Ата-ананың ҳәм басқа жақын туўысқанларының бала менен көрисип турыў ҳуқықы менен байланыслы даўлардың өзгешелиги

Ата-ананың ҳәм басқа жақын туўысқанларының бала менен көрисип турыў ҳуқықы менен байланыслы даўлардың дурыс ҳәм өз ўақтында мазмунынан шешиўде суд процессуаллық ҳәм материаллық ҳуқық нормаларын ҳәм нызамларын туўры қолланыўы ҳәм әмелге асырыўы тийис.

Ата-ананың ҳәм басқа жақын туўысқанларының бала менен көрисип турыў ҳуқықы менен байланыслы даўларды судлар ис бойынша таярлық ҳәрекетлери әмелге асырылып болынған күннен баслап бир айлық мүддет ишинде пуқаралық исти мазмунынан көрип шығыўы лазым.

Судлар, бундай даўларды шешиўде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 1998-жыл 11-сентябрь күнги «Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған даўларды шешиўде судлар тәрепинен нызамларды қоллаў әмелияты ҳаққында»ғы 23-санлы Қарарын ҳәм Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодекслерин қолланады.

Баладан бөлек жасап атырған ата(ана) перзенти менен көрисиў, оның тәрбиясында қатнасыў ҳәм билим алыў мәселесинде қатнасыў ҳуқықына ийе.

Бала менен бирге жасап атырған ата(ана) баланың ана (ата)сы менен көрисиўге, егер бундай көрисиў баланың физикалық ҳәм руўхый саламатлығына, өсип жетилисиўине зыян келтирмесе, қарсылық етпеў керек.

Ата-ана баладан бөлек жасайтуғын ата(ана)ның ата-аналық ҳуқықларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында жазба түрде келисим дүзиўге ҳақылы. Егер ата-ана келисе алмаса, даўа ата-ана, (яки олардың биреўи)ниң талабына муўапық суд тәрепинен қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымы қатнасыўында шешиледи. Судтың бийлиги орынланбағанда айыпкер ата-анаға қарсы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған шаралар қолланылады. Судтың  бийлигин қастан орынламаған жағдайда суд баладан бөлек жасап атырған ата(ана)ның талабына муўапық баланың мәпин ҳәм оның пикирин есапқа алған ҳалда баланы оған бериў ҳаққында бийлик шығарыўы мүмкин.

Баладан бөлек жасап атырған ата(ана) тәрбия, емлеў, халықты социаллық жақтан қорғаў ҳам басқада соған уқсаған шөлкемлерден өз баласы ҳаққында мағлыўмат алыў ҳуқықына ийе. Ата(ана) тәрепинен баланың өмири ҳәм ден саўлығы ушын қәўип-қәтер болғанда ғана, оларға мағлыўмат бериў қанаатландырылмаўы мүмкин. Мағлыўмат бериўдиң қанаатландырылмаслығы үстинен суд тәртибинде шағым етиўи мүмкин.

Ата, апа, аға-ини, ажапа-қарындас ҳәм басқа жақын туўысқанлар бала менен көрисип турыў ҳуқықына ийе.

Ата-ана (олардың бири) жақын туўысқанларының бала менен көрисиўге имканият бермесе, қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымы ата-ананы (олардан биреўин) бундай имканият бериўге мәжбүр етиўи мүмкин.

Егер ата-ана (олардан биреўи) қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымы қарарын орынламаса, баланың жақын туўысқанлары яки қәўендерлик ҳәм әменгерлик ўйымы бала менен көрисип турыўға тосқынлық етиўши жағдайларды жоқ етиў ҳаққында даўа менен судқа мүрәжаат етиўге ҳақылы. Суд баланың мәпин ҳәм баланың пикирин есапқа алған ҳалда даўды шешеди.

Судтың бийлиги орынланбағанда айыпкер ата(ана)ға қарсы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған шаралар қолланылады.

 

Бахтияр Төребаев,

Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық суды баслығы