ЭКОЛОГИЯ – НЫЗАМ ҚОРҒАЎЫНДА
Адамзаттың раўажланыўы ҳәм санааттың раўажланыўы турмыс дәрежесин жақсылаў менен бир қатарда, тәбият ҳәм қоршаған орталыққа айрықша тәсир көрсетпекте. Бүгинги күнде ҳаўаның патасланыўы, суўдың там-тарыслығы, шөллениў процесслери, шаң боранлары сыяқлы экологиялық машқалаларды сапластырыўда тек ғана руўхый емес, ал ҳуқықый жуўапкершилик те үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 62-статьясында пуқаралар қоршаған тәбийғый орталыққа итибарлы қатнаста болыўға миннетли екенлиги белгилеп қойылған. Сондай-ақ, 68-статьяға муўапық жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы улыўма миллий байлық есапланады ҳәм мәмлекет қорғаўы астында турады.
Мине, усы нормалардан келип шығып, мәмлекетимизде әҳмийетли болған «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы, «Экологиялық экспертиза ҳаққында»ғы, «Айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң XIV бабы (193-204-статьялар) нда қоршаган орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы жынаятлар ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған. Соның ишинде, жер ҳәм суў ресурсларын патаслаў, нызамсыз терек кесиў ямаса ҳайўанат дүньясына зыян жеткериў, жерлердиң өнимдарлығын жоғалтыў, оларды зыянлаў, санаат шығындыларын нызамға қайшы түрде таслаў сыяқлы қылмыслар аўыр жынаят есапланады ҳәм олар ушын нызамшылықта қатаң жаза шаралары белгиленген.
Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң VIII бабы(65-96-статьялар)нда экология ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жаза шаралары көрсетилген. Мәселен, жерлерден ойсызларша пайдаланыў ямаса оларды жарамсыз ҳалға келтириў, суў, ҳаўа ҳәм қоршаған орталықты патаслаў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына зыян жеткериў ушын ҳәкимшилик жәриймалар ҳәм басқа да илажлар белгиленген.
Ҳуқықый тийкарлардан көринип турғанындай, тәбиятқа жеткерилген ҳәр бир зыян ушын жуўапкершилик сөзсиз. Бул болса мәмлекетимиз қоршаған орталықты қорғаў мәселесине үлкен әҳмийет қаратып атырғанын көрсетеди.
Сонлықтан, тәбиятқа абайлы мүнәсибетте болыў – тек ғана пуқаралық миннетимиз емес, ал нызам алдындағы жуўапкершилик болып табылады.
Алишер Аметов,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы