«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН – ЖАҢА СУД ПРИНЦИПИ»: ИНСАН ҲУҚЫҚ ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕРИН ҚОРҒАЎДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЛАРЫ

Жәмийетимизде «Нызам – үстинлиги, жаза – шәртлиги» принципин тәмийнлеў, суд системасы искерлигин жеделлестириў, оларды инсан ҳуқық ҳәм мәплери қорғаўына айлантырыў бойынша салмақлы жумыслар алып барылмақта.

 

Усындай өзгерислер себепли жәмийет өмиринде нызам-қағыйда, тәртип-интизам адамлардың ҳақылы талаплары менен есапласыў сыяқлы ең әҳмийетли принциплер барған сайын терең орын ийелемекте.

 

Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев айтқанындай «Суд уйымына қәдем қойған ҳәр бир инсан Өзбекстанда әдалат ҳүким сүретуғынлығына толық исеним алыўы лазым».

Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясында усы тараўда ең баслы ўазыйпамыз – Өзбекстанның дүньядағы «нызам үстинлиги индекси» жоқары дәрежеде болған мәмлекетлер қатарына кириўин тәмийнлеў ҳәм халықтың әдалатлы судлаўға исенимин асырыўдан ибарат.

 

Соңғы жылларда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде  «бир суд – бир инстанция» принципи ен жайдырылып, оған көре, районлық (қалалық) судларда ислер тек биринши басқышта, ўәлаят ҳәм оған теӊлестирилген судларда – апелляцияда, Жоқарғы судта болса – ислер кассация тәртибинде көрилди. Нәтийжеде судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыўдың сапасы жаңа басқышқа көтерилди. Лекин, суд инстанцияларының қысқарыўы, ақырғы шешимлерди кассация инстанциясы ретинде тек Жоқарғы судтың өзи қабыл етиўи лазымлығы пуқаралардың суд арқалы өз ҳуқықларын қорғаўында қолайсызлықлар жаратты. Себеби, айырым ислер бойынша қабыл етилген суд қарарынан наразы болған шахслар биринши ҳәм апелляция инстанциясынан кейин тиккелей Жоқарғы судқа мүрәжат етиўи, әсиресе жынаят ислери бойынша судларда, кассация инстанциясы судының ис көлемин асырып жиберди, бул болса жоқары инстанция судында ислердиң көрилиўи мүддети ҳәм сыпатына өзиниң кери тәсирин тийгизди.

 

Сонлықтан, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-январь күнги “Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы 11-санлы ҳәмде “Әдил судлаў искерлигин әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы 12-санлы пәрманларына көре Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў, судлар жумысының нәтийжелилиги ҳәм әдил судлаўдың сапасын арттырыў мақсетинде 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы тастыйықланды.

 

Сондай-ақ, Пәрман талапларынан келип шыққан ҳалда әмелдеги  процессуаллық кодекслерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, 2024-жылдың  1-январынан баслап күшке кирди.

 

Бул өзгерис ҳәм қосымшаларға муўапық ендиликте суд ислерин қайта  көриўдиң орайластырылыўына шек қойылып, ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация ҳәм ревизия тәртибинде көриў басқышлары енгизилди. Сондай-ақ, жоқары инстанция судлары тәрепинен биринши инстанция судларының бийкар етилген қарарларын жаңадан көриў ушын қайтадан сол судларға жибериў тәртиби шығарып тасланып, ҳәр бир суд инстанциясына ис бойынша ақырғы қарар шығарыў миннетлемеси жүклетилди.

 

Соның менен бирге, бул нызамлар менен алдын судларда болмаған ревизия инстанциясы шөлкемлестирилип, бул арқалы орта буўын судлары, яғный ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, пуқаралардың Конституцияда нәзерде тутылған суд арқалы қорғалыў ҳәм судқа шағым етиў  ҳуқықларының кепилликлерин және де асырыў мақсет етип қойылды.

 

Жуўмақластырып айтқанда, елимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың бәршеси пуқаралардың әдил судлаўдан пайдаланыў дәрежесин асырыўға, суд ислериниң сыпатлы ҳәм өз ўақтында көрилиўине, судлардың шын мәнисте бийғәрез ҳәкимият тараўына айланыўына хызмет етеди.

 

 

Саодат КАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судьясы