Өзбекстан Республикасыныӊ жаӊа редакциясындағы Мийнет кодекси, жаӊа нормалар мазмуны

Ҳәр ким мийнет етиў, еркин кәсип таӊлаў нызамда белгиленген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе. Шахслардыӊ бул ҳуқықлары Конституциямызда ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша дүнья жүзлик Декларациясы нормаларында ҳәм белгиленген. Конституция нормасыныӊ ислеўин тәмийнлеў, шахслардыӊ бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары менен байланыслы ҳуқық ҳәм миннетлемелерин тәртипке салыў мақсетинде мәмлекетимизде биринши мәрте 1995-жылда Мийнет кодекси қабыл етилген еди. Бирақ бул кодекс нормаларыныӊ ҳәзирги заман талапларына толық рәўиште жуўап бере алмай атырғанлығы, ондағы базы нормаларыныӊ әмелиятқа киритилиўинде қатар машқалалар жүзеге келгенлиги бул тараўдағы мүнәсибетлерди түптен реформалаў зәрүриятын жүзеге келтирди. Нәтийжеде Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен Мийнет кодексиниӊ жаӊа редакциясы жойбары Олий Мажлис палаталары тәрепинен мақулланды.

2022-жылдыӊ 28-октябрь күни мәмлекет басшысы тәрепинен “Өзбекстан Республикасыныӊ Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында”ғы Нызамы имзаланды. Мийнет кодекси  қабыл етилгенинен кейин 6 ай етип, яғный  2023-жыл 30-апрельден баслап күшке киреди.

Жаӊа редакциядағы Мийнет кодекси 2-қысмынан “Улыўма қағыйдалар” ҳәм “Арнаўлы бөлим” нен, 7-бөлимнен, 581-статьядан ибарат, 1-бөлим “Улыўма қағыйдалар”, 2-бөлим “Мийнет тараўындағы социаллық шериклик”, 3-бөлим “Жумысқа жайластырыў”, 4-бөлим “Жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықлар”, 5-бөлим “Хызметкерлерди кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардыӊ қәнийгелигин асырыў” 6-бөлим “Айрым категориядағы хызметкерлер мийнетин ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдыӊ өзине тән өзгешеликлери”, 7-бөлим “Хызметкерлердиӊ мийнет ҳуқықларын қорғаў, мийнет тартысларын көрип шығыў” деп аталады.

Атап айтқанда жаӊа Мийнет кодексине киритилген әҳмийетли өзгерислерден бири хызметкердиӊ дем алыс күни менен байланыслы. Мәселен, егер дем алыс күни исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалса, дем алыс күни байрамнан кейинги күнге көширилиўи белгиленди. Буннан тысқары, жумыс күни даўамында хызметкерге дем алыс ҳәм аўқатланыў ушын берилетуғын тәнепислердиӊ даўамыйлығы ҳәм нызамда көрсетип өтилди ҳәм 30 минуттан еки саатқа шекем болған мүддет пенен шегараланды. Әмелдеги нызамшылық нормаларына көре, бул тәнепислердиӊ муғдары шөлкемниӊ ишки мийнет тәртип қағыйдаларында, смена графиклеринде ҳәм басқа ишки локал ҳүжжетлерде белгиленеди. Жыллық тийкарғы мийнет дем алыслары еӊ кем мүддетиниӊ даўамыйлығы ҳәм узайтырылды. Әмелдеги мийнет нызамшылығына көре, ҳәр жылы тийкарғы еӊ кем мийнет дем алысы  15 күнди қурайды. Жаӊа Мийнет кодексинде болса бул мүддет  21 календарь күни етип белгиленди. Себеби халықаралық Мийнет шөлкеминиӊ “Ҳақ төленетуғын мийнет дем алысы ҳаққында”ғы Конвенцияныӊ 3-статьясында бир жыллық жумыс  ушын берилетуғын мийнет дем алысы муғдары ҳәр қандай ҳалатта 3 жумыс ҳәптесинен кем болмаў кереклиги белгиленген. Киритилген бул өзгериске көре, хызметкердиӊ жыллық тийкарғы мийнет дем алысы мүддети халықаралық стандартларға муўапықластырылды. Хызметкерлерге жыл даўамында берилиўи мүмкин болған ис ҳақы  сақланбайтуғын дем алыстыӊ мүддетлерине ҳәм өзгерислер киритилди. Әмелдеги Мийнет кодексинде хызметкерге  бир жылда узағы менен 3 айға шекем ис ҳақы сақланбаған дем алыс берилиўи мүмкинлиги нәзерде тутылған. Бирақ жаӊа Мийнет кодекси нормаларына көре, карантин шаралары әмелге асырылып атырғанда, айрықша жағдай жүзеге келгенде ҳәм пүткил ҳалықтыӊ яки оныӊ бир бөлегиниӊ өмирине яки нормал жасаў шараятларына қәўип салыўшы басқа жағдайларда хызметкер 6 айға шекем ис ҳақы сақланбаған дем алыс алыўы мүмкин. Соған байланыслы болған әҳмийетли жаӊалықлардан және бири хызметкерге ис ҳақы қысман сақланатуғын дем алыслар бериў ҳаққында нормалар ҳәм киритилди. Әмелдеги Мийнет кодексинде бундай нормалар сәўлеленбеген.

Сондай-ақ, хызметкерлер ушын унамлы болған өзгерислерден және бири соннан ибарат, келешекте ис ҳақы яки басқа төлемлердиӊ төлеў мүддети кешиктирилген күнлер ушын компенсация алыў ҳуқықына ийе болады. Бул пуллы компенсация Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниӊ сол ўақыттағы әмелде болған қайта қаржыландырыўы ставкасынан келип шыққан ҳалда төленеди ҳәм оныӊ муғдары кешиктирилген ҳәр бир күн ушын усы қайта қаржыландырыў ставкасыныӊ 10 пайызы муғдарында белгиленди. Тийкарғы өзгерислерден және бири жаӊа Мийнет кодекси күшке киргеннен соӊ жумыс бериўшилер өз басламасына көре, хызметкерди пенсияға шыққанлығы мүнәсибети менен жумыстан босата алмайды. Әмелдеги Мийнет кодекси нормаларында жумыс бериўшиниӊ басламасына көре, кеминде 2 ай алдын ескерткен ҳалда хызметкерди нызамда нәзерде тутылған пенсия жасына толғаннан кейин жумыстан босатыў мүмкинлиги келтирилген еди. Бирақ жаӊа Мийнет кодексинде хызметкердиӊ пенсия жасына толыўы мүнәсибети менен жумыс бериўши тәрепинен босатылыўы мүмкинлиги ҳаққындағы бәнт алып тасланды.

 

Мийнет кодексиниӊ жаӊа редакцияда жеке тәртиптеги мийнет тартысыныӊ көрип шығыўы ушын судқа мүрәжат етиў мүддетлери өзгертирилген, яғный жумысқа тиклеў тартыслар бойынша-хызметкерге ол менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгенлиги ҳаққындағы буйрық көширмеси тапсырылған күннен 3-ай (әмелдеги Кодексте 1-ай еди),  басқа мийнет тартыслары бойынша-хызметкер өзиниӊ ҳуқықы бузылғанлығы ҳаққында билген яки билиўи керек болған күннен баслап алты ай (әмелдеги Кодекс бойынша 3-ай еди) белгиленген.  Қулласы жаӊа Мийнет кодексинде хызметкердиӊ ҳуқық ҳәм миннетлемелерине байланыслы көплеп жаӊалықлар өз көринисн тапқан.

 

Каипназарова Саодат Алимбетовна,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы