9 миллиард сум қайда кетти?!

Бүгинги күнде социаллық тармақ имканиятлары кең ен жайып, түрли бағдарламалар менен бирге интернет ойынлары да көбейип кетти.  Дәслеп сен утасаң, кейин сени утады. Бирақ, бул тегин емес, ал көп муғдардағы пуллар есесине келетуғын жеңис. Сен утсаң не жақсы, егер утылып қалсаң ше… Және оған миллиардлап ақша «тиксең»де утылып қалсаң?!…

 

Мирмуқсим (аты өзгертилген) әп-әнедей қаладағы банкке техник хызметкер болып жумысқа кирди. Себеби ол компьютерди жақсы билетуғын бүгинги күнниң тили менен айтқанда күшли «IT»шик еди. Оның жақсы ислегенин, жумысқа деген жуўапкершилигин жақсы түсинген банк басшылары әсте-әсте оны хошаметлеп, түрли лаўазымларға көтерди. Қамалмасынан алдын ол банктың пластик карталар секторы жетекши қәнийгеси лаўазымында ислеген еди.

 

Күнлердиң биринде жоралары арқалыма, я өзи қызықсыныппа қулласы интернетте “1Хбет” деген тоталитар ойынға тап болады. Дәслеп, “қалтасы көтерген” пулларды сол ойынға тигип ойнап жүрген Мирмуқсим “қолымнан сонша пластик карта өтеди, биреў екеўине ақша салып өткерейин кейин утсам орнына қайтарып қояманғо”,-деген пуш қыял менен дәслеп, анасы ҳәм әжапасының пластик картасына банк есап бетинен буннан басқада он бир шахстың атына олардың хабарысыз, ҳеш қандай тийкарсыз  “Uzkard” пластик карталарын рәсмийлестирип ашып алып, усы пластик карталарды өзинде сақлап келип, оған банктиң есап-бетинен пул өткермелерин салып пайдалана баслайды. Өзи усы банктиң материаллық жуўапкер шахсы болыўына қарамастан, “бүгин утсам пулларды қайтарып қояман, ертен қояман” деп  компьютер техникасынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған банк системасындағы NCI бағдарламасынан өзине бириктирилген системаға кириў ҳуқықын бериўши логин паролинен пайдаланып өзи ислейтуғын банктиң банклер/филиаллар аралық есап китапларды әмелге асырыў ушын ашылған клиринг транзит есап бети ҳәмде басқада банк транзит есап бетлеринен  өз сақлаўында болған өзиниң атындағы пластик картаға 2019-жылдың июль айынан 2022-жылдың март-май айлары даўамында банктиң жүдә көп муғдардағы 9 млрд. 208 млн. 862 мың 372,48 сўм  пулларын компьютер техникасы жәрдеминде талан-тараж етеди. Яғный саналы түрде  “1Хбет” деген тоталитар ойынына тигип жибереди.

 

Мирмуқсимниң бул жынаяты жуўапсыз қалмады. Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими “а” ҳәм “г” бәнтлеринде нәзерде тутылған көрсетилген жынаятты қастан ислегенлиги ушын оған жынаят иси қозғатылып, суд ҳүким оқыды.

 

Ашық суд мәжилисинде гүманланыўшы ҳәм гуўалардың көрсетпелери тыңланғанында, атына пластик аштырылған шахслардың ҳеш бири Мирмуқсимды танымаслығын, ҳәтте өзлеринде улыўма банк пластик карталары болмағанын, бул истен пүткиллей бийхабар екенликлерин билдирди. Тоталитар ойынның қызығы менен өзиниң жынаят жолына кирип қалғанын билмейде қалған “шебер компьютерщик” мен бул пулларды жеке мәпим ушын емес, ал текғана ойынға тиктимғо деп судтан жеңиллик сорады.

 

Суд ҳүким етти, оған бола судланыўшы Мирмуқсим Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими «а» ҳәм «г» бәнтлери менен айыплы деп табылып, 3 (үш) жыл мүддетке ҳәр қандай банк ҳәмде финанс тараўындағы мекеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестириў-басқарыў, ҳәқимшилик-хожалық миннетлемелери, материаллық ҳәм финанслық жуўапкершилик берилген лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырылып, 8 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

 

Дурыс, “гүзе күнде емес, күнинде сынады” дегениндей ойланбай басылған қәдем ақыбетинде банктың 9 млрд сум қаржысы талан-тараж, ал,  Мирмуқсим өмириниң әйне жаслық дәўириниң 8 жылын “темир тор” артында өткеретуғын болды. Ендиги жағында ол өзиниң ислеген қылмысын еледе тереңирек ойлап, дурыс жуўмақ шығарып, таңлаған жолынан қайтса, жәмийетке пайдалы инсанға айланса не жақсы…

 

 

 

Шарапат Шамамбетов,

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы