-ақ неке дәўиринде де дүзилиўи мүмкин. Неке мәмлекетлик дизимге алынғанға шекем дүзилген неке шәртнамасы неке мәмлекетлик дизмиге алынған күннен баслап күшке киреди.
Неке шәртнамасы жазба түрде дүзиледи ҳәм нотариал тәртипте тастыйқланыўы лазым. Ерли-зайыплы неке шәртнамасына көре биргеликтеги улыўмалық мүлктиң нызамда белгиленген (усы Кодекстиң 23-ст.) тәртибин өзгертириўге, ер ҳәм ҳаялдың бәрше мал-мүлкине, оның айырым түрлерине ямаса ер ҳәм ҳаялдан ҳәр бириниң мал-мүлкине қарата биргеликтеги, үлесли яки өз алдына ийелик қылыў тәртибин орнатыўға ҳақылы.
Неке шәртнамасы ер ҳәм ҳаялдың бар болған мал-мүлкине қарата да, келешектеги мал-мүлкине қарата да дүзилиўи мүмкин.
Ер ҳәм ҳаял неке шәртнамасында өзара материаллық тәмийинат бериў, шаңарақ қәрежетлерин көтериў, бир-бириниң дәраматында қатнасыў, басқа шахслар менен мүлкий шәртнамалар дүзиў, биргеликте исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыў бойынша өз ҳуқық ҳәм мәжбүриятларын белгилеп алыўға, некеден ажыралғанда ер ҳәм ҳаялдан ҳәр бирине берилетуғын мүлкти анықлап алыўға, сондай-ақ неке шәртнамасына ер ҳәм ҳаялдың мүлкий мүнәсебетлерине тийисли басқа қағыйдалар киритиўге ҳақылы.
Неке шәртнамасында нәзерде тутылған ҳуқық ҳәм мәжбүриятлар белгили мүддет пенен шеклениўи яки белгили жағдайлардың жүзега келиўи ямаса келмеслигине байланыслы қылып қойылыўы мүмкин.
Неке шәртнамасы ерли-зайыплының ҳуқық уқыплылығы яки ҳәрекет уқыплылығы, олардың өз ҳуқықларын қорғаў ушын судқа мүрәжат қылыў ҳуқықларын шеклеўди, ерли-зайыплы ортасындағы жеке мүлкий емес мүнәсебетлерди, ерли-зайыплының балаларға қарата болған ҳуқық ҳәм мәжбүриятларын тәртипке салыўды, мийнетке жарамсыз тәмийинат алыўға мүтәж ер яки ҳаялдың ҳуқықын шеклеўши қағыйдаларды, ер ҳәм ҳаялдан бирин өте қолайсыз жағдайға салып қойыўшы ямаса шаңарақ ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң нормаларына қайшы келиўши басқа шәртлерди нәзерде тута алмайды.
Неке шәртнамасын орынлаўдан бир тәреплеме бас тартыўға жол қойылмайды. Неке шәртнамасы ерли-зайыплының бириниң талабы менен Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде белгиленген тийкарларда ҳәм тәртиплерде судтың қарары менен өзгертилиўи ямаса бийкар етилиўи мүмкин.
Неке мүнәсебетлери тамамланған ўақыттан баслап неке шәртнамасының әмел етиўи де тамамланады. Неке шәртнамасында неке тамамланғаннан кейинги ўақыт ушын нәзерде тутылған мәжбүриятлар бул жағдайлардан тысқары.
Неке шәртнамасы төмендеги жағдайларда ҳақыйқый емес деп табылады. Неке шәртнамасы суд тәрепинен Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде нәзерде тутылған тийкарлар бойынша толық ямаса қысман ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Неке шәртнамасы ерли-зайыплының нызам менен белгиленген ҳуқықы ҳәм еркинликлерин бузса суд ерли-зайыплының бириниң талабына тийкар неке шәртнамсын толық ямаса қысман ҳақыйқый емес деп табыўы мүмкин. Ерли-зайыплылар нызамда жол қойылатуғын барлық мүлкий шәртнамалық мүнәсебетлерге өз-ара кирисиўге ҳақылы, ерли-зайыплының орталарында дүзилген, олардың бириниң ҳуқықларын шеклеўге қаратылған келисимлер ҳақыйқый деп есапланбайды.
Жуўмақалап айтқанда ерли-зайыплылар ортасында неке шәртнамасының дүзилиўи, олардың өз-ара ҳәм шаңарақтың басқа ағзалары (ерли-зайыптың ата-аналары)ның ортасында келешекте жүзеге келиўи мүмкин болған көплеген тартыслардың, өз ҳуқық ҳәм миннетлемелериниң әмелге асыўын талап етиў бойынша әўерегершиликлердиң алдын алған болар еди деп қаламыз.
Еркин Утениязов,
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы