АЛДЫ-САТТЫ ШӘРТНАМАСЫ БОЙЫНША УЛЫЎМА ҚАҒЫЙДАЛАР
Алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ға мүлк етип тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасын (баҳасын) төлеў миннетлемесин алады.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси яки басқа нызамда нәзерде тутылған жағдайларда айырым түрдеги товарларды алып-сатыўдың өзине тән өзгешеликлери нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленеди.
Сатыўшы сатып алыўшыға алды-сатты шәртнамасында нәзерде тутылған товарды тапсырыўы шәрт. Сатыўшының товарды сатып алыўшыға тапсырыў миннетлемесин орынлаў мүддети алды-сатты шәртнамасында белгиленеди, егер шәртнама бул мүддетти анықлаў имканиятын бермесе, Пуқаралық кодексиниң 242-статьясында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық анықланады. Оған көре, егер миннетлемени орынлаў мүддети көрсетилмеген яки талап етип алыў пайыты менен белгилеп қойылған болса, кредитор ҳәр қашан орынлаўды талап етиўге, қарыздар болса орынлаўды ҳәр қашан әмелге асырыўға ҳақлы болады. Миннетлемени дәрҳал орынлаў ўазыйпасы нызам, шәртнама яки миннетлемениң мәнисинен анықланбаса, қарыздар бундай миннетлемени кредитор талап еткен күннен баслап жети күнлик мүддет ишинде орынлаўы шәрт.
Сатыўшы алды-сатты шәртнамасының шәртлерин бузып, сатып алыўшыға шәртнамада белгиленген муғдардан кем товар тапсырған болса, сатып алыўшы, егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, онда товардың жетиспей атырған муғдарын тапсырыўды талап етиўге, яки тапсырылған товардан ҳәм оның ҳақын төлеўден бас тартыўға, егер оның ҳақы төленген болса, төленген пул суммасын қайтарып бериўди талап етиўге ҳақылы.
Сатыўшы сатып алыўшыға сыпаты алды-сатты шәртнамасына сай келетуғын товарды тапсырыўы шәрт. Алды-сатты шәртнамасында товардың сыпаты туўрысындағы шәртлер көрсетилмегенде, сатыўшы сатып алыўшыға белгиленген мақсетлер ушын жарамлы болған товарды тапсырыўы шәрт.
Егер нызамшылық ҳүжжетлеринде яки алды-сатты шәртнамасында товардың сыпатын тексериў нәзерде тутылған болса, тексериў оларда белгиленген талапларға муўапық әмелге асырылыўы лазым. Мәмлекетлик стандартларында, стандартластырыў бойынша басқа норматив ҳүжжетлерде товардың сыпатын тексериўге мәжбүрий талаплар белгиленген жағдайда сыпат олардағы көрсетпелерге муўапық рәўиште тексерилиўи лазым. Егер шәртнамада товардың сыпатын бундай тәртипте тексериў шәртлери нәзерде тутылған болмаса, товардың сыпаты ис қатнасығы әдетлерине яки алды-сатты шәртнамасы бойынша тапсырылыўы лазым болған товарды тексериўдиң, әдетте қолланылатуғын басқа шәртлерине муўапық тексерилиўи лазым.
Сатып алыўшы өзине сатыўшы тәрепинен тапсырылған товарды қабыл етип алыўы шәрт, буннан товарды алмастырып бериўди талап етиў яки алды-сатты шәртнамасын орынлаўдан бас тартыўға ҳақлы болған жағдайлар тысқары.
Егер нызамшылық ҳүжжетлеринен яки алды-сатты шәртнамасының шәртлеринен товар баҳасын белгили бир мүддетте төлеў миннетлемеси келип шықпаса, сатып алыўшы оны сатыўшы өзине товарды яки усы товарды меңгериў ҳүжжетлерин бергенинен соң кешиктирместен төлеўи лазым. Егер алды-сатты шәртнамасында товар ҳақын бөлип-бөлип төлеў нәзерде тутылған болмаса, сатып алыўшы сатыўшыға тапсырылған товардың толық баҳасы муғдарында ҳақ төлеўи лазым.
Егер сатып алыўшы алды-сатты шәртнамасына муўапық тапсырылған товар ҳақын өз ўақтында төлемесе, сатыўшы товар ҳақын ҳәм өзгениң пул қаржысынан пайдаланғанлық ушын пайызлар төлеўди талап етиўге ҳақлы.
Гаўҳар ЗАРИПОВА,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы