Гендер теӊликти тәмийнлеў ҳәм барлық ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кенейтиў

Бәршемизге мәлим болғанындай, 2019 жыл 2 сентябрь күни Ѳзбекстан Республикасыныӊ «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятлар кепилликлери ҳаққында» ғы нызамы қабыл етилди. Бул нызамшылыққа кѳре, гендер-бул ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ортасындағы мүнәсебетлердиӊ жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниӊ барлық тараўларында, солар қатары сиясат, экономика, ҳуқық, мәденият, билимлендириў ҳәм де илим-пән тараўларныда кѳринетуғын социаллық тәрепи болып табылады. Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ҳәм де олардыӊ жойбарларын ҳаял-кызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятлар кепилликлерин тәмийнлеў принциплерине муўапыклығы бойынша талқылаў гендер-ҳуқықый экспертиза деп аталады. Жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниӊ барлық тараўларында ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардыӊ ҳуқықлары ҳәм де еркинликлерин тән алмаслыққа қаратылған ҳәр қандай тәризде парықлаў, шеклеў, солар қатары шаӊарақ ҳалаты, ҳәмиледарлығы, шаӊарақ миннетлемелери себепли кемситиў, сондай-ақ теӊ мийнет ҳәм маманлық ушын ҳәр қыйлы ҳақ тѳлеў жыныс бойынша тиккелей кемситиў болып есапланады.

Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятлар кепилликлерин тәмийнлеўдиӊ тийкарғы принциплери, нызамлылық, демократизим, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардыӊ теӊ ҳуқықлылығы, жыныс бойынша кемситиўге жол қойылмаслығы, әшкаралықтан ибарат.

Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар мәмлекет тәрепинен кепилленген теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятларға ийе болады. Бала туўыў ҳәм ана сүти менен азықландырыў ўазыйпалары менен байланыслы мүнәсебетлерди тәртипке салыўда парықларды белгилеў, нызамда белгиленген тәртипте мүддетли әскерий хызметке шақырыў, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар мийнетин қорғаўда олардыӊ репродуктив саламатлығын сақлаў тәртиплери. Миннетлемелер тек ғана белгили жыныстағы шахслар тәрепинен орынланыўы мүмкинлигине тийкарланған ҳалда кәсиплик маманлыққа байланыслы усыныслар бериў, ҳаял-қызлардыӊ жәмийеттеги социаллық статусын беккемлеўге, ҳаял-кызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятларын тәмийнлеўге қаратылған унамлы ис-илажлар жыныс бойынша кемситиў есапланбайды.

Мәмлекет ҳаял-кызлар ҳәм ер адамларға жеке, сиясий, экономикалық ҳәм мәдений ҳуқықларды әмелге асырыў ўақтында теӊ ҳуқықлылықты кепиллейди. Мәмлекет ҳаял-кызлар ҳәм ер адамларға жәмийет ҳәм де мәмлекет ислерин басқарыўда, сайлаў процессинде теӊ қатнасыўды, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, пән, мәденият, мийнет ҳәм социаллық қорғаў тараўларында, сондай-ақ мәмлекет ҳәм жәмийет турмысыныӊ басқа тараўларында теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятлар тәмийнлениўин кепиллейди.

Ҳаял-кызлар ҳәм ер адамлар ортасында ҳақыйқый теӊликке ерисиў, жәмийет турмысыныӊ барлық тараўларында олардыӊ қатнасын кеӊейтириў, жыныс бойынша тиккелей яки ҳәр қандай кемситиўди сапластырыў ҳәм де олардыӊ алдын алыў мақсетинде мәмлекет тәрепинен гендер сиясаты әмелге асырылыўын тәмийнлеў менен байланыслы ўақтыншалық арнаўлы ис-илажларды кѳреди.

Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятларды тәмийнлеў тараўындағы мәмлекет сиясатыныӊ тийкарғы бағдарлары тѳмендегилерден ибарат, усы тараўдағы норматив-ҳуқықый базаны қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, усы тараўдағы мәмлекет бағдарларын, миллий ҳәрекетлер режелерин ҳәм стратегияларын ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыў, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятлар мәдениятын қәлиплестириў, жәмийет ҳәм мәмлект ислерин басқарыўда, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардыӊ теӊ қатнасыўын тәмийнлеў, мийнет пенен байланыслы ҳәм шаӊарақ ўазыйпаларын бирге орынлаўда хаял-кызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятларды тәмийнлеў, шаӊарақты, балалықты социаллық қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў, жуўапкершиликли аналық ҳәм аталықты қәлиплестириў, жыныс бойынша тиккелей яки ҳәр қандай кемситиўге қаратылған мағлыўматлардан жәмийетти қорғаўдан ибарат.

Усы нызамныӊ 29-статьясына кѳре, ҳаял-кызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм де имканиятлар кепилликлери ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

 

 

Саодат Каипназарова,

Қарақалақстан Республикасы суды судьясы