«ӨЗБЕКСТАН-2030» СТРАТЕГИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА

2023 жыл 11 сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ-158-санлы  Пәрманына тийкар «Өзбекстан 2030» стратегиясы  тастыйықланды.

«Өзбекстан 2030» стратегиясында төмендеги тийкарғы идеялар итибарға алынды:

Турақлы экономикалық өсиў арқалы дәрамады орташадан жоқары болған мәмлекетлердиң қатарынан орын алыў;

халықтың талапларына ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын тәлим, медицина ҳәм социаллық қорғаў дизимин шөлкемлестириў;

халық ушын қолайлы болған экологиялық шараятлар жаратыў;

халық хызметиндеги әдил ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў;

мәмлекеттиң суверенитети ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў.

Стратегияның нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириў деп аталыўшы бәнтинде туўрыдан-туўры әмел қылатуғын нызамларды қабыл қылыў әмелиятын кеңейтиў, олардың үлесин кеминде 60 пайызға жеткериў, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўының нәтийжели мониторингин қамрап алыўды 100 пайызға жеткериў, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы болған әпиўайы ҳәм ықшам нызамшылық системасын жаратыў ҳ.т.б илажларды әмелге асырыў белгиленген болса, ал нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасындағы реформалар деп аталатуғын бәнтинде халық пунктлеринде еки ҳәм оннан артық полосалы тәртипке салынбаған пиядалар өтиў жолларын (кнопкалы) светофорлар менен толық тәмийинлеў, азатлықтан айырыў жазасын тайынлаў әмелиятын 30 пайыздан 20 пайызға түсириў, судлар ҳәмде тергеў органларының жумысында  айырым процессуал ҳәрекетлерди қашықтан турып әмелге асырыў имканиятларын кеминде 2 есеге асырыў, ҳәкимшилик судларына тиккелей мүрәжат етиўге тосқынлық қылынып атырған тосықларды толық сапластырыў, судқа шекемги басқышта даўларды шешиў нәтийжелилигин 50 пайызға асырыў ҳәм бул арқалы судқа шекем шешилиўи мүмкин болған даўлар жүзесинен судларға келип түсетуғын ислердиң санын 50 пайызға кемейтириў, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларға байланыслы ислерди көрип шығыў нәтийжелери үстинен судларға жиберилип атырған шағымлардың 50 пайызының электрон түринде келип түсиўине ерисиў, исбилерменлик субъектлериниң қарсысына қозғатылған жынаят ислери көрилгенде 100 пайыз қорғаўшы яки жәмәәт қорғаўшысынның қатнасыўын тәмийинлеўге ерисиў,  жәҳән әдил судлаў проектиниң Ҳуқық үстинлиги индекси бойынша 0,64 балл топлаўға ерисиў, бирден-бир электрон реестр жаратыў арқалы жынаят иси қозғатылғанынан баслап ис бойынша ҳүким шығарылғанға шекемги процессти индивидуал сан ҳәм QR коды арқалы бақлап барыў имканиятын енгизиў, дәлиллерди топлаў ҳәм беккемлеў искерлигин заманагөй технологиялар ҳәм соңғы илимий жетикенликлерди енгизиў арқалы толық санластырыў, суд ҳәм басқа органлардың ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислердиң тайпасының кеминде 30 пайызын жеке сектор жәрдеминде орынлаўды жолға қойыў, 100 пайыз жынаят ислери ҳәм материаллардың электрон түриндеги нусқасын жүргизиў ҳәм усы ислер бойынша электрон ҳүжжет алмасыўын тәмийинлеў, сондай-ақ адвокатура институтын өзин-өзи басқарыў системасына өткериў ҳәмде оның мәмлекетлик органлар ҳәм басқа дүзилмелерден шын мәнисиндеги ғәрезсизлигин тәмийинлеў, адвокатлар дәрежесин асырыўдың заманагөй ҳәм халықаралық стандартларға сай келиўши ҳәм альтернатив принципине тийкарланған системасын енгизиў, адвокатлардың санын кеминде 2000 ге көбейтиў, пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық ислер бойынша адвокатлар ҳәмде судлар, ҳуқықты қорғаўшы органлар ҳәм басқа мәмлекетлик органлардың ортасында электрон ҳүжжетлер алмасыўы дәрежесин кеминде 50 пайызға жеткериў бойынша илажлар белгиленди.

 

 

Гаўхар ЗАРИПОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының  судьясы