КОНСТИТУЦИЯ НОРМАЛАРЫН ӘМЕЛИЯТТА ТУЎРЫДАН-ТУЎРЫ ҚОЛЛАНЫЎДЫҢ АЙЫРЫМ МӘСЕЛЕЛЕРИ

 

Мәмлекетимизде 2023-жыл 30-апрель күни өткерилген Өзбекстан Республикасының референдумында улыўма халықлық даўыс бериў жолы арқалы жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди. Жаңаланған Конституция Жаңа Өзбекстан стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратып, миллий мәмлекетшилик раўажланыўының тарийхый әҳмийетли басқышында мәмлекет ҳәм жәмийетти жәнеде раўажландырыўдың баслы бағдарларын белгилеп берди.

 

Жаңаланған Конституцияның қабыл етилиўи судлар тәрепинен конституциялық нормаларды әмелиятта туўрыдан-туўры ҳәм бирдей қолланылыўы арқалы инсан ҳуқықларына байланыслы кепилликлерди толық тәмийинлеў ушын әлбетте усы мәселеде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы қарарын қабыл етиў зәрүрлигин пайда етти.

 

Солай етип, судларда конституциялық нормаларды әмелиятта туўрыдан-туўры қолланыўда бирдей әмелиятты қәлиплестириў мақсетинде 2023-жыл 23-июнда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Әдил судлаўды әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы Конституциясы нормаларын туўрыдан-туўры қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 16-санлы қарары қабыл етилип, судларға конституциялық нормаларды қолланыў бойынша бир қатар түсиндирмелер берилди.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 15-статьясы екинши бөлимине көре, Конституция мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, туўрыдан-туўры әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый мәканның негизин қурайды.

 

Конституцияның жоқары юридикалық күшке ийе екенлиги ҳаққындағы қағыйда оның нормалары барлық нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерден үстин турыўын аңлатады.

 

Конституция нормасын тийисли нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмегенлиги ўәжи менен қолламаслыққа жол қойылмайды.

 

Конституцияның 15-статьясы үшинши ҳәм төртинши бөлимлерине көре, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принцип ҳәм нормалары менен бир қатарда Өзбекстан Республикасы ҳуқықый системасының бир бөлеги есапланады.

 

Сонлықтан, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының нызамында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген жағдайда, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасы қағыйдалары қолланылады.

 

Бул орында нызам ҳүжжетлерине тийкар халықаралық шәртнама Өзбекстан Республикасында ратификация етилгенлиги ямаса күшке кириўи ушын зәрүр болған мәмлекеттиң ишки тәртип ҳәм процедураларынан өткизилгенлигине ҳәмде қосымша шәртлер қойылғанлығына итибар қаратылыўы лазым.

 

Судлар тәрепинен ислердиң көрип шығылыўында халықаралық шәртнама нормалары қолланылған жағдайда суд қарарының тийкарландырыўшы бөлиминде усы халықаралық шәртнама нормалары көрсетилиўи керек.

 

Суд ҳүжжетлеринде ҳуқықый тийкар сыпатында биринши гезекте қағыйда сыпатында, Конституцияның тийисли нормалары қолланылыўы лазым.

 

Пуқаралық процессуаллық кодекси, Экономикалық процессуаллық кодексҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине муўапық, 2023-жыл 1-майға шекем қабыл етилген биринши инстанция судының суд ҳүжжетлери жоқары инстанция судлары тәрепинен қайта көрилип атырғанда оларда қолланылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң Конституция нормаларына сәйкес келмегенлигиниң анықланғанлығы суд ҳүжжетлерин өзгертиў яки бийкар етиў ушын тийкар болмайды.

 

Мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, олардың лаўазымлы шахслары менен қатнасықларда инсан ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде усы уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен инсанға қарата ҳуқықый тәсир шараларын қолланыўда Конституцияда белгиленген сәйкеслилик принципине әмел етилгенлиги тексерилиўи лазым.

 

Ҳуқықбузарлық ислегенликте айыпкер болған шахсқа қарата қолланылатуғын жаза яки басқа ҳуқықый тәсир шарасы әдил болыўы яғный ҳуқықбузарлықтың аўыр жеңиллигине, айыптың ҳәм шахстың социаллық қәўиплилик дәрежесине муўапық болыўы керек.

 

Инсан менен мәмлекет уйымларының өз-ара қатнасықларында жүзеге келетуғын нызамшылықтағы барлық қарама-қарсылықлар ҳәм  анықсызлықлар инсан пайдасына хызмет етиўи лазым.

 

Конституцияның 28-статьясы талапларына муўапық, айыплылыққа байланыслы барлық гүманларды сапластырыўдың имкәны жоқлығы шахсты айыпсыз деп табыўға тийкар болады, шахстың өз айыбын тән алғанлығы оның айыбы судта тексерилген басқа дәлийллер менен дәлийлленген жағдайда ғана айыплаў ҳүкими шығарылыўына тийкар бола алады.

 

Сондай-ақ, Конституцияның 29-статьясы төртинши бөлимине тийкар нызамды бузған ҳалда алынған дәлийллерден әдил судлаўды әмелге асырыў ўақтында пайдаланыўға жол қойылмайды.

 

Буннан тысқары, Пленум қарарында айырым ислерде қолланылыўы лазым болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң Конституцияға қайшы екенлиги анықланған жағдайда, судлар Жоқарғы судқа усы мәселеде Конституциялық судқа мүрәжат етиў бойынша усыныс киритиўлери лазымлығы түсиндирилген.

 

Соның менен бирге, Пленум қарарында барлық судлар, нызамшылықты қолланып атырған мәмлекет уйымлары, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер ҳәмде лаўазымлы шахслар усы Пленум қарары түсиндирмелерине сөзсиз әмел етиўи лазымлығы белгиленген.

 

Бул Пленум қарарының қабыл етилиўи әлбетте судларда бирдей әмелияттың қәлиплесиўине ҳәмде инсан ҳуқықларының кепилликли қорғалыўына хызмет етери сөзсиз.

 

 

 

Спартак НИЯЗОВ,   

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы