Коррупцияға қарсы гүресиў  – коррупциялық иллетлерди сапластырыўдан басланады  

2022-2026-жылларға белгиленген «Жаӊа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясы»на муўапық мәмлекетимизде  әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдыӊ еӊ тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў әҳмийетли бағдарлардыӊ бири.

Мине усы бағдарды әмелге асырыў мақсетинде  Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 11-сентябрь күнги  «Өзбекстан -2030» стратегиясы ҳаққындағы ПФ-158-санлы Парманы қабыл етилди. Онда жәмийетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде еӊ алды менен коррупциялық иллетлерди сапластырыў системасыныӊ нәтийжелилигин асырыў, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў жумысларын даўам еттириў лазымлығы атап өтилген.

Сондай-ақ, усы Пәрманныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 11-сентябрь күнги  «Өзбекстан -2030» стратегиясын 2023-жылда сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-300-санлы қарары қабыл етилди.

Усы ис-иләжлардан айрықша атап өтиў керек болған иләжлардыӊ бири, бул мәмлекетимизде қабыл етилип атырған 100 пайыз норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиӊ «коррупциядан жырақ нызамшылық» принципи тийкарында ислеп шығылыўын тәмийинлеў болып табылады.

Әлбетте, усы жерде «коррупция»  не деген сораў туўылыўы тәбиий.

Коррупция-шахстың өз лаўазымы яки хызметинен жеке мәплерин көзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қарсы пайдаланыўы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қарсы усыныс етиў.

Коррупция сөзи – латын сөзинен алынған болып, пара берип сатып алыў, бузылыў, истен шығыў, ахлақый (руўҳый) бузылыў деген мәнисти аңлатады.

Кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта.  Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсебетти пайда етиўге бағдарланған системалы илажлар көрилип атыр.

Мәмлекетимиз басшысының нызамшылық басламасы менен Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы   Нызамы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2016-жыл 24-ноябрьде қабыл етилип, Сенат тәрепинен 2016-жыл 13-декабрь күни мақулланды.

Бул Нызамның қабыл етилиўи коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимизде әҳмийетли қәдем болды.

Нызам коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бирден-бир мәмлекет сиясатының мақсетли ҳәм системалы жолға қойылыўына ҳуқықый негиз жаратты.

Бул ҳүжжет тараўды тәртипке салыўшы, оның шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлери ҳәм мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислерин белгилеп бериўши системаластырылған дәслепки ҳүжжет болып есапланады. Нызам менен мәмлекетимизде бир қанша жумыслар әмелге асырып келинбекте.

Атап айтқанда, 2019-жыл 27-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы жәрияланды.

Пәрманға муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў, ен жокары дәрежедеги қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, елимиздиң халықаралық майдандағы унамлы абырайын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ,       2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық 2019-2020-жылларда коррупцияға карсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясының жаңаланған қурамы тастыйықланды.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм басқа шөлкемлер Мәмлекетлик бағдарламасының ҳәр бир бәнти бойынша мақсетлерге ерисиўде нәтийжелилик индикаторларын ислеп шығыўы ҳәм оны Уйымлараралық комиссия менен келисип алыўы зәрүрлиги көрсетилген.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталарында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд ҳуқық мәселелери бойынша комитетлер шөлкемлестирилди.

Пәрманда белгиленген әҳмийетли жаңалықлардан және бири – бул Уйымлараралық комиссия 2019-жыл 1-августтан баслап эксперимент тәризинде, жәмийетлик ҳәм жетекши экспертлерди, соның ишинде, сырт елли экспертлерди тартқан ҳалда дәслепки басқышта капитал қурылыс ҳәм Жоқары билимлендириў тараўларында “Коррупциясыз тараў” жойбарын әмелге асырыўды шөлкемлестириў белгиленди, 2020-жыл 1-апрельден баслап жойбарды басқа тараўларға да басқышпа-басқыш енгизиў, ҳәр жылы 1-апрельге шекем тийисли тараўларда “Коррупциясыз тараў” жойбарын әмелге асырыўдың жуўмақлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәмлимлеме киргизиў көрсетилген.

Сондай-ақ, Пәрманда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги Бас прокуратура менен биргеликте жасларға коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықый билим бериў бойынша комплексли илажларды ислеп шыққан ҳалда 2019-жыл              1-сентябрьден баслап улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў макемелериниң оқыў бағдарламаларында коррупцияға қарсы темалар буннан да былай кеңейтилиўи белгиленген.

Буннан тысқары, Пәрманның орынланыўы барысында айырым нызам ҳүжжетлерине Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен қабыл етилетуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер усы Пәрманға муўапықластырыў белгиленген.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абат турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы жәнеде жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдарда реформалар еле де даўам етеди, себеби олардың тийкарғы мақсети елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

 Зульфия Бабаджанова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы