ЭКОНОМИКАЛЫҚ СУДЛАРДА СУД ИСЛЕРИН ЖҮРИТИЎ ТӘРТИБИ, ЎАЗЫЙПАЛАРЫ ҲӘМ ПРИНЦИПЛЕРИ

 

Өзбекстан Республикасында экономикалық судларда экономикалық суд ислерин жүритиў Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине тийкарланып әмелге асырылады.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 15-статьясы, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 1-статьясына муўапық, егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.

 

Экономикалық суд ислерин жүритиў буйрық тәртибинде, даўа тәртибинде ҳәм айрықша категориядағы ислер бойынша айрықша тәртипте жүритиледи.

 

Экономикалық суд ислерин жүритиў ўазыйпалары – бул экономика тараўында кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың бузылған,  даўлы болған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, экономика тараўында нызамшылықты беккемлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға көмеклесиў, нызамға ҳәм судқа ҳүрмет етиў мүнәсибетин қәлиплестириўден ибарат.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясына көре, ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў ҳуқықы берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 3-статьясына муўапық, ҳәр қандай мәпдар шахс өзиниң бузылған, даўлы болған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын экономикалық судқа усы Кодексте белгиленген тәртипте мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Судқа мүрәжат етиў:

пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын даўалар бойынша – даўа арзасы формасында;

 

буйрық тәртибинде ис жүргизиў, айрықша категориядағы ислер бойынша ҳәм де усы Кодексте нәзерде тутылған басқа да жағдайларда – арза формасында;

апелляция ямаса кассация, ревизия инстанциясы судларына мүрәжат етилгенде – шағым арза формасында әмелге асырылады.

 

Мүрәжат ҳәм оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлер судқа электрон ҳүжжет түринде жиберилиўи мүмкин.

 

Суд шешиўши қарар, уйғарыў, қарар, суд буйрығы түриндеги суд ҳүжжетлерин қабыл етеди.

 

Биринши инстанция судында исти мазмунан көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарар қабыл етиледи.

 

Апелляция, кассация ҳәм ревизия тәртибиндеги шағымларды (протестлерди) көрип шығыў нәтийжелери бойынша апелляция, кассация, ревизия инстанция судлары қарар қабыл етеди.

 

Экономикалық суд ислерин жүритиў Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексинде белгиленген принциплер тийкарында алып барылады.

 

Судта тартысларды шешиў юридикалық тәреплердиң мүлкшилик формасына, жайласқан жерине, кимге бойсыныўына, пуқаралардың жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, жеке ҳәм социаллық статусына қарамастан, бийғәрез нызам ҳәм суд алдындағы теңлиги тийкарында әмелге асырылады.

 

Сондай-ақ, экономикалық суд ислерин жүритиў тәреплердиң тартысыўы ҳәм тең ҳуқықлылығы тийкарында әмелге асырылады.

 

Суд ислерин жүритиў өзбек тилинде, қарақалпақ тилинде ямаса тийисли орындағы көпшилик халық сөйлесетуғын тилде яки нызамға муўапық басқа тилде алып барылады. Суд ислери алып барылып атырған тилди билмейтуғын судта қатнасыўшы шахслардың дилмаш арқалы ис материаллары менен толық танысыў ҳәм суд ислеринде қатнасыў ҳуқықы ҳәм де судта ана тилинде сөйлеў ҳуқықы тәмийинленеди.

 

Экономикалық судларда ислер ашық өткериледи, ислерди жабық мәжилисте көриў нызамда белгиленген жағдайларда жол қойылады.

 

Нызамлы күшке кирген суд ҳүжжетлери барлық мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, басқа да уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар ушын мәжбүрий болып, суд ҳүжжетлерин орынламаў нызамларда белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.

 

Спартак  НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы