Жер менен байланыслы тартыслар ҳаққында  

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда кейинги ўақытлары судларда жер менен байланыслы тартыслар саны жылдан-жылға кѳбейип бармақта.

Мысалы, бул ислердиң саны 2021-жыл 34 исти қураған болса, 2022-жыл 403 исти қураған.

Әмелият пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың жер участкаларына болған мулк ҳуқықы ҳаққында толық түсиникке ийе емес екенлигин кѳрсетеди.

Себеби усы мазмундағы ислер көрилгенде айрым ўақытлары пуқаралар бул жерден кѳп жыллардан бери пайдаланып, салықларын тѳлеп киятырғанлығын кѳрсетип, турақ-жайы ҳәм жер участкасының кадастр ҳүжжетлерин усынады. Ал, бул кадастр ҳүжжетлери турақ-жайға ҳәм жер участкасына болған ҳуқықы мәмлекетлик дизимге алынғанлығын тастыйықлаўшы ҳужжет болып есапланбайды, ал тек ғана жерден пайдаланғаны ушын ҳақы тѳлеў ушын ислеп берилген ҳүжжетлер болып табылады.

Әлбетте бул жерде Мүлк ҳуқықы ҳәм Жер участкаларына болған мулк ҳуқықы дегенимиз не деген сораў туўылыўы тәбиий.

Ѳзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 164-статьясында Мулк ҳуқықы тусиниги белгиленген болып, оған кѳре мүлк ҳуқықы шахстың өзине қараслы мал-мүлкке өз қалеўи менен ҳәм өз мәплерин гөзлеп ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны басқарыў, сондай-ақ өзиниң мүлк ҳуқықын бузылыўын ким тәрепинен болмасын ҳәр қандай бузыўды сапластырыўды талап етиў ҳуқықынан ибарат. Мүлк ҳуқықы мүддетсиз болып табылады.

Ал, 188-статьясында болса, “пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың жер участкаларына болған мулк ҳуқықы нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда, тәртипте ҳәм шәртлерде жүзеге келеди” деп белгиленген.

Жер участкаларын бериў (реализация етиў) тәртиби Ѳзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 23-статьясында белгиленген болып, турақлы пайдаланыў ушын ҳәм ижарага бериў жер ажыратыў тәртибинде әмелге асырылады.

Жер участкаларын бериў (реализация етиў) тѳмендеги тәртипте әмелге асырылады:

1) мулк қылып бериў (реализация етиў) – аўыл хожалығына арналмаған жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық, соның ишинде жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәмде турақ-жайды абаданластырыў, исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысын әмелге асырыў ушын электрон онлайн-аукцион арқалы;

2) турақлы пайдаланыўға бериў – усы Кодекстиң 20-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда областьлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тәрепинен;

3) ижараға бериў – Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен, сондай-ақ ашық электрон таңлаў ҳәм электрон онлайн-аукцион арқалы.

Ҳәммемиз билемиз, 2021 жыл 16 августдан баслап Ѳзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын 0,04 гектарга шекем жер участкалары электрон онлайн-аукцион арқалы мулк ҳуқықы тийкарында реализация қылынади.

Жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы реализация етиўде жер участкаларын инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаў шартлери нәзерде тутылыўы кк.

Усы жерде жер участкасына болган ҳуқық қашан пайда болады деген сораў туўылады?

Ѳзбекстан Республикасы Жер Кодексиниң 31-статьясында «юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкасына болған ҳуқықы жердиң ѳзинде шегаралар белгиленгенинен, жер участкаларының планлары (сызылмалары) ҳәм кѳринислери дүзилип, жер участкаларына болған ҳуқық мәмлекетлик дизимге алынғаннан кейин пайда болады» деп белгиленген.

Ал, бул ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳужжетлерге кѳшпес мулк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестринен электрон кѳширме жер участкасына болған мулк ҳуқықын бериўши мәмлекетлик ордери, областлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкиминиң жер участкасын турақлы пайдаланыўға бериў ҳаққындағы қарары, ижара шартнамасы, жер участкасы берилген (ажыратылган) ўақыттағы  нызамшылыққа муўапық жер участкасын бериў (ажыратыў) ўәкиллигине ийе болған шѳлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслардың ҳүжжетлери, Ѳзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлары палатасы бѳлимшелериниң жер участкасын бѳлиў ҳаққындағы ҳүжжетлери, суд қарары, алды-сатты шартнамасы, мулкдарлардың яки олар ўәкиллик  берган шахслардың  қарары тийкарында  бериледи.

Жер участкасына болған ҳуқық усы ҳуқық белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимге алынғаннан кейин күшке киреди.

Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң  210-статьясында турақ-жайға мулк ҳуқықының пайда болыў тәртиби белгиленген болып, белгиленген тәртипте ажыратып берилген жер участкасында қурылып атырған жаңа турақ-жайға мулк ҳуқықы мәмлекетлик дизиминен ѳткизилген ўақыттан баслап пайда болады.

Ал, нызамшылыққа кѳре, белгиленген тәртипте ажыратып берилмеген жер участкасына қурылған турақ-жай ѳзбасымшалық пенен  қурылған имарат болып табылады.

Жоқарыда атап ѳтилген Пуқаралық кодексиниң 212-статьясында ѳзбасымшалық пенен имарат қурыў ҳәм оның ақыбетлери белгиленген.

Яғный, нызамшылықта белгиленген тәртипте қурылыс мақсетлери  ушын ажыратылмаған жер участкаларында, сондай-ақ имарат қурыў ушын зарур рухсатнама алмастан яки архитектура ҳәм қурылыс нормалары ҳәмде қағыйдаларын айтарлықтай бузған ҳалда қурылган турақ-жай, баска имаратлар яки ѳзге кѳшпес мулк ѳзбасымшалық пенен  қурылған  имарат болып есапланады.

Ѳзбасымшалық пенен имарат қурған шахс оған мулк ҳуқықын алаалмайды. Бул шахс қурған имаратты басқарыўга – сатыўға, саўға етиўге, ижарага бериўге, имаратқа қарата басқа питимлер дүзиўге ҳақылы емес.

Ѳзбасымшалық пенен имарат қурыў нәтийжесинде ҳуқықлары бузылған шахстың яки тийисли мәмлекетлик уйымның даўасы менен бундай имарат судтың қарарына кѳре имаратты қурған шахс тәрепинен яки оның есабынан бузып тасланыўы лазым.

Сонлықтанда, пуқаралар тийисли тәртипте қурылыс мақсетлери ушын ажыратылған жер участкасына нызамлы түрде тийисли рухсатнама алып, архитектура ҳәм қурылыс нормаларына әмел еткен ҳалда ҳәрекет етсе мақсетке муўапық болар еди.

 

 

Зульфия Бабаджанова,

Қарақалпақстан Республикасы  суды судьясы