Шәртнама түсиниги ҳәм шәртлери, оны өзгертиў ҳәм бийкар етиў тәртиби  

Еки яки бир неше шахстың пуқаралық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерин белгилеў, өзгертиў яки бийкар етиўге қаратылған  өз-ара келисимлер шәртнама деп аталады. Пуқаралық ҳукықый шәртнама, тийкарынан, мүлкий қатнасықларды рәсмийлестириў ушын дүзиледи. Айрым жағдайларда шәртнама мүлкий ҳукық ҳәм миннетлемелерди де рәсмийлестиреди. Бул-әдебият, пән ҳәм көркем өнер шығармаларды жаратыў тараўындағы дөретиўшилик искерлиги менен байланыслы шәртнамалар болып, мысалы, баспа шәртнамасы, сахна шәртнамасы, кино-сценарий ҳәм басқа шәртнамалар ушын  арналған. Бундай шәртнамалар тәреплердиң мүлкий ҳуқық ҳәм миннетлемелерин, атап айтқанда авторлық ҳақы ҳаққындағы шәртлер ҳәм орынлаў мүддетлерин бузғанлық ушын жуўапкерлик белгилемей, бәлки мулкий емес ҳуқықларды яки аноним тәризде шығарыўшы яки шығарма текстине өзгертиў киргизиўге рухсат бериў-бермеслик  сыяқлы мулкий емес ҳуқықларды белгилейди.

 

Шәртнамалар өз өзгешелигине көре төмендеги түрлерге бөлинеди. Шәртнама онда қатнасып атырған тәреплер ортасындағы ҳуқық ҳәм миннетлемердиң өз-ара бөлиниўине қарап бир ҳәм еки тәреплеме шәртнамаға бөлинеди. Бир тәреплеме шәртнамада қатнасып атырған тәреплердиң биринде ҳеш қандай миннетлеме болмай, тек ҳуқықы болса, екинши тәрепте тек миннетлеме болады. Мәселен, қарыз шәртнамасында қарыздар алған пул суммасын өз ўақтында қарыз бериўшиге қайтарыўға мәжбүр болса, қарыз бериўши қарызға берген пул суммасын талап етиў ҳуқықына ийе. Еки тәреплеме шәртнамада болса ҳәр еки тәреп ҳәм ҳукыққа, ҳәм миннетлемеге ийе болады. Бундай шәртнамаға алды-сатты шәтнамасын мысал етип келтириў мүмкин. Бул шәртнамаға көре, сатыўшы сатылған заттың баҳасын талап етиў ҳуқықына ийе болып, сатылған затты алыўшыға тапсырыўға мәжбүр, алыўшы болса алып атырған заттың баҳасын төлеўи зәрүр болып, сатып алынған затты талап етип алыўға ҳақылы.

 

Шәртнаманың шәртлери тәреплердиң қалёўи менен белгиленеди. Шәртнаманың дүзилиўи Пуқаралық кодексиниң 364-статьясында көрсетилгендей, егер тәреплер ортасында шәртнаманың барлық әҳмийетли шәртлери жүзесинен усындай жағдайларда талап етилетуғын формада келисимге ерисилген болса, шәртнама дүзилген есапланады.

 

Шәртнаманың улыўма тәртибинде дүзилиўи еки дәўир менен белгиленеди: биринши дәўир-шәртнама дүзиўге усыныс етиў дәўири, ол оферта, шәртнама дүзиўге усыныс етиўши болса, оферент, деп аталады. Екинши дәўир-шәртнама дүзиў ҳаққындағы усынысты қабыл етиў, бул акцепт ҳәм усынысты қабыл етиўши болса, акцептант деп айтылады. Шәртнаманы дүзиў ушын тәреплер келисиминиң өзи жетерли емес. Бул келисим тийисли формада рәсмийлестирилген болыўы шәрт. Шәртнамалардың формасы Пукаралық кодексиниң 366-статьясында белгиленген қағыйдаларға муўапық болыўы шәрт, оған көре, егер нызамда белгили түрдеги шәртнамалар ушын мәлим бир форма белгилеп қойылған болмаса, шәртнама питимлер дүзиў ушын нәзерде тутылған ҳәр қандай формада дүзилиўи мүмкин. Нотариал тастыйықланыўы яки мәмлекетлик дизимнен өткизилиўи шәрт болған шәртнама нотариал тастыйықланған яки дизимнен өткизилген ўақыттан баслап, нотариал тастыйықланыўы ҳәм дизимнен өткизилиўи зәрүр болғанда болса-шәртнама дизимнен өткизилген ўақыттан баслап дүзилген есапланады. Егер Пуқаралық кодекси яки басқа нызамларға муўапық шәртнама дүзиўи мәжүрий болған тәреп оны дүзиўден бас тартса, екинши тәреп оны шәртнама дүзиўге мәжбүр етиў талабы менен судқа мүрәжат етиўге ҳақлы. Шәртнама дүзиўден тийкарсыз бас тартқан тәреп усы себепли жеткизилген зыянды басқа тәрепке төлеўи керек.

 

Улыўма қағыйдаға көре шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар етилиўи мүмкин. Тәреплердиң бириниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен тек екинши тәреп шәртнаманы айтарлықтай  рәўиште бузса; Пуқаралық кодекси, басқа нызам ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған басқа жағдайларда. Тәреплердиң бириниң шәртнаманы бузыўы екиши тәрепке ол шәртнама дүзиўде умит етиўге ҳақлы болған нәрселерден көп дәрежеде айрылатуғын етип зыян жеткизиўи шәртнаманы айтарлықтай бузыў есапланады. Бир тәреп шәртнаманы орынлаўдан толық яки қысман бас тартып, нызам яки тәреплердиң келисиминде буған жол қойса, шәртнама тийислилигинше бийкар етилген ҳәм өзгертилген есапланады.

 

Бир тәренп шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы усынысқа екинши тәрептен бас тартыў ҳаққында жуўап алғаннан кейин ғана яки усыныста көрсетилген ямаса нызамда яки шәртнамада белгиленген мүддетте, бундай мүддет болмағанда болса отыз күнлик мүддетте жуўап алмағаннан кейин, шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққында талапты судқа усыныўы мүмкин. Егер нызамда яки тәреплердиң келисиминде басқаша тәртип белгилеп қойылған болмаса, тәреплер шәртнама өзгертилгенге шекем яки бийкар етилгенге шекем миннетлеме бойынша өзлери орынлаған нәрселерди қайтарып бериўди талап етиўге ҳақылы емес.

 

 

Саодат Қайыпназарова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы