ЖОҚАРЫ СУДТЫҢ ГЕЗЕКТЕГИ ПЛЕНУМЫ

Өзбекстан Республикасы Жоқары судының гезектеги пленум мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте суд қарарларының нызамлы, тийкарлы ҳәм әдил қабыл етилгенин тексериў институтын қолланыўда суд әмелиятында әҳмийетли болған мәселелер бойынша таярланған бес қарар жойбары көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Жоқары судының баслығы Бахтиёр Исломов басқарған мәжилис алдынан мәмлекетимизде әмелге асырылған суд-ҳуқық реформалары судларды пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўшы уйым сыпатында халыққа және де жақынластырыў менен бир қатарда суд ҳәкимияты еркинлигин тәмийинлеў ҳәм судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыў имканиятын бергени атап өтилди.

Жаңа редакциядағы Конституция Жаңа Өзбекстан стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратып, мәмлекет ҳәм жәмийетти буннан былай да раўажландырыўдың ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.

– «Өзбекстан – 2030» стратегиясында халық хызметиндеги әдил ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў идеясы сәўлелендирилген, – дейди Жоқары суд жәмийетшилик пенен байланыслар орайының баслығы Азиз Обидов. – Бул судьялар корпусына айрықша жуўапкершилик жүклеген ҳалда «Халықшыл суд» принципи тийкарында судты халқымызға әдиллик пенен хызмет ететуғын қорғанға айландырыў ўазыйпасын қоймақта. Усы мақсетте суд ҳәкимиятының еркинлигин күшейтиў ҳәм оның жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға итибар қаратылмақта. Әмелге асырылып атырған барлық реформалар орайында инсан қәдирин улығлаўға қаратылған ийгиликли идея жәмленген. Өткен жылы Президентимиз суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясын тастыйықлап берди. Пленум мәжилисиниң додалаўына қойылған мәселелер де әне, усы стратегияға муўапық қабыл етилген нызамларға бағышланған.












«Судлар тәрепинен жынаят ислерин апелляция ҳәм кассация тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында», «Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди аппеляция ҳәм кассация тәртибинде көрип шығыў бойынша суд әмелияты ҳаққында», «Судлар тәрепинен пуқаралық ислерин аппеляция ҳәм кассация тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында», «Судлар тәрепинен ҳәкимшилик ислерди аппеляция ҳәм кассация тәртибинде көриўдиң айырым мәселелери ҳаққында»ғы пленум қарарларының жойбарлары усылардың қатарына киреди.

Бул ҳүжжетлер тәжирийбели әмелиятшылар, илимий-мәсләҳәт кеңесиниң ағзаларынан ибарат жумысшы топарлар тәрепинен ислеп шығылған ҳәм бир неше рет додаланған.

Жумысшы топарлар тәрепинен әмелдеги нызам ҳүжжетлерин қолланыўда жүзеге келип атырған мәселелерге байланыслы қағыйдалар талланып, алдынғы сырт еллердиң тәжирийбеси үйренилген.

Үйрениўлер тиккелей орынларға шығыў арқалы әмелге асырылып, жол қойылған қәтеликлер талланған. Анықланған машқалалы мәселелер бойынша судлардан, суд ветеранларынан, усы мәселелерге байланыслы мәпдар уйымлардан пикир-усыныслар алынған.

Бизге белгили, усы жылдың басынан суд қарарларының нызамлы, тийкарланған ҳәм әдил қабыл етилгенин тексериўдиң пуқараларға қолайлы жаңа тәртиби судлар жумысына енгизилди.

Процессуаллық нызамшылыққа суд қарарларын қайта көриўдиң жаңа тәртиби киргизилгени, бул тәртип бойынша бирден-бир суд әмелиятын тәмийинлеў керек екенин есапқа алып, суд қарарларын апелляция ҳәм кассация тәртибинде қайта көриўде нызамларды дурыс қолланыў бойынша түсиниклер бериў талабы жүзеге келди.

Жаңа тәртипке бола, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардың ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилиги артып, олардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў жолға қойылды. Сондай-ақ, пуқаралардың судқа шағым етиў ҳуқықы буннан былай кеңейтилип, халықтың орынларда судпа-суд сергиздан болып жүриўи сапластырылды.

Пленум қарарларында нызамлы күшке кирмеген суд қарарларын шағым ямаса протест тийкарында апелляция тәртибинде, нызамлы күшке кирген суд қарарларын болса, кассация тәртибинде қайта көриўдиң тийкарғы тәреплери, ис жүргизиўдиң өзине тән өзгешеликлери ашып берилген. Судларда бирден-бир әмелиятты қәлиплестириўге байланыслы әҳмийетли түсиниклер сәўлелендирилген.

Мәжилисте көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы

Skip to content