Студент жасларға жаңаланып атырған Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықлары түсиндирилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факултетинде Қарақалпақстан Республикасы судының судясы У.Сабировтың қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Онда баслы итибар жаңаланып атырған θзбекстан Республикасы Конституциясында жаслардың ҳәр тәреплеме сапалы билим алыў кепилликлерин тәмийинлеўге қаратылған статя ҳәм нормалардың әҳмийетин түсиндириўге қаратылды.
Судя тәрепинен атап өтилгениндей, жаңаланып атырған Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықларынан бири θзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленбекте. Социаллық, бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени. Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте. Билимлендириў ҳәм илим-пәнге байланыслы нормалар дерлик 2 есеге асып атыр.

 

 

Пуқаралардың жоқары оқыў орныларына мәмлекетлик грант есабынан оқыў ҳуқықы қатаң белгиленбекте.
Мағлыўмат ретинде айтыў мүмкин, 2017-жылға шекем жоқары оқыў орныларына кириў ушын мәмлекетлик грантлар саны тек қысқарып келген болса, соңғы алты жылда бул тараўдағы жағдай пүткиллей өзгерди. Грантлар саны 2 есе көбейип, 40 мыңға жетти. Соннан, магистратура ушын – 5 есе көбейди.
Пуқаралардың бийпул басланғыш кәсип-өнерге оқытылыўы белгиленбекте.

Майыплылығы бар балаларымызға өз теңлеслери менен бирдей билим алыўы ушын бәрше шараятлар жаратылмақта. Соның ушын, бундай имканиятлар инклюзив билим сыпатында Конституцияға киргизилмекте.

 

Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, економикалық, ҳуқықый ҳәм басқа шараятлар жаратыўы конституциялық беккемленбекте. Енди, перзентлер тәрбиясы, оларға билим бериў, бәркамал ер жеткизиў ҳәм ата-ана мәжбүрияты сыпатында белгиленбекте. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәмде қорғаў, оның физикалық, интеллектуал ҳәм мәдений тәрептен толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң миннети сыпатында белгиленбекте.
Мәмлекет пуқаралардың кәсиплик таярлығын ҳәм қайта таярлығын шөлкемлестириўи ҳәмде хошаметлеўи белгиленбекте.

 

Сондай-ақ, Конституция жойбарындағы статялар саны әмелдеги 128ден 155 ке, нормалар саны 275тен 434ке артқанлығын, яғный тийкарғы нызамамыздың 65 пайыз тексти халқымыздың усыныслары тийкарында жаңаланғанлығын атап өтти.

Конституцияны жаңалаўға зәрүрлик, жаңа Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықлары ҳаққында кеңнен түсиник берди.

 

 

У.Сабиров,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы