“Пара бериўши болмаса, Пара алыўшы да болмайды”

Коррупция жәмийет раўажланыўы жолында ең тийкарғы тосықлардан бири есапланады. Әлбетте, Коррупцияға қарсы гүрес сиясаты жәмийет сиясий турмысының ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып, оған қарсы гүрес нызамшылықты жетилистириўден баслап пуқараларды тәрбиялаўға шекем болған басқышларда алып барылыўы зәрүр.

Коррупцияның ең биринши басқышы пара бериў болып, бул лаўазымлы шахсты нызамсыз жол менен байыўына қызықтырыўға ҳәм хызмет миннетлемеси менен байланыслы болған қандай да белгили бир ҳәрекетлерди орынлаўда оны өзине аўдырып алыўға имкан жаратады. Парахорлық жынаяты өзине тән қәсийетке ийе болып, бул болса бир шахс тәрепинен сәдир етилиўи мүмкин емес. Парахорлық кеминде еки шахстың пара бериўши ҳәм пара алыўшының тиккелей байланыслылығы тийкарында жүзеге келеди. Соның менен бирге, айырым жағдайларда парахорлық жынаяты жүз бериўинде дәлдәлшылар да айрықша орын тутады.

Солай етип, парахорлық басқарыў органлары хызмети тәртибине қарсы қаратылған үш бийғәрез лаўазым жынаятлары – пара алыў, пара бериў ҳәм пара алыс-беристе дәлдәлшылықты өз ишине алады.

Өзбекистан ғәрезсизлиги жәрияланыўы менен суд-ҳуқық системасын реформалаў барысында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды. Дүзилип атырған демократиялық ҳуқықый мәмлекетимиздиң әҳмийетли принциплеринен бири сыпатында нызам үстинлиги тәмийинленди. Сол ушын да, суд-ҳуқық системасын басқышпа-басқыш реформалаў барысында избе-излик пенен алып барылып атырған мәмлекет сиясаты социал-экономикалық жағдайына зыян келтириўши апат сыпатында ен жайылып атырған коррупцияның ҳәр қандай көринисиндеги қәўипке қарсы гүрести күшейттириў әҳмийетли ўазыйпаға айланды.

Мәмлекетте халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жетилистириў, жәмийетте коррупцияға қарата кескин қарсылық мүнәсибетин қәлиплестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыў барысында кең көлемли ислер әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Ш.М.Мирзиёев тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилип, коррупцияға қарсы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыў, коррупцияға қарсы ҳуқықбузарлықларды сәдир еткенлик ушын жуўапкершиликтиң айқынлығын тәмийинлеў тараўында әмелге асырылып атырған ислерди жаңа басқышқа көтерди.

Атап айтқанда, 2017-жыл 3-январь күни “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекистан Республикасы Нызамы ҳәм 2017-жыл 2-февраль күни “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының қағыйдаларын әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-2752-санлы Қарары қабыл етилди. Сондай-ақ, арнаўлы Қарар менен 2017-2018-жылларға мөлжелленген коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика мәкемелераралық комиссиясы дүзилди.

Сондай-ақ, аймақларда суд, ҳуқық қорғаў ҳәм бақлаў тексериў органларында коррупцияға қарсы гүресиў мақсетинде пуқаралар менен орынларда өткизилген көшпели қабыллаўлары нәтийжеси бойынша Өзбекистан Республикасы Бас министри, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик мәсләҳәтшиси ҳәм Есап палатасы баслығы орынбасары тәрепинен тастыйықланған жыйналыс Баяннамаларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекистан Республикасы Олий суды ҳәм Судьялар жоқары кеңеси баслықлары тәрепинен 2017-жыл 30-сентябрьде қабыл етилген “Суд органларында коррупцияға тән ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, сондай-ақ оларға имкан бериўши себеп ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыўға қаратылған ис-иләжлар ҳаққында”ғы қоспа қарары ҳәм де “Судьялар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, судьялық анты, әдеп-икрамлылығына әмел етилиўин тәмийинлеў, лаўазымынан пайдаланыў, парахорлық ҳәм басқа нызамсыз ис-ҳәрекетлердиң сәдир етилиў жағдайларының алдын алыў ҳәм де шек қойыў, халық пенен ашық пикирлесиў, судлардың ашық-айқынлығын тәмийинлеў” жүзесинен комплекс ис-иләжлар дәстүри қабыл етилди.

Бул арнаўлы ҳүжжетлер Өзбекистанның халықаралық майдандағы абырайын және де көтерилиўине хызмет етиўи менен бирге, коррупцияның алдын алыўға ҳәм халықтың ертеңги күнге болған исенимин беккемлеўге үлкен үлесин қосады.

Соның менен бирге, суд, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм бақлаў органлары системаларында коррупцион ҳәрекетлер ҳәзирге шекем даўам етип келинип атырғанлығы, мәмлекетлик мекемелердиң бир қатар басшылары тәрепинен ийелеп турған лаўазымы есабынан нызамсыз байлық арттырыўға умтылыўы киби унамсыз жағдайлар сақланып келинип атырғанлығы мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине айтарлықтай зыянын тийгизбекте.

Биз өз гезегинде бундай зыянлы ис-ҳәрекетлерден, бир сөз бенен айтқанда жынайый ис ҳәрекетлерди ислеўден өзлеримизди ҳәм де перзентлеримизди ҳәр тәреплеме сақлаўымыз тийис, жасларымыздың сана-сезими ҳуқықый жақтан бундай пәс болып жетилисиўиниң алдын алыўымыз кереклигин ҳеш ўақытта ядымыздан шығармаўымыз керек.

Буның ушын ең дәслеп өзимиздиң ҳуқықый билимимизди асырып, нызамларға ҳүрмет пенен қараўды үйрениўимиз шәрт.

 

Д.Разов

Жынаят ислери бойынша Қоӊырат

районы судыныӊ баслығы  

Жаңа өмирге және бир имканият есиги ашылды

Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы судында  Қоңырат районы аймағындағы 27-санлы мәнзил колониясында еркинен+ айырыў жазаларын өтеп атырған шахслардың еркинен айырыў жазасының өтелмеген бөлегин жеңиллеў жазаға алмастырыў ҳәм шәртли азат етиў ҳаққында колония администрациясы тәрепинен киритилген усынысы көрип шығылды.

Суд мәжилисинде колония ўәкили Н.Сейтмуратов маҳкумлердиң жазаларын өтеў дәўиринде ишки тәртип қағыйдаларын бузбағанлықларын, жазаларын өтеў дәўиринде өзлерине бириктирилген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм булжытпастан орынлағанлықларын, сондай-ақ дүзетиў иси жазасына алмастырыў ушын зәрүрли болған жазасының нызамда белгиленген мүддетлерин өтеп болғанлықлары ушын келтирилген усынысты қанаатландырыўды сорады.

Өз гезегинде маҳкумлер суд мәжилисинде ислеген қылмысларынан пушайман екенликлерин, енди бундай ислерге қол урмайтуғынлықларын, және бир мәрте имканият берилсе өз шаңарақлары ҳәм жәмийет ушын пайдалы мийнет пенен шуғылланатуғынлықларын билдирди.

Суд, келтирилген усынысты үйренип шығып, прокурордың ҳәм колония ўәкилиниң пикирлерин итибарға алып, бир маҳкумге қарата Өзбекстан Республикасы ЖКниң 73-статьясына тийкар еркинен айырыў жазасының өтелмеген бөлегинен шәртли азат етилди, қалған маҳкумлердиң өтелмеген жазалары ЖКниң 74-статьясына тийкар дүзетиў иси жазасына алмастырылды.

 

Ерполат Бердиев,
Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды судьясы

Хожели районы “Таскɵпир” МПЖ имәратында кɵшпели суд мǝжилиси ɵткерилди

Нызамшылықтағы жаңа институт жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў  

Жарасқанлық мүнәсибети менен жазадан азат етиў әмелияты 2001-жылда жынаят кодексине 661-статья сыпатында киргизилген еди. Бул институт әмелиятта өзин ақлады ҳәм бүгинги күнде ҳәм нәтийжели пайдаланылып келинбекте. Жарасқанлық институты енгизилгенлиги себепли жүдә көп пуқаралар жынайы жуўапкершиликтен азат етилди ҳәм азат етилмекте. Соның менен бирге билип-билмей жынаят ислеген пуқаралар нызамшылықта бул имканияттан ақылға уғрас пайдаланып, ислеген қылмысынан пушайман болып, өз-ара жарасып, дурыс жуўмақлар шығарып атыр.

Суд статистикасы мағлыўматлары ҳәм де жарасыў ҳаққындағы ислер бойынша суд әмелиятын үйрениў нәтийжелери соны көрсетеди, жынаят нызамшылығына усы институттың киргизилиўи жынайы ҳуқықый мүнәсибетлерди еркинлестириўди әмелге асырыўда қурал болды. Усы институт жәбирлениўшилердиң ҳуқықларын исенимли қорғаў, республикада судланғанлық жағдайын кемейттириў, жынайы жуўапкершиликтен азат етиў институтының кеңирек қолланылыўына имканият жаратады.

Жарасыў институты жынайы жуўапкершиликтен азат етиў түри сыпатында шахстың айпкерлиги мәселесин шешпей турып жынаят ислерин тамамлаў  ушын тийкар болады. Сынаўдан унамлы тәреплер менен өткен бул әмелият ендиликте ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ислерге де қолланылып атыр.

2021-жылдың 30-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилис Сенатының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм де Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамы мақулланды.

«Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы 720-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы  2021-жыл 4-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылды. Усы нызамға тийкарланып Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси  212-статья менен толықтырылды. Бул статья жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў деп аталады. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте аты аталған жәми 12 статья жарасыў институтына түсетуғынлығы көрсетилген.

Мәселен, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстың    40-статьясы (жала жабыў), 41-статьясында (ақыретлеў), 45-статьясында (пуқаралардың жасаў орны қол қатылмаслығын бузыў), 46-статьясында (пуқараға руўҳый яки материаллық зыян жеткериў мүмкин болған мағлыўматларды әшкара етиў),  461– статьясында (жеке өмир қол қатылмаслығын бузыў), 52-статьясында (жеңил дене жарақатын жеткериў), ҳәм соған уқсас ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды исленген шахс, егер ол өз айбына ықрар болса, жәбирлениўши менен жарасса ҳәм жеткерилген зыянды сапластырса, ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин. Алдын тәреплер жарасқан, өз-ара келискен, зыянлар қапланып, ортада бир-биреўине келиспеўшиликлер қалмаған жағдайларда ҳәм суд ҳәкимшилик жазаға тартыўға мәжбүр еди.

 

 

Султанмурат Давлетмуратов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша шығарылған қарар үстинен шағым етиў тәртиби ҳәм мүддетлери

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында кодексиниң 315-статьясына муўапық, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарар үстинен жоқары турыўшы органға (лаўазымлы шахсқа) яки жынаят ислери бойынша район (қала) судына, яки жынаят ислери бойынша район (қала) судының қарары үстинен болса апелляция инстанциясы судына шағым берилиўи мүмкин.

Экономикалық судтың қарары үстинен Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексинде белгиленген тәртипте, пуқаралық ислери бойынша судтың қарары үстинен Өзбекстан Республикасы пуқаралық процессуал кодексинде белгиленген тәртипте шағым берилиўи  мүмкин. Шағым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарар қабыл қылған орган арқалы яки тиккелей шағым жолланып атырған судқа бериледи.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарар шығарған орган (лаўазымлы шахс) шағымды алғанан соң оны үш күн ишинде ис пенен бирге шағымды көрип шығыў ҳуқықына ийе болған органға (лаўазымлы шахсқа) жибереди.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳақкындағы ис бойынша қарар бойынша шағым берген шахс мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.

Усы кодекстиң 316-статьясына муўапық, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша шығарылған қарар үстинен усы қарардың нусхасы алынған күннен баслап он күн ишинде, судтың қарары үстинен жигирма күн ишинде шағым берилиўи мүмкин,

Белгиленген мүддетлер кеширимли себеплер (наўқаслық, хызмет сапарына яки шет елге кеткенлик ҳ.т.б себеплер) менен өткерилип жиберилген жағдайда шағымды көрип шығыўға ўәкилликли орган (лаўазымлы шахс) тәрепинен қайта тиклениўи мүмкин.

Яғный, қарар үстинен шағым бериў мүддети өткерип жиберилген жағдайда, шағым бериўши тәрепинен мүддеттиң өткерип жибериў себеплери көрсетилип, тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин қосқан ҳалда илтимаснама берилиўи тийис.

 

Даўлетияр Сражатдинов,

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы  

Бирге ислесиў ҳәм мағлыўмат алмасыўдың жаңаша көриниси

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында оқыў-семинар өткерилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы Л.Утегенова, Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының баслығы Ш.Шамамбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде мәмлекетлик уйымлардың өз-ара тығыз бирге ислесиўин тәмийинлеў, олардың электрон тәризинде онлайн ўақыт режиминде мағлыўмат алмасыў базаларын жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 8-июльдеги «Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди жүргизиўдиң электрон системасын енгизиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, жумысларды бирден-бир электрон ис жүргизиў системасы арқалы алып барыў енгизилди.

