АТА-АНАЛЫҚ ҲУҚЫҚЫНАН АЙЫРЫЎ ҲӘМ ТИКЛЕЎ ШӘРТЛЕРИ

 

Балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, соның ишинде, шаңарақлық-ҳуқықый тараўда қорғаў дәрежесин арттырыў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик шаңарақ сиясаты жәмийет турмысында жүз берип атырған объектив өзгерислер тәсиринде қәлиплеспекте. Республикамыз көлеминде социаллық машқала себеплерин сапластырыў ушын шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша мақсетли илажлар комплекси әмелге асырылмақта. Мәмлекетимизде ата-аналар қыйын турмыслық жағдай себепли балаларға ғамхорлық ете алмайтуғын шаңарақлар ушырасады.

 

Ата-аналардың балаларға физикалық ҳәм руўхый зорлық етиўи машқаласынан тысқары, ата-аналар тәрепинен баланың мүлклик ҳуқықларын бузыў машқаласы да әҳмиетли болып есапланады. Буның тийкарғы себеплери сыпатында: кәмбағаллық, алкогольизм, нәшебентлик, ата-ана миннетлемелерине жуўапкершиликсиз қатнаста болыў, шаңарақлық ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятларының төмен дәрежесин көрсетиў мүмкин. Шаңарақлық қатнасықлардың турақсызлығы көбинесе басқа себеплерден де жүзеге келмекте.

 

Ата-аналық ҳуқықынан айырыў – бул ата-аналарға қолланылатуғын ҳәм олардың нызамсыз ҳәрекетлеринде ата-аналық миннетлерин орынламаў, тийисли дәрежеде орынламаў сыпатында көрсетилетуғын қатаң санкция болып есапланады. Атап өтиў керек, ата-аналық ҳуқықларынан айырыў – бул олардың перзентлерине қарата биле тура айыплы ҳуқықбузарлық ислеген ата-аналар ушын жуўапкершилик ақырғы шара есапланады. Усы мүнәсибет пенен, ата-ана ҳуқықлары тек ғана Шаңарақ кодексиниң 80-статьясы биринши бөлиминде белгиленген суд қарары менен өз күшин жоғалтады.

 

Ата-аналық ҳуқықынан оғада үлкен зәрүрликсиз айырыў баланың мәплерин, шаңарақта жасаў ҳәм тәрбияланыў ҳуқықын бузыўы ҳәм оның тәғдиринде қайтып болмайтуғын ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Бул ата-аналық ҳуқықларынан айырыў институтының тәрбиялық функциясын әмелге асырыў менен байланыслы.

 

Әмелдеги Шаңарақ низамшылығына муўапық, ата-ана (олардан бири) төмендеги жағдайларда ата-аналық ҳуқықынан айырылады:

 

– ата-аналық миннетлемелерин орынлаўдан бас тартса, соның ишинде, алимент төлеўден бас тартса;

 

– себепсиз себеплерге бола өз баласын туўыў үйи ямаса басқа емлеў мәкемесинен, тәрбия, халықты социаллық қорғаў мәкемеси ҳәм сол сыяқлы басқа да мәкемелерден алыўдан бас тартса;

 

– ата-аналық ҳуқықын пайдаланбаса, балаларға мийримсиз мүнәсибетте болса;

 

– үзликсиз ишиўшилик яки нәшебентликке дуўшар болган болса;

 

– өз балаларының өмири ямаса денсаўлығына ямаса ериниң (ҳаялының) өмири ямаса денсаўлығына қарсы қастан жынаят ислеген болса.

 

Ата-аналық ҳуқықынан айырыў суд тәртибинде әмелге асырылады.

 

Ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы ислер ата (ана) ның (олардың орнын басыўшы шахслардың), прокурордың, сондай-ақ, ержетпеген балалардың ҳуқықларын қорғаў миннетлемеси жүкленген уйым ямаса мәкемелердиң (қәўендерлик уйымы, ержетпегенлер ислери бойынша уйымлараралық комиссиялар, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалар мәкемелери ҳәм басқа да мәкемелердиң) шағымына бола көриледи.

 

Суд ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы ислерди көрип шығыўда баланың тәмийнаты ушын ата-аналық ҳуқықынан айрылған ата-анадан (олардың биринен) алимент өндириў мәселесин шешеди.

 

Шаңарақ кодексиниң 81-статьясында ата-аналық ҳуқықынан айырыў ақыбетлери белгиленген. Олар бойынша:

 

– ата-аналық ҳуқықынан айырылған ата-ана қайсы балаға ата-аналық ҳуқықынан айырылған болса, соль балаға болған туўысқанлық фактине тийкарланған барлық ҳуқықлардан, соның ишинде, оннан тәмийнат алыў, сондай-ақ, балалы пуқаралар ушын нызамшылықта белгиленген жеңилликлер ҳәм напақалар алыў ҳуқықларынан айырылады;

 

– ата-аналық ҳуқықынан айырылыўы ата-ананы өз баласына тәмийинлеў миннетлемесинен азат етпейди;

 

– ата-аналық ҳуқықынан айырылған ата-ананың (олардан бириниң) буннан кейин бала менен бирге жасаў ямаса жасамаў мәселеси суд тәрепинен турақ жай ҳаққындағы нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи;

 

– ата-анасы (олардан бири) оған ата-аналық ҳуқықынан айырылған бала, егер ол перзентликке алынбаған болса, турақ жайға болған мүлк ҳуқықын ямаса турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын сақлап қалады, сондай-ақ, әкеси (анасы) ҳәм басқа да туўысқанлары менен туўысқанлық фактине тийкарланған барлық мүлклик ҳуқықларын, соның ишинде мийрас алыў ҳуқықын сақлап қалады;

 

– баланы әкеси ямаса анасына бериў имканияты болмағанда ямаса ата-ананың ҳәр екеўи де ата-аналық ҳуқықынан айырылған жағдайда, бала қәўендерлик ҳәм қәўендерлик уйымының қарамағына бериледи.

 

– ата-ана (олардан бири) ата-аналық ҳуқықынан айырылғанда баланы перзентликке алыўға ата-ана (олардан бири) ата-аналық ҳуқықынан айырылғанлығы ҳаққындағы судтың шешиўши қарары шығарылған күннен кейин кеминде алты ай өткеннен кейин жол қойылады.

 

Ата-ана (олардан бири) өзиниң минез-қулқын, турмыс тәризин ҳәм (ямаса) бала тәрбиясына болған қатнасын өзгерткен жағдайларда ата-аналық ҳуқықы тиклениўи мүмкин.

 

Ата-аналық ҳуқықын тиклеў ата-аналық ҳуқықынан айырылған ата-ананың (олардан бириниң) шағымы бойынша суд тәртибинде әмелге асырылады.

 

Ата-ананың (олардан бириниң) ата-аналық ҳуқықын тиклеў ҳаққындағы талабы менен бирге баланы ата-анаға (олардан бирине) қайтарыў ҳаққындағы талабы да көрип шығылыўы мүмкин.

 

10 жасқа толған балаға ата-аналық ҳуқықының тиклениўине тек ғана оның разылығы менен жол қойылады.

 

Бала перзентликке алынған ҳәм перзентликке алыў бийкар етилмеген болса, ата-аналық ҳуқықын тиклеўге жол қойылмайды.

 

Ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы даўа арзаларының (ҳәм олар бойынша шығарылған суд қарарларының) өзине тән өзгешеликлери бар: бундай келиспеўшиликлердиң тийкарында бир тәрептен ата ҳәм аналардың баланы тәрбиялаўға байланыслы миннетлемелерди орынлаўдан бас тартыўы ҳәм бир қатар ҳуқықлардан айырыўы турса, екинши тәрептен болса ержетпеген баланың тәғдири, тәрбиясы, тәмийнаты ҳәм қәўипсизлиги менен байланыслы ҳуқықларын қорғаў көринеди.

 

 

 

 Саодат ҚАЙЫПНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы                            

СОРАҢ, ЖУЎАП БЕРЕМИЗ

Сораў: Ҳәкимшилик судларда жеке тәртиптеги исбилерменлерден өндирилетуғын мәмлекетлик бажы муғдары қандай?

 

Жуўап: Дәслеп жеке тәртиптеги исбилермен дегенде кимлер нәзерде тутылыўын билип алыўымыз керек.

 

Жеке тәртиптеги исбилермен – бул белгиленген тәртипте дизимнен өткен ҳәм юридикалық шахс дүзбестен исбилерменлик искерлигин әмелге асыратуғын физикалық шахс.

 

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының 10-статьясында ҳәкимшилик судларда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген субъектлер нәзерде тутылған болып, усы статьяның биринши бөлими 1-бәнтине көре, исбилерменлик субектлери – исбилерменлик искерлигин әмелге асырыў менен байланыслы ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин бузып атырған жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының, ҳәкимшилик-ҳуқықый искерликти әмелге асырыўға ўәкилликли болған басқа да уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажыдан азат етилген.

 

Истиң нәтийжеси бойынша усы исбилерменлик субъектиниң талаплары толық ямаса қысман қанаатландырылмастан қалдырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы усы шахслардан талаплардың қанаатландырылмастан қалдырылған муғдарына пропорционал түрде өндириледи.

 

«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамның қосымшасы менен тастыйықланған «Мәмлекетлик бажы ставкаларының муғдарлары» 3-бәнтинде ҳәкимшилик судлар тәрепинен өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдарлары нәзерде тутылған.

 

Усы бәнтте киши исбилерменлик субъектлери әмелге асыратуғын исбилерменлик искерлиги шеңберинде судларға мүрәжат еткенде белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төлейтуғынлығы белгилеп қойылған.

 

Өзбекстан Республикасының «Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамның 5-статьясына көре, жеке тәртипте исбилерменлер киши исбилерменлик субъекти есапланады.

 

Демек, жоқарыдағылардан келип шығып, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәкимшилик судларға мүрәжат еткенде, истиң нәтийжеси бойынша арзасы қанаатландырылмаған жағдайда белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төлейди.

 

 

 Камалатдин  ХОЖАМУРАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы

СУД ЭКСПЕРТИЗАСЫ ТАРАЎЫНА БАҒЫШЛАНҒАН СЕМИНАР ӨТКЕРИЛДИ

 

Қарақалпақстан Республикасы судында Х.Сулайманова атындағы Республикалық суд-экспертиза орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими экспертлери Д.Таджиев ҳәм У.Рустамовалардың қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди. Илажда судьялар ҳәм суд системасы хызметкерлери қатнасты.

 

Семинардың тийкарғы мақсети суд әмелиятында экспертиза жумысының әҳмийетин арттырыў, суд хызметкерлериниң билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў, сондай-ақ, тараўдағы жаңалықлар менен таныстырыўдан ибарат болды.

 

Семинар даўамында қатнасыўшыларға суд лингвистикасы тараўы ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Экспертлер бул бағдардың мазмун-мәниси, оның изертлеў объектлери, сондай-ақ, сөз ҳәм текст анализи арқалы суд процесслеринде дәлиллердиң исенимлилигин анықлаўдағы әҳмийети ҳаққында түсиник берди. Суд лингвистикасы арқалы түрли хатлар, баянатлар ямаса электрон жазыспалардағы мәнисти анық талқылаў имканияты артатуғыны атап өтилди.

 

Сондай-ақ, илажда суд ҳүжжетлерин интеграция системасы арқалы жибериў тәртиби, оның абзаллықлары ҳәм электрон бирге ислесиўдиң нәтийжеси ҳаққында да тоқтап өтилди. Бул система суд қарарларын жедел, анық ҳәм қәўипсиз тәризде жеткериўди тәмийинлеп, суд жумысын және де ашық-айдын ҳәм нәтийжели ететуғыны атап өтилди.

 

Экспертлер суд-жер экспертизасы түсиниги, оның қолланылыў тараўлары ҳәм әмелий әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берди. Соның менен бирге, экспертиза қәрежетлерин есаплаў тәртиби, оларды суд ислерин жүритиўде дурыс қолланыў механизмлери бойынша да түсиниклер берилди.

 

Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-августта қабыл етилген 140-санлы Пәрманының мазмун-мәнисине де айрықша тоқтап өтилди. Бул ҳүжжетте суд-ҳуқық системасында санластырыў процесслерин және де тереңлестириў, мәлимлеме технологияларын енгизиў арқалы система нәтийжелилигин арттырыў ўазыйпалары белгилеп берилген. Экспертлер бул Пәрман суд ислерин жүритиўде заманагөй мәлимлеме шешимлерин енгизиўде жаңа басқышты баслап бергенин атап өтти.

 

Илаж жуўмағында семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етти. Судьялар ҳәм суд хызметкерлери экспертизаларды тайынлаў, олардың нәтийжелерин баҳалаў ҳәм заманагөй санлы шешимлерден пайдаланыў бойынша экспертлерден анық ҳәм илимий тийкарланған жуўаплар алды.

 

Семинар суд системасы хызметкерлериниң билим ҳәм маманлығын арттырыў, суд экспертизасы тараўындағы жаңалықлар менен таныстырыў ҳәм санластырыў процесслерин әмелиятқа кеңнен енгизиў жолында үлкен әҳмийетке ийе болды.

 

АРТЫҚША ТӨЛЕНГЕН ҲӘМ ӨНДИРИЛГЕН САЛЫҚЛАРДЫ ҚАЙТАРЫЎ ТӘРТИБИ

Өзбекстан Республикасы мәмлекет гәзийнесинин тийкарғы дереклери ишинде салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлер айрықша орын ийелейди. Салық төлеў – ҳәр бир пуқара ҳәм хожалық жүргизиўши субъекттиң Конституцияда белгилеп қойылған миннети есапланады.

 

Өзбекстан Республикасының Салық кодексинде салықлар ҳәм жыйымларды белгилеў, енгизиў, есаплаў және төлеў тәртиплери, сондай-ақ, салық миннетлемелерин орынлаў менен байланыслы қатнасықлар анық тәртипке салып қойылған.

 

Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, егер салық төлеўши тәрепинен салық артықша төленген ямаса артықша өндирилген болса ҳәм ол салық бойынша қарыздар болмаса, бул сумма салық төлеўшиге қайтарылыўы ямаса келешектеги салық төлемлери есабынан есапқа алыныўы керек.

Егер салық төлеўшиниң салық бойынша қарызы бар болса, артықша төленген ямаса өндирилген сумма дәслеп соль қарызды, кейин пеня ҳәм жәриймаларды қаплаў ушын басқышпа-басқыш есапқа алынады.

 

Артықша төленген салық суммасын есапқа алыў ямаса қайтарыў ҳаққындағы қарар салық уйымы тәрепинен тийисли жағдай анықланған ямаса салық төлеўшиниң жазба арзасы қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде қабыл етиледи.

 

Салық төлеўши арза менен мүрәжат еткен жағдайда, артықша төленген сумма толық ямаса бир бөлеги қайтарылыўы мүмкин. Бул қағыйда қосымша қун салығы (ҚҚС) бойынша да қолланылады.

 

Қайтарыў ямаса есапқа алыў миллий валютамыз – сумда әмелге асырылады. Артықша төленген ямаса өндирилген салық суммасы салық төлеўшиниң жазба арзасы алынған күннен баслап 15 күн ишинде, турақлылық рейтинги жоқары болған исбилерменлик субектлерине болса 3 күн ишинде қайтарылыўы шәрт (ҚҚС буған кирмейди).

Бундай арзалар салық төлеўши тәрепинен артықша төлем төленген күннен ямаса артықша өндирилгени мәлим болған күннен баслап үш жыл ишинде усынылыўы мүмкин.

 

Салық уйымы арзаны көрип шығып, артықша төленген сумма қайтарылыўы ямаса есапқа алыныўы ҳаққындағы қарарды әдетте 10 күн ишинде, жоқары рейтингли исбилерменлер бойынша болса 2 күн ишинде қабыл етеди. Егер бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етилсе, бул ҳаққында салық төлеўшиге 3 күн ишинде мәлим етилиўи шәрт.

 

Егер салық уйымы белгиленген мүддетте артықша төленген сумманы қайтармаса, кешиктирилген ҳәр бир күн ушын процентлер есапланады. Бул процентлер Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы тийкарында белгиленеди ҳәм мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төленеди.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Нөкис районлар аралық экономикалық судының баслығы

ӘМИЎДӘРЬЯ РАЙОНЫНДА КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

 

Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының баслығы Ж.Балтабаев басшылығында, судья жәрдемшиси Е.Жуманиязов, Әмиўдәрья районы прокурорының аға жәрдемшиси ҳәм районлық ИИБ пробация топарының аға инспекторының қатнасыўында Әмиўдәрья районы «Бай аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны имаратында ашық көшпели суд мәжилиси шөлкемлестирилди.

 

Онда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына тийкарланып (жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиў) алдын жынаят ислеген, бирақ дүзелиў жолына қатаң өткен, белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел етип, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болған 10 судланыўшы жазаның өтелмей қалған бөлегинен мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

 

Сондай-ақ, бул шахсларға жазадан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилиўи олардың мойнынан толық жуўапкершиликти алып тасламайтуғыны, егер жазаның өтелмеген бөлеги даўамында қастан және жаңа жынаят ислесе, Жынаят кодексиниң 60-статьясы (бир неше ҳүким бойынша жаза тайынлаў) қағыйдаларына муўапық жаза тайынланатуғыны ҳаққында толық түсиниклер берилди.

 

Бундай көшпели суд мәжилислери пуқаралар санасында нызам үстинлигин беккемлеў, қылмыс ислегенлерди қайта тәрбиялаў процесинде ҳуқықый мәдениятты арттырыў және жынаят жолынан қайтқан шахсларға жәмийетке қайтыў имканиятын жаратыўға хызмет етеди.

ТӘБИЯТ БАЙЛЫҚЛАРЫНАН АҚЫЛҒА МУЎАПЫҚ ПАЙДАЛАНЫЎ – НЫЗАМ ТАЛАБЫ

 

Экология ҳәм тәбият байлықларынан надурыс пайдаланыў, яки оларға зыян жеткериў жынаят есапланады. Себеби ана тәбият – адамзаттың тиришилик дәреги, жәмийет раўажланыўы ҳәм келешек әўладлар саламатлығының тийкары. Елимизде тәбиятты қәстерлеп сақлаў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, қоршаған орталықты қорғаў тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери арқалы турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, экологиялық мәдениятты арттырыў ҳәм тәбийғый байлықларды қорғаў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген.

 

Жер ҳәм жер асты байлықлары ҳәр бир мәмлекеттиң ең әҳмийетли миллий байлықлары. Сонлықтанда, олар тек ғана экономиканың түрли тараўлары ушын тийкарғы дәрек емес, ал халықтың турмыс сапасы ҳәм келешек әўладлардың абаданлығы ушын да бийбаҳа ғәзийне болып есапланады.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 197-статьясында жер ямаса жер асты байлықларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў жынаят екенлиги белгилер қойылған. Бул норма тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас ҳәм әдил пайдаланыўды тәмийинлеў, соның менен бирге оларды қорғаў мақсетинде енгизилген.

 

Сондай-ақ, 197-1-статьяда суўғарылатуғын жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў жағдайларына қарсы гүресиў нормалары да белгиленген. Жерден пайдаланыўшы ямаса ижараға алыўшы өз аймағында жердиң өзбасымшалық пенен ийелеп алынғаны ҳаққында мәлим болса, ол бул жағдай ҳаққында тийисли уйымларға хабар бериўи шәрт. Егер бул миннетлеме орынланбаса ямаса шара көрилмесе, шахс жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.

 

Жер ҳәм жер асты ресурсларынан надурыс пайдаланыў топырақтың деградациясына, суў ресурсларының патасланыўына ҳәм экологиялық турақлылықтың бузылыўына алып келиўи мүмкин. Суўғарылатуғын жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў болса тек ғана нызам бузылыўшылық емес, ал халықтың турмыс тәризине де унамсыз тәсир көрсетеди.

 

Сондай-ақ, жер қазылмалары, суў резервлери ҳәм минерал ресурслар мәмлекет экономикасының турақлы өсиўине хызмет етеди. Белгиленген тәртип-қағыйдаларға әмел етиў ҳәр бир пуқара ҳәм кәрхананың миннети есапланады.

 

Жынаят кодексиниң бул статьяларында жәрийма, белгили ҳуқықтан айырыў, мәжбүрий жәмийетлик жумыслар, айырым жағдайларда болса азатлықты шеклеў ямаса еркинен айырыў жазаkары белгиленген.

 

Жер ҳәм жер асты байлықлары – ҳәр биримиздиң улыўма байлығымыз. Оларды қәстерлеп сақлаў, нызам шеңберинде ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў ҳәр биримизден жуўапкершиликти талап етеди. Себеби ана тәбиятқа бүгинги дурыс мүнәсибет ертеңги әўлад ушын мүнәсип мийрас қалдырыў деген сөз.

 

 

Жасур УРАЗБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

ҚАРЫЗ ШӘРТНАМАСЫ: ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТХАНЛЫҚ ТАРТЫСЛАРДАН САҚЛАЙДЫ

 

Статистикалық мағлыўматлар бүгинги күнде судларда пуқаралар ортасында қарыз ѳндириў менен байланыслы тартыслардың кѳбейип атырғанлығын кѳрсетеди. Көпшилик жағдайларда пуқаралар қарыз бериў ямаса алыў процесинде ҳуқықый талапларға емес, ал әпиўайы тилхатқа сүйенеди. Бирақ соннан келип шығып, кейин ала түрли тартыслар жүзеге келеди. Ҳәммемизге белгили, нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди. Соның ушын ҳәр бир пуқара ҳуқықый қатнасыққа кирисиўден алдын, өзиниң әмелге асырмақшы болған ҳәрекетлери ҳаққында жетерли ҳуқықый түсиникке ийе болыўы зәрүр.

 

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексинде қарыз шәртнамасының түрлери, шәртлери, қарыз алыўшының қарызды қайтарыў миннетлемелери, қарыз шәртнамасы шәртлери бузылғанда келип шығатуғын ақыбетлер ҳәм де бундай шәртнамалар бойынша даўласыў тәртиплери анық белгилеп қойылған. Кодекске бола, қарыз шәртнамасы дегенде бир тәреп – қарыз бериўши екинши тәреп – қарыз алыўшыға пул ямаса мүлкти тапсырады ҳәм қарыз алыўшы белгиленген мүддетте усы муғдардағы пул ямаса мүлкти қайтарыў миннетлемесин өз мойнына алады. Шәртнама қарыздар әмелде қаржы ямаса мүлкти алған ўақыттан баслап күшке киреди. Егер қарыз суммасы базалық есаплаў муғдарының он есесинен көп болса, пуқаралар арасындағы шәртнама әлбетте жазба түрде дүзилиўи шәрт. Тәреплерден бири юридикалық шахс болса, суммасына қарамастан шәртнама жазба түрде рәсмийлестирилиўи керек. Көбинесе халық арасында тилхат жазыў менен шекленеди ҳәм судқа даўа арзалары усы тилхат тийкарында киргизиледи. Негизинде болса тилхат та жазба шәртнама сыпатында ҳуқықый күшке ийе.

 

 

Бирақ жазба формасына әмел етилмесе, бул шәртнаманы ҳақыйқый емес деп табыў ушын тийкар болмайды. Бирақ, дў шыёёкан жағдайда, тәреплер гүўалар көрсетпеси менен емес, ал жазба дәлиллер жәрдеминде шәртнама бар екенлигин ямаса оның орынланғанлығын дәлиллеўи мүмкин. Мәселен, егер қарызды бөлип-бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса ҳәм қарыздар белгиленген төлеў мүддетин бузса, қарыз бериўши қалған қарыздың барлығын процентлери менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы. Сондай-ақ, қарыздар ҳақыйқатында да пул ямаса мүлкти алмағанын ямаса шәртнамада көрсетилгенинен аз муғдарда алғанын дәлиллесе, даўласа алады.

 

 

Әмелиятта ең көп ушырасатуғын жағдай – қарыздар қарызын қайтарса да, алдын жазған тилхатын қарыз бериўшиден қайтарып алмағаны. Бул болса кейин ала үлкен машқалаларға себеп болыўы мүмкин, себеби гүўалардың көрсетпеси менен қарыздың қайтарылғанын дәлиллеп болмайды. Соның ушын қарыздар қарызды қайтарғанда қарыз бериўшиден әлбетте тилхат ямаса қайтарылған ҳүжжетти талап етиўи шәрт. Нызамға муўапық, қарыз бериўши қарыздардың талабына муўапық қарыз қайтарылғанын тастыйықлаўшы тилхат бериўи керек ямаса алдын жазылған тилхатты қайтарыўы зәрүр. Егер қайтарыўдың имканияты болмаса, бул жағдай қарыз бериўши тәрепинен берилген жаңа тилхатта әлбетте көрсетилиўи шәрт.

 

Суд әмелиятынан алынған мысалда да даўагер Р.К. жуўапкер К.Ғ.дан 10.000.000 сум қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде жуўапкер К.Ғ. даўагер Р.К.дан алған қарызын толық қайтарғанлығын, буны гүўа С.К. тастыйықлайтуғынын билдирген. Бирақ жуўапкер К.Ғ. қарыз бериўши Р.К.дан өзиниң қарыз алған ўақтында жазып берген тилхатын қайтарып алмаған ямаса қарыз бериўши Р.К.дан қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тилхат жаздырып алмаған. Суд мәжилисинде қарыздар қарызын қайтарғанын айтса да, тилхатты қайтарып алмағаны ушын гүўа көрсетпеси жетерли деп табылмаған. Нәтийжеде қарыздардың ҳуқықый имканиятлары шекленген.

 

 

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, ҳәр бир пуқара қарыз алыў ямаса бериўде нызам талапларына әмел етиўи шәрт. Жазба шәртнама дүзиў, тилхат жазыў ҳәм қарыз қайтарылғанда тийисли ҳүжжетти қайтарып алыў – бул тек ғана ҳуқықый талап емес, ал тартыслардың алдын алыўдың ең нәтийжели жолы болып есапланады.

 

 

Зульфия БАБАДЖАНОВА
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

ЭКОЛОГИЯ – НЫЗАМ ҚОРҒАЎЫНДА

 

Адамзаттың раўажланыўы ҳәм санааттың раўажланыўы турмыс дәрежесин жақсылаў менен бир қатарда, тәбият ҳәм қоршаған орталыққа айрықша тәсир көрсетпекте. Бүгинги күнде ҳаўаның патасланыўы, суўдың там-тарыслығы, шөллениў процесслери, шаң боранлары сыяқлы экологиялық машқалаларды сапластырыўда тек ғана руўхый емес, ал ҳуқықый жуўапкершилик те үлкен әҳмийетке ийе.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 62-статьясында пуқаралар қоршаған тәбийғый орталыққа итибарлы қатнаста болыўға миннетли екенлиги белгилеп қойылған. Сондай-ақ, 68-статьяға муўапық жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы улыўма миллий байлық есапланады ҳәм мәмлекет қорғаўы астында турады.

 

Мине, усы нормалардан келип шығып, мәмлекетимизде әҳмийетли болған «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы, «Экологиялық экспертиза ҳаққында»ғы, «Айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң XIV бабы (193-204-статьялар) нда қоршаган орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы жынаятлар ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған. Соның ишинде, жер ҳәм суў ресурсларын патаслаў, нызамсыз терек кесиў ямаса ҳайўанат дүньясына зыян жеткериў, жерлердиң өнимдарлығын жоғалтыў, оларды зыянлаў, санаат шығындыларын нызамға қайшы түрде таслаў сыяқлы қылмыслар аўыр жынаят есапланады ҳәм олар ушын нызамшылықта қатаң жаза шаралары белгиленген.

 

Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң VIII бабы(65-96-статьялар)нда экология ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жаза шаралары көрсетилген. Мәселен, жерлерден ойсызларша пайдаланыў ямаса оларды жарамсыз ҳалға келтириў, суў, ҳаўа ҳәм қоршаған орталықты патаслаў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына зыян жеткериў ушын ҳәкимшилик жәриймалар ҳәм басқа да илажлар белгиленген.

 

Ҳуқықый тийкарлардан көринип турғанындай, тәбиятқа жеткерилген ҳәр бир зыян ушын жуўапкершилик сөзсиз. Бул болса мәмлекетимиз қоршаған орталықты қорғаў мәселесине үлкен әҳмийет қаратып атырғанын көрсетеди.

 

Сонлықтан, тәбиятқа абайлы мүнәсибетте болыў – тек ғана пуқаралық миннетимиз емес, ал нызам алдындағы жуўапкершилик болып табылады.

 

 

Алишер Аметов,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

МИЙНЕТ ҚАТНАСЫҚЛАРЫ ТАРАЎЫНДАҒЫ ТАРТЫСЛАРДЫ ШЕШИЎДИҢ ҲУҚЫҚЫЙ МЕХАНИЗМЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 42-статясына көре, ҳəр ким мүнəсип мийнет қылыў, кəсип ҳəм искерлик түрин еркин таңлаў, қаўипсизлик ҳəм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолай мийнет шараятларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз ҳəм де мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан кем болмаған тəрзде əдалатлы ҳақы алыў, соның менен бирге жумыссызлықтан нызамда белгиленген тəртипте қорғалыў ҳуқықына ийе.

Соңғы жылларда судға мийнет ҳуқықый қатнасықларынан келип шыққан даўлар бойынша даўа арзалар киргизиў саны айтарлықтай көбеймекте.

Мийнет даўларының көбейиўине орынларда мийнет нызамшылығына ҳәр дайым қатаң əмел етпеслик, Конституция ҳəм нызамшылықта беккемленип қойылған мийнет ҳуқықларының аяқ асты етилиўи, оларды тийкарсыз шеклеў ҳəм тараўға тийисли нызам асты ҳүжжетлери талапларын лазым дәрежеде орынламаў сыяқлы унамсыз жағдайлар себеп болмақта.

Даўа талаплары тийкарлы болған ҳəм мийнет шəртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы буйрық нызамсыз деп табылған барлық жағдайларда суд хызметкерлерди алдынғы ислеп турған лаўазымына жумысқа қайта тиклеў, мəжбурий прогул күнлери ушын мыйнет ҳақы ҳəм руўхый зыянды өндириў ҳаққында қарарлар қабылланбақта.

Ислерди көрип шығыў жуўмағы бойынша нызамбузыўшылық жағдайлары анықланған жағдайларда суд айрықша уйғарыў шығарыў жолы менен, жумыс бериўши жəне оның жоқары шөлкемлерине жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көриў талабын қоймақта.

Анықланған жағдайлар келешекте жумыс бериўши тəрепинен мийнет нызамшылығы талапларын терең үйрениў, белгиленген қағыйда ҳəм тəртиплерге сөзсиз əмел қылыў, хызметкерлер менен ислеў ўазыйпасы жүклетилген жуўапкер адамлардың буған байланыслығы билим ҳəм көнликпелерин турақлы түрде асырып барыў сыяқлы анық ўазыйпаларды орынлаўды талап етпекте.

Жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Мийнет кодекси алдынғы кодекске салыстырғанда жетик ислеп шығылған болып, онда мийнетке тийисли қатнаслар ҳəм олардың қатнасыўшылары арасында, атап айтқанда, жумыс бериўши ҳəм хызметкер арасында пайда болатуғын түрли жағдайлар кең көрсетип берилди, бунда тийкарынан хызметкерлердиң ҳуқық ҳəм мəплерин қорғаўға қаратылды.

Мийнет даўларын суд тәрепинен көриўде бирден-бир суд әмелиятын енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғи суды Пленумының тийисли қарарлары қабыл етилген. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2023 жыл 20 ноябрьде «Суд тәрепинен мийнет шәртнамасин бийкар етиўди тәртипке салыўшы нызамшылық нормаларын қоллаў әмелияты ҳаққында»ғы 26 -санли қарары қабыл етилген.

Мийнет ҳаққындағы нызамшылықты ҳəм мийнет ҳаққындағы басқа ҳуқықый ҳүжжетлерди, мийнет шəртнамасын қоллаў мəселелери бойынша жеке тəртипдеги мийнет даўларын (даўа өзгешелигине ийе жеке тəртипдеги мийнет даўлары) көрип шығыў тəртиби Мийнет кодексинде белгиленеди, судта мийнет даўлары бойынша ислерди көриў тəртиби болса буннан тысқары Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуал кодекси менен белгиленеди.

Хызметкер мийнет даўын шешиў ушын өз таңлаўына көре мийнет даўлары бойынша комиссияға ямаса тиккелей судқа мүрәжат етиўге ҳақылы.

Ҳəр қандай жеке тəртиптеги мийнет даўы мийнет даўлары бойынша комиссияда ямаса судта көрип шығыўдың қəлеген басқышында, суд арнаўлы ханаға (мəслаҳəтханаға) суд ҳүжжетин қабыллаў ушын кириўинден алдын «Медиация ҳаққындаа»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық көрип шығыў ушын медиаторга өткерилиўи мүмкин.

Мийнет нызамшылығында тиккелей судта көрип шығылатуғын мийнет даўлары да белгиленген, сондай-ақ ҳәр қандай жеке тəртиптеги мийнет даўлары хызметкердиң қəлеўине көре, тиккелей судта да көрип шығылыўы мүмкин.

Жеке тəртиптеги мийнет даўының көрип шығылыўы ушын судқа мүрәжат етиўдиң тийисли мүддетлери белгиленеди.

Атап айтқанда, жумысқа қайта тиклеў ҳаққындағы даўлар бойынша – хызметкерге ол менен мийнет шəртнамасы бийкар етилгенлиги ҳаққындағы жумыс бериўши буйрығының көширме нусқасы тапсырылған күннен баслап үш ай; хызметкер тəрепинен жумыс бериўшиге жеткизилген материаллық зыянның орнын қаплаў ҳаққындағы даўлар бойынша – жумыс бериўши зыян жеткизилгенлигин анықлаған күннен баслап бир жыл; басқа мийнет даўлары бойынша – хызметкер өзиниң ҳуқықы бузылғанлығы ҳаққында билген ямаса билиўи керек болған күннен баслап алты ай.

Хызметкердиң өмирине ҳəм денсаўлығына жеткизилген зыянның орнын қаплаў ҳаққындағы даўлар бойынша, соның менен бирге хызметкерге жеткизилген руўхый зыянды компенсация қылыў ҳаққындағы даўлар бойынша судқа мүрәжат етиў мүддети белгиленбейди.

Ҳәр қандай жағдайда да, мийнет даўларына тийисли даўа арзалар суд тәрепинен өндириске қабыл етилип, мазмунынан көрип шығылады. Ал мийнет даўлары бойынша судқа мүрәжат етиў ушын нызамда белгиленген мүддетиниң өтип кеткенлиги ақыбетинде даўа мүддетин қоллаў бойынша екинши тәрептиң арзасына тийкар ғана суд тәрепинен даўа талабына қарата даўа мүддети қолланылыўы мүмкин.

Мийнет шəртнамасы тийкарсыз бийкар етилген, нызамсыз түрде басқа жумысқа өткерилген, мийнет шəртлери өзгертирилген ямаса жумыстан шетлетилген жағдайларда жеке тəртипдеги мийнет даўын көрип шығыўшы орган хызметкерди алдынғы жумысына тиклейди, соның менен бирге алдынғы мийнет шəртлерин тиклейди. Мийнет шəртнамасын жумыс бериўшиниң басламасына көре бийкарлаўдың нызамлылығы ҳаққындағы мəселени шешип атырғанда суд хызметкер менен мийнет қатнасларын тамамлаўдың тийкарлылығына баҳа береди.

Жеке тəртиптеги мийнет даўын көрип шығып атырған суд хызметкерге мəжбурий прогулдың пүткил ўақты ушын орташа мийнет ҳақын ямаса кем мийнет ҳақы төленетуғын жумысты орынлаған пүткил ўақты ушын мийнет ҳақыдағы парқын төлеў ҳаққында қарар қабыл етеди.

Хызметкерлер жеке тəртиптеги мийнет қатнасларынан келип шығатуғын талаплар бойынша судқа мүрәжат еткенде суд қəрежетлеринен азат етиледи.

 

 

 Саодат КАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы                                                                 

МҮЛКТИ КОНФИСКАЦИЯ ЕТИЎ ТӘРТИБИ

 

Мүлк ҳуқықы шахстың өзине тийисли мүлкке өз қәлеўи менен ҳәм өз мәплерин гөзлеп ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны басқарыў, сондай-ақ өзиниң меншик ҳуқықын ким тәрепинен болса да, ҳәр қандай бузылыўды сапластырыўды талап етиў ҳуқықынан ибарат. Мүлк ҳуқықы мүддетсиз болып, мүлк қол қатылмас ҳәм нызам менен қорғалады.

 

Мүлк ийесиниң мал-мүлкин алып қойыўға, сондай-ақ оның ҳуқықларын шеклеўге тек нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ғана жол қойылады.

 

Сондай-ақ, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте мүлк ийесиниң миннетлемелери бойынша өндириў усы мүлкке қаратылған жағдайда, сондай-ақ, национализациялаў, реквизициялаў ҳәм конфискациялаў тәртибинде жол қойылады.

 

Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда мал-мүлк судтың қарарына муўапық жынаят ямаса басқа ҳуқықбузарлық ислегени ушын ҳақы төлеместен мүлк ийесинен алып қойылыўы яғный конфискация етилиўи мүмкин.

 

Мәмлекет дәраматына өткерилетуғын мүлкти алып қойыў, есапқа алыў, сақлаў, баҳалаў ҳәм сатыў, сондай-ақ, оны жоқ етиў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 15-июльдеги 200-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекет дәраматына өткерилетуғын мүлкти алып қойыў, сатыў ямаса жоқ етиў тәртиби ҳаққында»ғы Реже тийкарында әмелге асырылады.

 

Мүлкти алып қойыў ҳаққындағы материаллар нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде мүлкти мәмлекет дәраматына өткериў яки оны жоқ етиў ҳаққында қарар қабыл етиўши тийисли судқа яки уйымға берилиўи керек. Бунда материалға мал-мүлкти алып қойыў ҳаққындағы баянлама, мал-мүлкти сақлаў ушын қабыл етиў- тапсырыў акти, автомототранспорт қуралы ямаса көшпес мүлкин мәмлекет дәраматына өткериўде – көзден өткериў акти, 20 ҳәм оннан көп жыл пайдаланылған автомототранспорт қуралын көзден өткериў актине Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги мәмлекетлик хызмети уйымының автомототранспорт қуралының пайдаланыўға жарамлылығы ҳаққындағы жуўмағы, экспертиза өткериў ушын бөлеклер ҳәм үлгилер алыў ҳаққындағы акт, мүлктиң тутыныў, пайдаланыў ямаса қайта ислеў ушын жарамлылығы ямаса жарамсызлығы бойынша эксперт жуўмағы, мәжбүрий сертификатластырылыўы керек болған өнимге муўапықлық сертификаты, мүлкти баҳалаў ҳаққындағы жуўмақ ямаса мүлкти баҳалаў ҳаққындағы акт, сондй-ақ, базалық есаплаў муғдарының еки жүз есеси ҳәм оннан артық муғдарына тең болған мүлк бойынша қосымша түрде сүўретке алыў материаллары, бар болғанда болса видео сүўретке алыў материаллары да қосымша етиледи.

 

Мүлкти мәмлекет дәраматына өткериў ямаса оны жоқ етип таслаў ҳаққында қарар қабыл еткен суд ямаса басқа орган өз қарарында экспертиза өткериўде (сертификациялаўда) алынған ҳәм қайтарылған бөлеклер ҳәм үлгилер санын көрсеткен ҳалда мәмлекет дәраматына өткерилетуғын ямаса жоқ етилетуғын мүлктиң баҳасы ҳәм муғдарын көрсетеди.

 

Мүлкти мәмлекет дәраматына өткериў ямаса оны жоқ етип таслаў ҳаққында қарар қабыл еткен суд ямаса орган өзи шығарған тийисли қарар күшке киргенинен кейинги күннен кешикпей орынлаў ҳүжжетин орынлаў ушын тийисли Бюро органына жибереди.

 

Ўәкилликли уйымның күшке кирген қарары, сондай-ақ, мүлкти мәмлекет дәраматына өткериў ямаса мүлкти жоқ етиў ҳаққындағы күшке кирген суд қарары тийкарында суд тәрепинен берилетуғын орынлаў хаты орынлаў ҳүжжети есапланады.

 

Суд ямаса ўәкилликли уйымның орынлаў ҳүжжетине усы Режеге тийкар жоқарыда атап өтилген, орынлаўды жүргизиў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер қосымша етиледи.

 

Мүлкти сатыўдан түскен пул қаржыларының мәмлекет дәраматына толық ҳәм өз ўақтында түсиўин қадағалаў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымларға бийпул берилген мүлкти есапқа алыў салық уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.

 

Мүлкти алып қойыў, мәмлекет мүлкине өткериў ямаса оларды жоқ етиў, баҳалаў (қайта баҳалаў) ҳәм де сатыў ўәкиллиги берилген, алынған пул қаржыларының Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине толық ҳәм өз ўақтында өткерилиўин тәмийинлеўши мәмлекетлик басқарыў, қадағалаў уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслардың искерлигиниң нызамлылығы үстинен қадағалаўды Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры ҳәм оған бойсыныўшы прокурорлар тәрепинен әмелге асырылады.

 

Реже талапларының бузылыўының ҳәр бир жағдайы бойынша прокуратура уйымлары жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлейди ҳәм нызамда нәзерде тутылған жынайый жуўапкершиликке шекемги жуўапкершилик иләжларын көреди.

 

Режениң талаплары бузылғанлығы ушын айыплы болған шахслар нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

 

 

Спартак Ниязов,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы

Skip to content