УШЫРАСЫЎ: НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАРҒА БАҒЫШЛАНДЫ
Жынаят ислери бойынша Беруний районы судының баслығы Р.Камалова тәрепинен районлық ишки ислер бөлими хызметкерлери менен ушырасыў өткерилди.
Онда тийкарынан нызамшылыққа киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар жөнинде тараў қәнигелерине кең түрде мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, усы жылдың 28-август күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине пиротехника буйымларының нызамға қарсы айланысы ушын жуўапкершиликти күшейттириўге қаратылған өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға көре, жоқарыда көрсетилген кодекске пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде ислеп шығарыў, таярлаў ҳәм сақлаў, тасыў, жөнетиў ҳәм Өзбекстан Республикасынан алып шығыў, сондай-ақ пиротехника буйымларын нызамға қарсы түрде өткериў ямаса Өзбекстан Республикасына алып кириў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың жәмийетлик қәўиплилик өзгешелиги ҳәм дәрежесинен келип шыққан ҳалда жуўапкершилик илажларын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Бул Нызам жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм пиротехника буйымларының нызамға қарсы айланысы жағдайларының алдын алыў бойынша көрилип атырған ис-илажлардың нәтийжелилигин еледе асырыўға хызмет етеди.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилип атырған усы ҳәм басқада өзгерислер жөнинде өз-ара пикир алмасылды.