Семинар даўамында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ис ҳүжжетлерин электрон тәризде рәсмийлестириў ҳәм оларды ўәкилликке ийе болған мәмлекетлик уйымларға электрон тәризде жибериў, ҳуқықбузарлықты ислеген шахс, жәбирлениўши, гүўа ҳәм қалыслар туўралы мағлыўматларды топлаў, сақлаў ҳәм таллаў, ўәкилликли уйымлар арасында мәкемелераралық мағлыўмат алмасыўдың бирден-бир орайласқан электрон системасын жүргизиў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди ўәкилликли уйымлар тәрепинен өз орнында планшет ҳәм компьютер жәрдеминде рәсмийлестириў, сондай-ақ, ҳәкимшилик баянлама толтырыў ҳәм жаза қолланыў ҳаққындағы қарарды электрон тәризде рәсмийлестириў тәртип-қағыйдалары бойынша түсиниклер берилди.

Семинар даўамында алдағы ўақытлары да ашық-айдынлық ҳәм жедел әмелге асырыўға тийкарланған бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

2022-жыл 8-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары тәрепинен көшпели қабыллаў өткериледи.

Қабыллаўда Нөкис, Хожели, Тақыятас, Кегейли районлары ҳәм Нөкис қаласы пуқараларының суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары тыңланады.

Қабыллаў өткерилетуғын орын: Нөкис районындағы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби имараты.

Қабыллаў ўақты: 8-июнь, саат 10:00 ден 13:00 ге шекем

 

Өзбекстанда неке жасы неше жастан белгиленген?

 

Ҳәзирги күнде, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 15-статьясына көре, неке жасы ерлер ҳәм ҳаяллар ушын 18 жас етип белгиленген.

Кодекстиң алдыңғы, 2019-жыл 28-августке шекем әмелде болған редакциясында бул норма басқашарақ яғный, неке жасы ерлер ушын 18 жас, ҳаяллар ушын 17 жас деп белгиленген еди.

Ҳәммемизге белги, соңғы жылларда мәмлекетимизде Конституцияда беккемленген ҳалықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйдалары үстинлиги принципин турмысқа енгизиў бағдарында рефомалар күшейттирилмекте.

 

Яғный, биздеги алдынғы норма БМШниң 1989-жыл 20-ноябрьдеги “Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы Конвенциясының 1-статьясында белгиленген “18 жасқа жетпеген ҳәр қандай инсән заты бала есапланады” деген  ҳалықаралық ҳуқық қағыйдасына қайшы келер еди. Ал, Өзбекстан бул халықаралық Конвенцияға 1992-жылда қосылған.

 

Соның менен бирге алдынғы норма Өзбекстан Республикасы “Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамында белгиленген бала – “бул он сегиз жасқа толығанға, (ер жеткенге) шекем болған шахс” деп белгиленген түсиникке де қайшы келер еди.

 

Соннан келип шыққан ҳалда бүгинги күнде Шаңарақ кодексиниң неке жасына байланыслы нормасы ҳалықаралық ҳуқыққа муўапықластырылып, бул саладағы миллий  нызамышылық пенен унификацияланды.

 

Нызамшылықтағы бул өзгерислер келешек аналары болған ҳаял-қызларымыздың еркинлигин тәмийинлеўде оғада үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

 

Еркин Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы           

Неке шәртнамасы шаңарақ беккемлигиниң тийкары

Шаңарақ – жәмийет тийкары. Шаңарақ турмысының ҳәмме мәселелери –ерли зайыплылар тәрепинен өз-ара разылық тийкарында биргеликте шешиледи. Шаңарақты қоллап-қуўатлаў ҳәм бала мәплерин қорғаўға қаратылған конституциялық нормалардың әмелге асырылыўы бир қатар нызам ҳәм нызамасты ҳүжжетлеринде өз сәўлелениўин тапқан.

 


Өзбекстан Республикасында Шаңарақ ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң ўазыйпалары шаңарақты беккемлеўден, шаңарақ мүнәсебетлерин өз-ара муҳаббат, исеним ҳәм ҳүрмет, бирлик, бир-бирине жәрдем бериў ҳәмде шаңарақ алдында оның бәрше ағзаларының жуўапкершилиги сезими тийкарында қурыўдан, кимниңдур шаңарақ мәселелерине өзбасымшалық пенен араласыўына жол қоймаслықтан, шаңарақ ағзалары өз ҳуқықларын тосқынлықсыз әмелге асырыўын ҳәмде бул ҳуқықлардың қорғалыўын тәмийинлеўден ибарат.

 

Тиллекке қарсы ҳәзирги күнде пуқаралық ислери бойынша судларда көрилип атырған ислердиң басым көпшилигин ерли-зайплылардың некеден ажырасыў ҳаққындағы ислер қурамақта. Ҳәммемизге белгили шаңарақ мүнәсебетлеринен келип шығатуғын даўлар дерлик барлық жағдайда да бири-биринен келип шығатуғын басқада даўлар менен байланысып кетеди. Яғный, ажырасқан жағдайда ерли зайыплылар ортасындағы улыўма мүлклерди бөлиў, ҳәр бириниң шахсый мүлклерин яки балалардың мүлклерин алып бериў, ортада перзентлердиң кимниң тәрбиясында қалыўы мәселеси, ерли-зайыплылардың өз-ара ҳәм балалар ушын тәмийинат өндириў мәселелери ҳ.т.б.

 

Усындай шаңарақ мүнәсебетлеринен келип шығатуғын ҳәм көпшилик жағдайларда тек ғана суд арқалы шешилетуғын тартыслардың бир бул ерли-зайыплардың ортасындағы мүлкий даўлар болып табылады.

 

Пуқараларымыз арасында бул саладағы мүнәсебетлерди тәртиплестириўде нызамшылықта белгиленген ҳуқықый механизмлерден туўры пайдаланылмастан, өзи боларлыққа салыў еледе даўам етпекте.

 

Мәселен, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 6-бабы «Ерли-зайыплылардың мал-мүлкиниң шәртнамалық тәртиби» деб аталып, бунда ерли-зайплылыр ортасында неке шәртнамасын дүзиў тәртип-қағыйдалары белгилеп берилген.

 

Яғный, некелениўши шахслардың яки ер ҳәм ҳаялдың некеде болған дәўирде ҳәм (яки) ер ҳәм ҳаял некеден ажырасқан жағдайда олардың мүлкий ҳуқық ҳәмде мәжбүриятларын белгилеўши келисими неке шәртнамасы деп есапланады.

 

Неке шәртнамасы неке мәмлекетлик дизимге алынғанға шекем де, сондай-ақ неке дәўиринде де дүзилиўи мүмкин. Неке мәмлекетлик дизимге алынғанға шекем дүзилген неке шәртнамасы неке мәмлекетлик дизмиге алынған күннен баслап күшке киреди.

 

Неке шәртнамасы жазба түрде дүзиледи ҳәм нотариал тәртипте тастыйқланыўы лазым. Ерли-зайыплы неке шәртнамасына көре биргеликтеги улыўмалық мүлктиң нызамда белгиленген (усы Кодекстиң 23-ст.) тәртибин өзгертириўге, ер ҳәм ҳаялдың бәрше мал-мүлкине, оның айырым түрлерине ямаса ер ҳәм ҳаялдан ҳәр бириниң мал-мүлкине қарата биргеликтеги, үлесли яки өз алдына ийелик қылыў тәртибин орнатыўға ҳақылы.

 

Неке шәртнамасы ер ҳәм ҳаялдың бар болған мал-мүлкине қарата да, келешектеги мал-мүлкине қарата да дүзилиўи мүмкин.

 

Ер ҳәм ҳаял неке шәртнамасында өзара материаллық тәмийинат бериў, шаңарақ қәрежетлерин көтериў, бир-бириниң дәраматында қатнасыў, басқа шахслар менен мүлкий шәртнамалар дүзиў, биргеликте исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыў бойынша өз ҳуқық ҳәм мәжбүриятларын белгилеп алыўға, некеден ажыралғанда ер ҳәм ҳаялдан ҳәр бирине берилетуғын мүлкти анықлап алыўға, сондай-ақ неке шәртнамасына ер ҳәм ҳаялдың мүлкий мүнәсебетлерине тийисли басқа қағыйдалар киритиўге ҳақылы.

 

Неке шәртнамасында нәзерде тутылған ҳуқық ҳәм мәжбүриятлар белгили мүддет пенен шеклениўи яки белгили жағдайлардың жүзега келиўи ямаса келмеслигине байланыслы қылып қойылыўы мүмкин.

 

Неке шәртнамасы ерли-зайыплының ҳуқық уқыплылығы яки ҳәрекет уқыплылығы, олардың өз ҳуқықларын қорғаў ушын судқа мүрәжат қылыў ҳуқықларын шеклеўди, ерли-зайыплы ортасындағы жеке мүлкий емес мүнәсебетлерди, ерли-зайыплының балаларға қарата болған ҳуқық ҳәм мәжбүриятларын тәртипке салыўды, мийнетке жарамсыз тәмийинат алыўға мүтәж ер яки ҳаялдың ҳуқықын шеклеўши қағыйдаларды, ер ҳәм ҳаялдан бирин өте қолайсыз жағдайға салып қойыўшы ямаса шаңарақ ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң нормаларына қайшы келиўши басқа шәртлерди нәзерде тута алмайды.

 

Неке шәртнамасын орынлаўдан бир тәреплеме бас тартыўға жол қойылмайды. Неке шәртнамасы ерли-зайыплының бириниң талабы менен Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде белгиленген тийкарларда ҳәм тәртиплерде судтың қарары менен өзгертилиўи ямаса бийкар етилиўи мүмкин.

 

Неке мүнәсебетлери тамамланған ўақыттан баслап неке шәртнамасының әмел етиўи де тамамланады. Неке шәртнамасында неке тамамланғаннан кейинги ўақыт ушын нәзерде тутылған мәжбүриятлар бул жағдайлардан тысқары.

 

Неке шәртнамасы төмендеги жағдайларда ҳақыйқый емес деп табылады. Неке шәртнамасы суд тәрепинен Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде нәзерде тутылған тийкарлар бойынша толық ямаса қысман ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Неке шәртнамасы ерли-зайыплының нызам менен белгиленген ҳуқықы ҳәм еркинликлерин бузса суд ерли-зайыплының бириниң талабына тийкар неке шәртнамсын толық ямаса қысман ҳақыйқый емес деп табыўы мүмкин. Ерли-зайыплылар нызамда жол қойылатуғын барлық мүлкий шәртнамалық мүнәсебетлерге өз-ара кирисиўге ҳақылы, ерли-зайыплының орталарында дүзилген, олардың бириниң ҳуқықларын шеклеўге қаратылған келисимлер ҳақыйқый деп есапланбайды.

 

Жуўмақалап айтқанда ерли-зайыплылар ортасында неке шәртнамасының дүзилиўи, олардың өз-ара ҳәм шаңарақтың басқа ағзалары (ерли-зайыптың ата-аналары)ның ортасында келешекте жүзеге келиўи мүмкин болған көплеген тартыслардың, өз ҳуқық ҳәм миннетлемелериниң әмелге асыўын талап етиў бойынша әўерегершиликлердиң алдын алған болар еди деп қаламыз.

 

Еркин Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы           

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы судының кадрлар резервине таңлаў жәрияланады.

 

Таңлаўда жоқары юридикалық мағлыўматқа, қәнийгелиги бойынша 2 жыллық үзликсиз мийнет стажына, соннан район (қала), районлараралық судларда 1 жыллық мийнет стажына ийе болған Ɵзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

 

Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2022-жыл 03-июнь күни саат 16:00 ге шекем Қарақалпақстан Республикасы судына арза менен тɵмендеги ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда мүрәжаат етиўи мүмкин:

 

– талабанның объективкасы ҳәм жақын туўысқанлары ҳаққында мағлыўматнама;

 

– дипломның нусқасы (сырт елде оқығанлығы ҳаққындағы дипломға, диплом тән алынғанлығы ҳәм нострификация етилгенлигин тастыйықлаўшы гүўалық);

 

– талабанның паспорт нусқасы;

 

– мийнет дәптершеси нусқасы.

 

Таңлаўда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының веб-сайтына жайластырылған сораўлардан пайдаланылады: http://sud.uz/аттестация-саволлари

 

Байланыс ушын телефон номери: (55) 102-40-42 (129)

Электрон почта мәнзили: qrs.kadr@sud.uz

 

Таңлаўды ɵткериў ўақты ҳаққында қосымша хабар етиледи.

 

Мәнзил: Нɵкис қаласы, И.Каримов кɵшеси 122-жай

 

Мағлыўмат ушын: Қарақалпақстан Республикасы судының судья аға жәрдемшиси (Ɵзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы мектебинде оқыўда болғанлығы ушын ўақтынша вакант) лаўазымы вакант.

 

 

Skip to content