СУД ҲҮЖЖЕТИ ОРЫНЛАЎЫ МЕНЕН ӘҲМИЙЕТЛИ

Мәжбүрий орынлаў бюросы Хөжели районы бөлиминде Нөкис районлараралық економикалық судының баслығы С.Ниязов ҳам усы судтың судьясы Г.Арзиеваның қатнасыўында тараў ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди. Онда баслы мәселе суд ҳүжжетлериниң орынланыўын жеделлестириў мәселелерине қаратылды.

 

 

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судының Президиумының арнаўлы қарарлары тийкарында ислеп шығылған Нөкис районлар аралық економикалық судының 2024-жыл 04-январь күнги ис режесиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис районлар аралық еконмикалық суды тәрепинен 2018-2023-жыллар ҳәм 2024-жылдың биринши ярымы даўамында Мәжбүрий орынлаў бюро органларына жиберилген орынлаў ҳүжжетлери үйренип шығылғанда бүгинги кунде Мәжбүрий орынлаў бюросы Хөжели районы бөлими ис жүритиўинде жәми 241.287.813,45 сумлық 60 дана орынлаў ҳүжжетлериның орынланбай атырылғанлығы мәлим болды. «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамында суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў бойынша нызамшылық тийкарлары анық көрсетип берилген. Атап айтқанда, усы нызамның 3-статясында орынлаў органлары ҳәм оның ўәкилликлери көрсетилген болып, оған бола суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы мәжбүрий орынлай бюросы органларының мәмлекетлик орынлаўшыларына жуклетиледи, олардың ўәкилликлери усы Нызам ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленеди.

 

 

Сондай-ақ, усы Нызамның 30-статясында мәжбүрий орынлаў мүддетлери көрсетилген. Судьялар тәрепинен әйне суд ҳүжжетлери орынларыныўын тәмийинлеўде жол қойылып атырған мүддет бузылыў жағдайлары ҳәм бунда ушырасып атырған машқалалар тараў қәнигелери менен биргеликте кең турде талқыланды. Алдағы ўақытлары бул бағдарда тығыз бирге ислесиў бойынша анық стратегиялық ўазыйпалар белгиленди.

КОРРУПЦИЯ: ОҒАН ҚАРСЫ ГҮРЕСИӮДЕ ҲУҚЫҚЫЙ ҲҮЖЖЕТЛЕРДИҢ ӘҲМИЙЕТИ

2022-2026-жылларға белгиленген «Жаӊа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясы»на муўапық мәмлекетимизде  әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдыӊ еӊ тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў әҳмийетли бағдарлардыӊ бири болып табылады.

 

Усы бағдарды әмелге асырыў мақсетинде  Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 11-сентябрь күни  «Өзбекстан -2030» стратегиясы ҳаққында»ғы Парманы имзаланды. Онда жәмийетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде еӊ алды менен коррупциялық иллетлерди сапластырыў системасыныӊ нәтийжелилигин асырыў, мәмлекетимизде   коррупцияға қарсы гүресиў жумысларын даўам еттириў лазымлығы атап өтилген.

 

Усы орында «коррупция» түсинигине тоқтап ѳтейик. Коррупция – шахстың өз лаўазымы яки хызметинен жеке мәплерин гөзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қарсы пайдаланыўы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қарсы усыныс етиў.

 

Айтып ѳтиӯ керек, кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының нызамшылық басламасы менен Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы   Нызамы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2016-жыл 24-ноябрьде қабыл етилди.

 

Нызам коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бирден-бир мәмлекет сиясатының мақсетли ҳәм системалы жолға қойылыўына ҳуқықый негиз жаратты.

 

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абат турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы жәнеде жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдардағы реформалардан тийкарғы мақсет елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

 

Зульфия БАБАДЖАНОВА,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

ҚАРЫЗДАР ӘКЕ 105 МИЛЛИОН СУМ АЛИМЕНТ ПУЛЫН ТӨЛЕДИ

 

Пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының  2017-жыл 30-июньдагғы орынлаў ҳүжжети тийкарында өндириўши А.С. ның пайдасына еки перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар К.Б.дан ҳәр айдағы жәми дәраматының 1/3 бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленди.

 

Бул ҳүжжет бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросының Әмиўдәрья районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетине кирисилди. Алимент пуллары өз ўақтында төлеп барылмағанлығы себепли оның қарыздарлығы 105 миллион сумнан асып кетти. Усы себепли, қарыздар әкеге ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирилип, топланған ҳүжжетлер судқа жиберилди. Қарыздардың атындағы 2019-жылы шығарылған “Nexia-3”  маркалы автомашина тийисли тәртипте  хатлаўға алынып, жәрийма майданына қойылды.

 

Усының нәтийжесинде қарыздар әке К.Б. жәми 105 миллион 240 мың сум алимент пулын төлеп берди.

 

СУД ҲҮЖЖЕТЛЕРИНИҢ ОРЫНЛАНЫЎЫН ЖЕДЕЛЛЕСТИРИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ТАЛҚЫЛАНДЫ

 

Нөкис районлараралық экономикалық судының баслығы  С.Ниязов тәрепинен Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлиминде тараў хызметкерлери менен ушырасыў өткерилди.

Онда тийкарынан Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларында қалдықта турған орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын жеделлестириў мәселелери талқыланды.

Атап өтилгениндей, 2024-жылдың биринши ярымы даўамында Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларына жиберилген орынлаў ҳүжжетлерин үйрениў барысында, бүгинги күнде бюроның Нөкис қалалық бөлими ис жүргизиўинде 397 орынлаў ҳүжжети  орынланбай атырғанлығы мәлим болды.

Өзбекстан Республикасының “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққындағы”ғы Нызамының 30-статьясына муўапық, орынлаў ҳәрекетлери ҳәм ҳүжжетиниң талаплары, олардың ықтыярый орынланыўы ушын белгиленген мүддет жуўмақланған күннен баслап еки ай ишинде мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен әмелге асырылыўы ҳәм орынланыўы кереклиги белгиленген. Жоқарыдағылар тийкарында, көп ўақытлардан берли орынланыўы тәмийинленбеген усы ҳүжжетлердиң орынланыўын бақлаўға алған ҳалда, тез күнлерде орынлаў илажларын көриў  кереклиги, келешекте орынлаў ҳүжжетлериниң Нызамда белгиленген мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў ҳәм әмелде жуўмақланған, бирақ электрон мағлыўматлар базасы арқалы нәтийжеси техникалық себеплерге байланыслы көринбей турған орынлаў ҳүжжетлери бойынша мәжбүрий орынлаў бюросының қарарларын почта яки басқа да байланыс тармақлары арқалы жибериў кереклиги атап өтилди.  Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими ис жүргизиўиндеги  397 орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша Нөкис районлараралық экономикалық суды менен бирге ислесиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Ушырасыўда  мәмлекетлик орынлаўшылар тараўда орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўдағы айырым мәселелер бойынша  өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

ИНСАН ҚӘДИРИ БАРЛЫҚ НӘРСЕДЕН ЖОҚАРЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти 2023-жыл 11-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми 78-сессиясында шығып сөйледи.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев өзиниң баянатында бирлик ҳәм әмелий бирге ислесиўди, улыўма мәплерди қарама қарсылықлардың жоқары қойған ҳалда мәмлекетлерди және де жақынластырыў зәрүрлигин айтып өтти.

– Биз өткен жылы улыўма қәўипсизлик ҳәм раўажланыўға қаратылған Самарқанд бирлик басламасын билдирдик, тийкарғы мақсетимиз мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың бүгинги күни ҳәм келешеги ушын жуўапкерликти ҳәр тәреплеме терең аңлаў, ашық ҳәм конструктив искерликке таяр барлық тәреплерди глобал байланысқа шақырыўдан ибәрат – деди Өзбекстан жетекшиси.

Сондай-ақ, Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми бас Секретары басламасы менен келеси жылда Келекшек саммити өткерилиўи халықаралық ҳәм аймақлық раўажланыўдың актуал машқалаларын шешиўге, Шөлкемниң тәсири ҳәм нәтийжелилигин асырыўға хызмет қылыўына исеним билдирди.

Мәмлекет басшысы кейинги жылларда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған ҳәм артқа қайтпас дәрежедеги кең көлемли реформаларға тоқталып, глобал ҳәм аймақлық күн тәртибиндеги ең актуал мәселелер шешимине қаратылған басламаларды билдирди.

Елемизде алып барылып атырған Конституциялық реформалар келешекте белгилеп бериўшы ең баслы жөнелислеримизден болып атыр. Себеби, Конституциямызда инсан ҳуқықларының ең жоқары орынға қойылғаны, мәмлекеттиң ўазыйпасы инсан ҳуқықларын тәмийнлеў, оны қорғаў етип белгиленгени қабыл етилген нызамларымыз ҳәм әмелге асырылып атырған ислерде өзиниң сәўлесин тапқан десек алжаспаймыз.

Себеби, мәмлекетимизде алып барылған халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған сиясат нәтийжесинде мәмлекетимизде 2017-жылдан берли камбағаллық еки есеге кемейды. 2030-жылға шекем оны 7 пайызға түсириў режелестирилген.

Биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми бас Секретары тәрепинен  алдыға сурылген «Ис орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаў глобал

акселератори” бойынша басламаны қоллап-қуўатлаймыз. Усы баслама тәжрийбе алмасыў ушын 2024-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми басшылығында “Социаллық қорғаў: турақлы раўажланыўға жол» пүткил дүнья конференциясын мәмлекетимизде өткерилиўин үсынаман» деди Өзбекстан басшысы.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти шығып сойлеўинде жыйналыс қатнасыўшыларының итибары мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў, мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетине толық шек қойыў бойынша ерисилген нәтийжелерге итибар қаратылды.

Откен әсир даўамында Өзбекстанда миллионлап инсанлар пахта теримине мәжбүрий қатнастырылып, ҳәр жылы жаз, гүз мәўсиминде оқыўшылар, оқытыўшылар студентлер, жумысшылар ҳәм барлық мекемелер хызметкерлери пахтаға жиберилип, нәтийжеде Өзбекстан пахтасына байкот жәрияланды, беккем ирада ҳәм мәмлекетимиздеги инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша алып барылған сиясат нәтийжесинде халықымыз «пахта қуллығыннан» ҳәм мәжбүрий мийнеттен азат етилди.

Президентимиз айтқанындай, инсан капиталын раўажландырыў ҳәм креатив жас аўладты тәрбиялаў – Өзбекстан өз алдына қойған стратегик ўәзыйпалардың бири болып есапланады.

Атап өтилгенлердиң ҳәммеси мәмлекетимизде инсан қәдирин асырыў, пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған иләжлар болып есапланады.

 

 

Жеткиншек ҚЫДЫРНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы судының баслығы  

ДАЎЫС БЕРИЎ ҲУҚЫҚЫ- НЫЗАМ МЕНЕН КЕПИЛЛЕНЕДИ

Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе болып табылады. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өз ерк-ықрары теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленеди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына сайлаў тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда — октябрь айы үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи, Конституцияда нәзерде тутылған мүддетлерден алдын сайлаў өткериў жағдайлары буннан тысқары. Сайлаўлар улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымлары депутатларының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар сайланғанынан соң бир ай ишинде олар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен сайланады.

 

Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып турған шахслар сайланыўы мүмкин емес.

 

Суд тәрепинен мәмилеге уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкимине көре еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан тек ғана нызамға муўапық ҳәм де судтың шешими тийкарында айрылыўы мүмкин. Басқа ҳәр қандай жағдайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тиккелей ямаса жанапай шеклеўге жол қойылмайды.

 

Өзбекстан Республикасы пуқарасы бир ўақыттың өзинде екеўден артық мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымының депутаты болыўы мүмкин емес.

 

Сайлаў өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаўларды, сондай-ақ Өзбекстан Республикасының референдумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен жумысының тийкарғы принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, ашықлық ҳәм әдилликтен ибарат болған Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы дүзиледи.

 

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў комиссиялары системасына басшылық етеди, өзиниң жумысын турақлы түрде әмелге асырады ҳәм де өзиниң хызметинде Өзбекстан Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына әмел етеди.

 

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслериниң усынысы бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты тәрепинен сайланады.

 

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық комиссия ағзалары арасынан бес жыллық мүддетке комиссия мәжилисинде сайланады. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы етип сайланыўы мүмкин емес.

 

Жанат АЙМАҒАНБЕТОВА,
Қарақалпақстан Республикасы судының судясы

ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫНДА КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ ӨТКЕРИЛДИ

 

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Керимбаев тәрепинен Қараөзек районында көшпели қабыллаў өткерилди. Онда пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мурәжатлары тыңланды.

 

 

Қабыллаўда пуқаралар жынаят, пуқаралық ҳәм ҳәкимшилик ислери бойынша өз мәселелери менен мүрәжатларын билдирди. Сондай-ақ, қабыллаў барысында пробация есабында жаза өтеп атырған 2 шахстың жазадан мүддетинен алдын шәртли азат етиў бойынша мүрәжаты қабылланып, усы жердиң өзинде жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Р.Каукышев тәрепинен ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди. Нәтийжеде Қараөзек районы ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлик хызмети пробация топары есабында турып жаза мүддетин өтеп атырған 2 шахстың жаза өтеў дәўиринде ислеген жынаятынан шын кеўилден пушайман болып, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғанлығы есапқа алынып, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статясына тийкар жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилип, мүрәжатлары қанаатландырылды.

 

 

ЖƏМИЙЕТТЕ ЖҮРИС-ТУРЫС ҚАҒЫЙДАЛАРЫН БУЗҒАН ШАХСЛАРҒА ҲӘКИМШИЛИК ҚАМАҚ ЖАЗАСЫ ТАЙЫНЛАНДЫ

 

Ҳəр бир инсан – жəмийетлик орынларда артықша ҳəрекетлерди ислеўден, орынсыз сɵзлерди сɵйлеўден сақланыўы, сондай-ақ, əдеп-икрамлылық нормаларына қатаң бойсыныўы зəрүр. Өйткени, жəмийетлик тəртипти орнатыўда – пуқаралар бир-бири менен мəдениятты сақлаған ҳалда мүнəсибет орнатыўы, адамлардың тынышын бузатуғын яки болмаса урыс-жəнжелге себеп болатуғын ис-ҳəрекетлерди ислеўден тыйылыўы – бул оғада айрықша əҳмийетке ийе есапланады.

 

Сол тийкарда, жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды тəрепинен, Шымбай районы “Гүжимли” мәкан пуқаралар жыйыны имаратында Өзбекстан Республикасы Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 183-статьясында көрсетилген яғный, жəмийетте жүрис-турыс қағыйдаларын бузған шахслардың қарсысына топланған ҳəкимшилик ислери көрип шығылды.

 

Оған бола ҳуқықбузарлар А.Б, Б.Г, Ж.С ҳəм К.Джлар  спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында жәмийетлик орында, көшеде ҳәр қыйлы жаман сөзлерди айтып қоңсыларының үйиниң қасында шаўқым шығарып, олардың тынышлығын бузып, жәмийетте орнатылған жүрис-турыс қағыйдаларын менсинбестен, жәмийетлик тәртипти биле тура қастан бузған.

 

Суд истеги дәлийллерди үйренип, ҳуқықбузарларға 5 суткадан 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасын тайынлады.

ИСБИЛЕРМЕНЛИК ИСКЕРЛИГИ ЕРКИНЛИГИНИҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ ҲӘМДЕ ОЛАРҒА ЖАРАТЫЛҒАН ЖЕҢИЛЛИКЛЕР

Исбилерменлик искерлиги (Исбилерменлик) – Исбилерменлик искерлиги субектлери тәрепинен нызамшылыққа муўапық әмелге асырылатуғын, өзи тәўекел етип ҳәм өз мүлкий жуўапкершилиги тийкарында дәрамат (пайда) алыўға қаратылған белсенди искерлиги есапланады.
Бүгинги күнде Республикамызда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында көплеген ислер әмелге асырылмақта.
Исбилерменлик искерлигиниң Мәмлекет тәрепинен қорғалыў кепиллигиниң бир дереги сыпатында Өзбестан Республикасының Конституциясын атап өтиў орынлы.
Себеби, Конституцияның 67-статьясында, мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлейтуғынлығы, Исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай искерликти әмелге асырыўға ҳәм оның бағдарларын ғәрезсиз түрде таңлаўға ҳақылы екенлиги, Өзбекстан Республикасы аймағында економикалық кеңислик бирлиги, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық қәрежетлердиң еркин ҳәрекетлениўи кепилленгенлиги, Монополиялық искерлик нызам менен тәртипке салынатуғынлығы ҳәм шекленетуғынлығы белгиленген.
Исбилерменлик искерлигиниң Мәмлекет тәрепинен қорғалыў кепиллигиниң және бир дереги сыпатында Өзбекстан Республикасының «Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамды келтириўимиз мүмкин.
Себеби, бул Нызамның тийкарғы ўазыйпалары пуқаралардың исбилерменлик искерлигинде еркин қатнасыўы ҳәм оннан мәпдар болыўы ушын кепилликлер ҳәмде шараятлар жаратыўдан, олардың исшеңлигин асырыўдан, сондай-ақ исбилерменлик искерлиги субектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдан ибарат.
Соның менен бирге, економикалық судларға даўа арза (арза) менен мүрәжат етиўде исбилерменлерге жаратылған жеңиллик ҳаққында айтып өтиў лазым.
Яғный, Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамы менен киши исбилерменлик субектлери тәрепинен економикалық судларға даўа арза (арза) менен мүрәжат еткенде төлениўи лазым болган мәмлекетлик бажы муғдарының 50 пайызын төлейтуғынлығы белгиленген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат Палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары, прокуратура органлары, әдиллик органлары, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкиллерге исбилерменлик субектлериниң мәпин қорғап економикалық судларға киритилген даўа арзалар бойынша алдын-ала мәмлекетлик бажы төленбестен киритиў ҳуқықы берилген.
Економикалық судларда ис жүритиўде жаратылған қолайлықлар ҳаққында айтып өтетуғын болсақ, олардан бири бул економикалық судларға даўа арза (арза) менен електрон мәлимлеме системасы арқалы електрон формада мүрәжат етиў тәртиби еңгизилген. Бунда, даўагер өз үйинде яки жумыс орнынан шықпаған ҳалда електрон мәлимлеме системасы арқалы електрон формада туўрыдан-туўры тийисли судқа даўа арзасын жоллаў мүмкиншилиги жаратылды.
Соның менен бирге, економикалық судлар тәрепинен исте қатнасыўшы шахсларды суд мәжилисиниң өткерилетуғын ўақты ҳәм орны ҳаққында СМС хабарландырыў арқалы хабардар етиў мүмкиншилиги де жаратылды.
Буннан тысқары, судларда, исте қатнасыўшы шахсларға суд мәжилисинде видеоконференц байланыс режими аркалы суд мәжилислеринде қатнасыў мүмкиншилиги жаратылды. Бул дегени исте қатнасыўшы шахслар басқа алыс аймақларда жайласқан судларда өткерилетуғын суд мәжилисинде өз аймақларынан шықпаған ҳалда видеоконференц байланыс арқалы қатнасыўға ҳақылы. Ол өз нәўбетинде шахслардың ўақты ҳәмде артықша қәрежетлериниң тежелиўине алып келеди.
Жуўмақластырып айтқанда, Исбилерменлик искерлигининг мүлкий тийкарлары, Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң конституциялық кепилликлери, мәмлекетлик органлар ҳәм басқа органлардиң қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының хәрекетлери (хәрекетсизлиги) үстинен шағым қылыў мүмкинлиги, Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершиликтиң белгиленгенлиги мәмлекетимизде исбилерменлик искерлиги еркинлиги нызам менен кепилленгенлигин аңлатады.
Уткиржон САБИРОВ,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы    

СИЗ СОРАҒАН ЕДИҢИЗ

Сораў: Қандай жағдайларда төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арзаны қанаатландырмастан қалдырыў мүмкин?

 

Жуўап: Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының 55-статьясында судтың қарыздарды банкрот деп табыўды қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққындағы қарары қандай жағдайларда қабыл қылынатуғынлығы белгиленген болып, оған көре:

-төлеўге қәбилетсизлик белгилери анықланбағанда;

-суд төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ис бойынша қарар қабыл қылғанға шекем кредиторлардың билдирилген талаплары қанаатландырылғанда;

-қәлбеки төлеўге қәбилетсизлик анықланғанда.

 

Судтың қарыздарды банкрот деп табыўды қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққындағы қарары усы Нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайларда ҳәм қабыл қылыныўы мүмкин.

Қарыздарда жетерли көлемде ликвидли мал-мүлк барлығын билдириўши дәлийллер бар болған жағдайда суд қарыздардың илтимаснамасына көре төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы исти көриўди кейинге қалдырыўға, қарыздарға кредиторлардың талапларын суд тәрепинен белгиленген мүддетте қанаатландырыўды усыныс етиўге ҳақылы, бул мүддет отыз күннен аспаўы керек.

Соның менен бирге, усы Нызамның 56-статьясында қарыздардың төлеўге қәбилетсизлиги ҳаққында ис қозғаўды қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында қарар қабыл қылыўдың әқыбетлери белгиленген болып, оған бола, суд тәрепинен қарыздардың төлеўге қәбилетсизлиги ҳаққында ис қозғаўды қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында қарар қабыл қылыныўы қарыздардың төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ис қозғаў ҳаққындағы арза қабыл қылынғанлығы ҳәм (яки) гүзетиў тәртиби еңгизилгенлиги әқыбети болған бәрше шеклеўлердиң әмел қылыўын тамамлаў ушын тийкар болады.

 

Уткиржон САБИРОВ,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

Skip to content