БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫ МӘМЛЕКЕТ ҚОРҒАЎЫНДА
Конституция мәмлекетимиздиң тийкарғы Нызамы болып есапланады. Улыўмахалық референдумы тийкарында қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституциямыздың ең әҳмийетли тәреплери инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты, қол қатылмас ҳуқықлары ҳәм мәплерин тәмийинлеў, еркин ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин раўажлантырыў ҳәмде демократик ҳуқықый мәмлекет қурыў менен байланыслы өзгерислери менен үлкен әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда Конституциямызда биринши мәрте балалар мийнетине тийисли керекли норма, яғный 44-статьясына “Балалар мийнетиниң баланың ден-саўлығына, қәўипсизлигине, қулқына, ақлый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, сол қатарында оның билим алыўға тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етиледи деген норма киргизилди.
Өзбекстан Республикасы 2008-жылда Халықаралық Мийнет шөлкеминиң Балалар мийнетиниң аўыр түрлерин қадаған етиў ҳәм жоқ етиўге тийисли шаралары ҳаққындағы Конвенцияны ратификация етти.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Жынаят кодексларында жас өспирим шахслардың мийнетинен пайдаланыўына жол қойылмаслығы ҳаққындағы талапларын бузыў, яғный жәс өспирим шахс мийнетинен оның ден саўлығы, қәўипсизлигине яки әдеп-икрамлығына зыян жеткериўи мүмкин болған ислерде пайдалыныў ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайы жуўапкершилик шаралар белгиленген.
Конституциямызға биринши мәрте киргизилген бул норма мәмлекетимизде бул тараўда ерисилген жетискенликлерди беккемлейди ҳәмде жас өспирим шахстың баркамал болып үлкейиўине ҳуқықый кепиллик болып хызмет етеди.
Луиза ОТЕГЕНОВА,
Жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судының баслығы