Суд қарыздарды банкрот деп тапты  

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик универститетиниң  юридика факультетиндеги «Суд залы»нда Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси Л.Утамбетованың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили М.Ш,  қарыздар тәрептен кәрхана баслығының қатнасыўында, арза бериўши Мәмлекетлик салық инспекциясының қарыздар Нөкис қаласы “L.S” жеке кәрханасын төлеўге қәбилетсиз ҳаққындағы арзасы ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

 

 

Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлады.

Қарыздар тәрептен кәрхана баслығына суд мәжилисинде, арза талабы дурыс екенин, болып өткен пандемия ақыбетинен кейин кәрхананы жүргизиў мүмкинлиги болмай қалғанын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.

Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.

 

Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының (кейин-Нызам) 5-статьясы биринши бөлимине тийкар, төлеўге қәбилетсизлик белгилери төмендегилерден ибарат:

ўақтынша төлеўге қәбилетсизлик-егер тийисли миннетлемелер жүзеге келген сәнеден үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған болса, қаланы қураўшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилген кәрханалар тәрепинен болса-алты ай ишинде орынланбаған болса, судқа мүрәжат етиў сәнесинде қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыўға ҳәм (яки) салық ҳәм жыйымлар бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға мүмкин емеслиги;

мүдамы төлеўге қәбилетсизлик-егер судқа арза бериў сәнесиндеги ҳәм арза берилген жылдың басындағы есабат дәўиринде, егерде арза жылдың биринши шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы есабат дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлери баҳасынан асып кеткен болса деп белгиленген.

Нызамның 241-статьясына муўапық, өз искерлигин тамамлаған қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки тамамланып атырған юридикалық шахстың баслығы болмаған жағдайда, болмаған қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыӯ ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарынан қәттий нәзер, кредитор, ўәкилликли мәмлекет үйымы, мәмлекет салық хызмети уйымы яки басқа ўәкилликли үйым тәрепинен берилиӯи мүмкин.

Қарыздардың салықлар ҳәм мәжбурий төлемлерден қарызы 2023-жыл 20-февраль күнине 47 432 761,51 сўмды қурайды.

Ис материалларына қосылған ҳүжжетлерге қарағанда арза бериўши пайдасына қарыздардан салық төлемлериниң өндирилиўи бойынша нызамда белгиленген тәртипте тийисли иләжлар көрилген.

Қарызларды өндириў мүмкин болмағаны иске қосылған Мәжбурий орынлаў бюросы бөлиминиң қарары менен тастыйықланады. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд хужжетлери ҳәм басқада органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 40,41-статьяларына тийкар суд хүжжетлери орынланбастан қайтарылған.

Суд қарыздардың мәжбурий төлемлер бойынша өз мәжбуриятларын орынлаўға мүмкин емеслиги себепли арза талабын қанаатландырыўды, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў процедурасын қоллаўды лазым тапты.

 

 

 

Бердимурат Баймуратов,

Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы