Коррупцияға қарсы гүресиў жәмийет раўажланыўының әҳмийетли шәрти  

Кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта.  Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсебетти пайда етиўге бағдарланған системалы илажлар көрилип атыр.

Ғәрезсизлик жылларында Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында бир қанша нызамшылық ҳүжжетлери қабыл етилди.

Атап айтқанда, Бирлескен миллетлер шөлкеминиң коррупцияға қарсы конвенциясына (Нью-Йорк, 2003 жыл 31 октябрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында Өзбекстан Республикасының         2008 жыл 7 июльдағы ӨРН-158-санлы нызамы қабыл етилди.

Сондай-ақ, Мәмлекетимиз басшысының нызамшылық басламасы менен 2017 жыл 3 январьда Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы ӨРН-419-санлы Нызамы қабыл етилди.

Бул Нызамның қабыл етилиўи коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимизде әҳмийетли қәдем болды. Нызам коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бирден-бир мәмлекет сиясатының мақсетли ҳәм системалы жолға қойылыўына ҳуқықый негиз жаратты.

Бул Нызам менен коррупция, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳәм мәплердиң соқлығысыўы ҳақкында түсиниклер берилди.

Яғный Коррупция – шахстың өз лаўазым яки хызмет позициясынан шахсый мәплерин ямаса өзге шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамсыз рәўиште пайдаланыўы, сондай-ақ бундай пайданы нызамсыз рәўиште усыныў;

Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық – коррупция белгилерине ийе болған, исленгенлиги ушын нызам ҳүджжетлеринде жуўапкершилик нәзерде тутылған қылмыс;

Мәплердиң соқлығысыўы – шахсый (тиккелей яки тиккелей емес) мәпдарлық шахстың лаўазым яки хызмет миннетлемелерин лазым дәрежеде орынлаўға тәсир көрсетип атырған ямаса тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәм де шахсый мәпдарлық пенен пуқаралардың, шөлкемлердиң, жәмийеттиң яки мәмлекеттиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери ортасында қарама-қарсылық жүзеге келип атырған ямаса келиўи мүмкин болған аўҳал.

Бул ҳүжжет тараўды тәртипке салыўшы, оның шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлери ҳәм мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислерин белгилеп бериўши системаластырылған дәслепки ҳүжжет саналады. Нызам менен мәмлекетимизде бир қанша жумыслар әмелге асырып келинбекте.

Атап айтқанда, 2019 жыл 27 май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында» ПФ-5729-санлы Пәрманы жәрияланды.

Пәрманға муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў, ең жоқары дарежедеги қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, елимиздиң халықаралық майдандағы унамлы абырайын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық 2019-2020-жылларда коррупцияға карсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм басқа шөлкемлер Мәмлекетлик бағдарламаның ҳәр бир бәнти бойынша мақсетлерге ерисиўде нәтийжелилик индикаторларын ислеп шығыўы ҳәм оны Уйымлараралық комиссия менен келисип алыўы зәрүрлиги көрсетилди.

Буннан тысқары, “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 29 июньда ПФ-6013-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын “Илим, ағартыўшылық ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик дәстүрин изшил орынлаў, сондай-ақ жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўге қаратылған мәмлекетлик сиясатының нәтийжелилигин асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестириў белгиленди.

Агентлик Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын директор тәрепинен басқарылады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Агентлик директорын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў ҳаққындағы пәрманлары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен тастыйықланыўы белгиленди.

Агентликке төмендеги ҳуқықлар берилди.

Бюджет қаржыларының жумсалыўы, мәмлекет активлериниң реализация етилиўи, мәмлекетлик мүтәжликлери ушын сатып алыў, инвестиция проектлериниң әмелге асырылыўы ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларының орынланыўы менен байланыслы материлларды талап етиў, алыў ҳәм үйрениў, өз ўәкиллигине байланыслы мәселелер бойынша орнатылған тәртипте норматив ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың коррупция мәселелери бойынша мүрәжатлерин көрип шығыў ҳәм де олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша иләжлар көриў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ ҳуқық қорғаў уйымлары искерлигинде коррупция ҳалатын үйрениў, коррупцияға байланыслы жынаятлар ислениўиниң себеп ҳәм шәрт-шәраятларын анықлаў, системалы коррупцияның раўажланыў тенденцияларын анализлеў мақсетинде нызамшылық, соның менен бирге жынаят-процессуаллық нызамшылығына муўапық жынаят ислери материалларын үйрениў ҳәм басқа иләжлар нәтийжелери бойынша топланған материалларды искерлигинде коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық белгилери бар болған шахсларға қарата нызамға муўапық шаралар көриў, атап айтқанда жынаят ислерин қозғатыў ушын ҳуқық қорғаў ҳәм басқа мәмлекетлик уйымларға усыныў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар бойынша ҳәкимшилик сорастырыўлар өткизиў, атқарыўшы ҳәкимият ҳәм хожалық басқарыў уйымлары ҳәм де олардың лаўазымлы шахслар қарарларында коррупция белгилери анықланған жағдайларда олардың орынланыўын тоқтатыў яки бийкар етиў ҳаққында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усынысларды киргизиў, мәмлекетлик уйымлары, шөлкемлери ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына көрип шығылыўы мәжбүрий болған коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлыққа жол қйомаслық ҳаққында ескертиўлер ҳәм де коррупцияны келтирип шығарыўшы себеп ҳәм шәрт-шәраятларды сапластырыў иләжларын көриў ҳаққында усыныслар киргизиў,  Агентликтиң ескертиў, усыныс ҳәм мүрәжатлери он күн ишинде көрип шығылыўы ҳәм нәтийжелери бойынша жазба хабар берилиўи шәртлиги белгиленди.

Пәрман менен Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий Кеңеси қурамы тастыйықланды.

Сондай-ақ, 2020 жыл 29 июнь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги искерлигин шөлкемлестириў ҳақкында» ПҚ-4761-санлы Қарары жәрияланды.

Қарар менен Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги структурасы тастыйықланды.

Агентлик директоры статусы, мийнетке ҳақ төлеў шәртлери, медициналық ҳәм транспортлық хызметин көрсетиў шәраятлары бойынша министрге, директор орынбасарлары болса министр орынбасарларынаа теңлестирилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020 жыл 31 декабрьдеги 829-санлы Қарары менен “Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген яки коррупцияға қарсы гүресиўге басқа тәризде көмеклескен шахсларды хошаметлеў тәртиби ҳақкында”ғы Реже тастыйықланды.

Реже менен коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген яки коррупцияға қарсы гүресиўге басқа тәризде көмеклескен шахсларды хошаметлеў тийкарлары ҳәм түрлери ҳәм хошаметлеў мәселесин көрип шығыў тәртиби белгиленди.

Яғный, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында хабар берген яки коррупцияға қарсы гүресиўге басқа тәризде көмеклескен шахслар төмендеги муғдардағы бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметлеў белгиленди.

а) коррупцияға байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында берилген хабар ушын – базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында;

б) пара суммасы яки жеткизилген зыян ямаса өзлестирилип атырған (өзлестирилген) мүлктиң қуны базалық есаплаў муғдарының отыз есесине шекем болса:

социаллық қәўпи үлкен болмаған жынаят ушын – базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында;

онша аўыр болмаған жынаят ушын – базалық есаплаў муғдарының жети есеси муғдарында;

аўыр жынаят ушын – базалық есаплаў муғдарының он есеси муғдарында;

оғада аўыр жынаят ушын – базалық есаплаў муғдарының он бес есеси муғдарында;

в) пара суммасы яки жеткизилген зыян ямаса өзлестирилип атырған (өзлестирилген) мүлктиң қуны базалық есаплаў муғдарының отыз есесинен жүз есесине шекем болса:

социаллық қәўипи үлкен болмаған жынаят ушын – базалық есаплаў муғдарының он есеси муғдарында;

онша аўыр болмаған жынаят ушын – базалық есаплаў муғдарының он бес есеси муғдарында;

аўыр жынаят ушын – базалық есаплаў муғдарының жигирма есеси муғдарында;

оғада аўыр жынаят ушын – базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есеси муғдарында;

г) пара суммасы яки жеткизилген зыян ямаса өзлестирилип атырған (өзлестирилген) мүлктиң қуны базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен көп болса, төмендеги пайыз есабында есапланады:

анағурлым муғдар ушын – пара суммасы яки жеткизилген зыян ямаса өзлестирилип атырған (өзлестирилген) мүлк қунының он бес пайызы муғдарында;

көп яки жүдә көп муғдар ушын – пара суммасы яки жеткизилген зыян ямаса өзлестирилип атырған (өзлестирилген) мүлк қунының он пайызы муғдарында;

Бундай пара суммасы яки жеткизилген зыян ямаса өзлестирилип атырған (өзлестирилген) мүлк қунының пайызларда есаплаўда нызамшылықта белгиленген муғдардың ең кем муғдарынан келип шығылады;

д) излеўде болған шахстың жасырынған орны ҳаққында хабар бергенлиги ушын –  базалық есаплаў муғдарының бес есеси, еки ямаса оннан артық излеўде болған шахслардың жасырынған орны ҳаққында бир ўақытта хабар бергенлиги ушын болса – базалық есаплаў муғдарының жети есеси муғдарында бир мәртелик пул сыйлығы менен хошаметлениўи белгилеп берилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде            2021 жыл 24 февральда 3287-сан менен дизимге алынған Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң 2021 жыл 24 февральдағы 2-мҳ-санлы буйрығы менен “Норматив ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олар жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасын өткизиў тәртиби ҳақкында”ғы Режеси тастыйықланды.

Буннан тысқары, 2021 жыл 6 июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коррупцияға қарсы маўасасыз қатнасықта болыў орталығын жаратыў, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында коррупциялық факторларды кескин кемейтиў ҳәм бунда жәмәәтшилик қатнасыўын кеңейттириў ис-иләжлары ҳақкында» ПФ-6257-санлы Пәрманы жәрияланды.

Пәрман менен, а) Агентлик тәрепинен “Коррупцияға байланыслы жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылған шахслардың ашық электрон реестри” жүргизилиўин тәмийнлеў;

б) Реестрге киргизилген шахсларға төмендегилерди қадаған етиў:

мәмлекетлик хызметине кириў ҳәм мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланыўы;

сайланатуғын ҳәм айрықша тәртипте тайынланатуғын лаўазымларға талабанлығының көрсетилиўи;

мәмлекетлик уйымлары жанындағы жәмийетлик кеңеслери ҳәм де мәкемелер ааралық коллегиал уймылардың ағзасы болыў;

олар тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәм (яки) олар қатнасыўшысы есапланған исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик сатып алыўларда ҳәм мәмлекетлик-жеке шериклик ҳақкындағы питимде қатнасыўшы (орынлаўшы) сыпатында қатнасыў, сондай-ақ, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў менен баайланыслы тендер ҳәм таңлаў саўдаларында қатнасыў;

мәмлекетлик үлеси 50 пайыздан жоқары болған шөлкемлер ҳәм мәмлектелик билимлендириў мәкемелеринде баслық лаўазымларында искерлик жүргизиўди қадаған етиў белгилеп берилди.

2022 жыл 1 январьдан баслап, мәмлекетлик хызметкерлери, мәмлекет үлеси 50 пайыздан жоқары болған шөлкемлер, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм мәкемелери баслықлары ҳәм орынбасарлары, олардың өмирлик жолдасы ҳәм ер жетпеген перзентлериниң дәраматлары ҳәм мал-мүлкин мәжбүрий декларация қылыў системасын енгизиў белгиленди.

2022 жыл 1 январьдан баслап мәмлекетлик хызметкерлерине республика аймағынан тысқарыда есапбетлер ашыў ҳәм ийелик етиў, нақ пул қаржыларын сақлаў, көшпес ҳәм басқа мал-мүлкке ийе болыў қадаған етилиўи (шет елде ислеп атырған мәмлекетлик хызметкерлери ҳәм мәмлекетлик хызметине кириўден алдын алынған мал-мүлк буннан тысқары) белгиленди.

Сондай-ақ Пәрман менен Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша          2021-2022 жылларға арналған Мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды.

Буннан тысқары, 2021 жыл 6 июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коррупцияға қарсы гүресиў искерлигин нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳақкында»ғы ПҚ-5177-санлы Қарары жәрияланды.

Қарар менен, 2021 жыл 1 сентябрьден баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде  жумысқа қабыл етиўди ашық таңлаў тийкарында әмелге асырыў ҳәмде таңлаў шеңберинде өткизилетуғын сынаў иләжларын Интернет тармағы арқалы реал ўақыт режиминде көриўди нәзерде тутыўшы тәртип енгизиў белгиленди.

2021 жыл 1 октябрьден баслап барлық мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлеринде бар болған штат бирликлери шеңберинде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структуралары искерлигин жолға қойыў белгиленди.

Сондай-ақ, 2021 жыл 22 октябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Норматив ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизадан өткизиўди жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ҳақкында”ғы ПҚ-5263-санлы Қарары жәрияланды.

Қарар менен қурылыс, ден-саўлықты сақлаў, жоқарғы билимлендириў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлары тараўындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди коррупцияға қарсы экспертизадан өткизиў нәтийжесинде анықланған коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша “Жол картасы” тастыйықланды.

Әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди басқышпа-басқыш толық коррупцияға қарсы экспертизадан өткизиў;

норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизадан өткизиўге жәмәәтшилик, илимий шөлкемлер ҳәм ғәрезсиз экспертлерди кең қатнастыырыў;

норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўда ислеп шығарыўшы тәрепинен коррупциялық факторларды анықлаў бойынша үлгили формадағы сораўнама (кейинги орынларда чеклист) толтырылыўы ҳәм жойбар қабыл етилгенге шекем болған барлық басқышларда оған қосымша қылыныўы;

чеклист толтырылмаған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери жойбарлары әдиллик уйымлары тәрепинен ҳуқықый экспертизадан өткизилмеслиги ҳәм ислеп шығарыўшыға қайтарылыўы;

норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларында әдиллик уйымлары тәрепинен анықланған коррупциялық факторлар тийисли мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери искерлигин баҳалаўдың тийкарғы өлшемлеринен бири етип белгиленди.

2022-2026-жылларда әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди коррупцияға қарсы экспертизадан өткизиў реже графиги тастыйықланды.

Әдиллик министрлиги ҳәр алты ай жуўмағында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң юридикалық хызмет хызметкерлерин норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын коррупцияға қарсы экспертизадан өткизиў искерлигин баҳалайды ҳәмде баҳалаў нәтийжелерине көре оларға қарата хошаметлеў ямаса интизамий жаза қоллаў бойынша иләжлар көриў ҳақкында тийисли усынысларды мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге киргизеди;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер баслықлары юридикалық хызмет хызметкерлерин лаўазым мийнет ҳақысының 100 пайызы муғдарында бир мәртелик пул қаржыларын бериў арқалы хошаметлеў ямаса белгиленген тәртипте интизамий жуўапкершиликке тартыў мәселесин көрип шығады.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абат турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы жәнеде жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдарда реформалар еле де даўам етеди, себеби олардың тийкарғы мақсети елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

Абдимурат Керимбаев,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы