Балалар тәрбиясы менен байланыслы пуқаралық ислерди көриў тәртиби ҳәмде өзгешеликлери

 

 

Өзбекстан Республикасы Конституцияының 63-статьясына көре шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланады ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыў ҳуқықына ийе. Республика пуқаралардың жеке ҳәм социаллық мәплери муўапықласқан шаңарақты қорғаў мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған ўазыйпалардың бири болып есапланады. Балаларды инсанпарўарлық қадриятларын ҳүрметлеў, аналықты қорғаў ҳәм балалардың ҳуқықын қорғаў ҳаққындағы халық аралық қағыйдаларына садық болыў, руўхыйлық мийрасты сақлаў ҳәм раўажландырыў, оларды пайдалы мақсетке таярлаў ата-аналардың конституциялық ҳәм руўхыйлық миннетлемеси.

1998 жыл 1 сентябрден әмелде болған Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодекси шаңарақты беккемлеў, ер жетпеген балалар ҳәм мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзаларының мәплерин қорғаў үстинлиги нәзерде тутылған. Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған даўларды судлар тәрепинен туўры шешилиўи ата-аналар ҳәм балалар ҳуқықларын қорғаў, ата-аналардың балаларды тәрбиялаўдағы жуўапкершиликлерин асырылыўын тәмийинлеўге имканият туўдырады, ата-аналардың балалар мәплерине қарсы болған ҳуқықлардан пайдаланыўларға, ер-жетпегенлер нызам бузыўшылықларының алдын алыў шараларының бири болып есапланады. Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған тартысларды көриўде судлардың итибарын бундай тартысларды өз ўақтында ҳәм туўры шешиў балалар ҳәм шаңарақ мәплерин қорғаўының айрықша кепиликлериниң бири екенлигин нәзерде тутқан ҳалда нызамларга қатаң итибар бериў зәрүрлигине қаратылған.

Балалар тәрбиясы менен байланыслы болған: баланың басқа-басқа турған ата-анадан қайсы бири менен бирге жасаўы;

баласынан бөлек жасайтуғын ата ямаса ананы баласының тәрбиясына қатнасыўға қарсылықты сапластырыў;

басқа шахслардың тәрбиясында болған балаларды ата-анасына қайтарыў;

ата-аналық ҳуқықынан айрыў ҳәм ата-аналық ҳуқықын тиклеў;

ата-аналық ҳуқықынан айырмастан балаларды алыў;

баланың ата-ана менен көрисиўи;

ата-аналық ҳуқықын шеклениўин бийкар қылыў;

перзентликке алыўды бийкар етиў ямаса оны ҳақықый емес деп табыў ҳаққындағы ҳәм басқа тартыслар судта көриледи.

Суд басқа-басқа жасайтуғын ата-аналар арасында болған олардың қайсы бири менен қайсы баласы жасаў ушын қалыўы ҳаққындағы тартысларды шешиўде Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниӊ                         71-статьясында белгиленген  ата ҳәм ананың ҳуқық ҳәм миннетлемелериниӊ теңлигине тийкарланған ҳалда, ер-жетпеген балалардың мәплерине сәйкес келетуғын  қарар шығарыўы лазым. Бунда суд ата-ананың бириниң материаллық аўҳалы үстүнлигиниң өзи баланы оған алып бериў ушын асас болатуғын шәрт есапланбаслығын нәзерге алған ҳалда, баланың ата-анадан, аға-иниден, апа-сиӊлисинен қайсы бирине байланып қалғанлығын, ата-анадан қайсы бири балаларына көбирек ғамҳорлық ҳәм итибар көрсетип атырғанлығы, балалардың жасына ҳәм ата-ананың қайсы бирине кеўил қойғанлығы, ата-ананың әдепллик ҳәм басқа жеке пазийлетлерин, ата-ананың ҳәр бири менен бала ортасындағы мүнәсебетлерин, баланы тарбиялаў ҳәм оның ер жетиўи ушын шәрт-шәриятлар жаратыў имканиятын итибарға алыўы лазым. Суд 10 жасқа толған баланың ата-анасының қайси бири менен жасаў нийети барлығын есапқа алыўы мүмкин.

Ер-жетпеген балалардың ата-анасының қайсы бири менен қалыўы ҳаққындағы даў некеден ажыратыў ҳаққындағы даў менен биргеликте шешилип атырған жағдайларда балалар басқа шахслардың тәрбиясында екенлиги ҳәмде олар балаларды ата-анасына қайтарыуға қарсылық көрсеткенликлери анықланса, суд бул даўды айрықша ис жүритиўге ажыратыў ҳаққындағы мәселени шешиўи лазым.

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексининг 73-статьясына муўапық ата-аналар басқа шахслар алдында балаларды жеке тәрбия қылыўда үстүнлик ҳуқықына ийе ҳәм балаларды нызамға тийкарланбаған ҳалда услап турған ҳәр қандай шахстан қайтарылыўы талап қылыўға ҳақлы. Бул талапты көриўде суд баланы ата-анасына қайтарыў оның мәплерине қарсы деген жуўмаққа келсе, баланың пикирин есапқа алған ҳалда ата-ананың даўасын қанаатландырмастан қалдырыўға ҳақлы.

Сондай-ақ, суд ата ямаса ананың баласының тийисли тәрбиясын тәмийинлеў имканиятларын, ата ямаса ананың баласы менен өз-ара мүнәсибетлери, баланың өз ихтиярында болған шахсларға қәншелик үйренип қалғанлығы ҳәм басқа ҳалатларды итибарға алады. Егер                               ата-ананың ҳәм, бала ихтиярында болған шахслардың ҳәм оны тийисли тәрбиялай ямаса тәмийинлей алмағанлығы анықланса, суд қәўендерлик ҳәм мийхасхор уйымларыныӊ ямаса прокурордың даўасына тийкар баланы қәўендерлик ҳәм мийрасхор уйымларының қарамағына алып береди. Бундай талап қойылмаған болса, суд өзиниң жеке уйғарыўы менен бул уйымлардыӊ итибарын сондай даўа қозғатыў  зәрурлигине қаратады.

Судлар ата-аналардың балаларды, оларды нызамға ямаса судтың шешиўши қарарына муўапық, өз ихтиярларында сақлап атырған шахслардан  алып бериў ҳаққындағы даўларды көрип атырғанда, даўа жүзеге келген ўақытқа келип, атап өтилген шахсларға ямаса балалар мәкемелерине балаларды алып бериў ушын тийкар болған жағдайлар өзгерген-өзгермегенлиги, балаларды ата-аналарға қайтарыў олардың мәплерине сай келиў-келмеслигин анықлаўлары лазым.

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексининг 76-статьясына тийкар баласынан бөлек жасайтуғын ата ямаса ана баласы менен көрисиў, оның тәрбиясына қатнасыў мәселесин шешиў  ҳуқықына ийе.

Ата-ана баладан бөлек жасайтуғын ата (ана)ның ата-аналық ҳуқықларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққында жазба түрде келисим дүзиўге ҳақлы.

Егер ата-ана келисе алмаса, даў ата-ана (ямаса олардың бири)ниң талабына тийкар суд тәрепинен қәўендерлик ҳәм мийрасхор уйымы қатнасында шешиледи. Суд бөлек жасайтуғын ата ямаса ананың баласын тәрбиясында қатнасыў тәртибин белгилейди ҳәм бала менен бирге жасайтуғын ата ямаса анаға қарсылық қөрсетпеў миннетлемесин жүклейди. Судтың шешиўши қарарын қастан орынламаған жағдайда суд баладан бөлек жасайтуғын ата (ана)ның талабына тийкар бала мәплерин ҳәм оның пикирин есапқа алған ҳалда баланы оған алып бериў ҳаққында  шешиўши қарарды шығарыўы мүмкин.

Ата-аналық ҳуқықынан айрылмаған ата-аналардың, нызамға ямаса судтың шешиўши қарарына муўапық, басқа шахслар ихтиярында балалардың тәрбиялаўларына қарсы келетуғын жағдайларды сапластырыў ҳаққында мәселе ҳәм судлар тәрепинен усындай тәртипте шешиледи.

Шаңарақ кодексининг 80-статьясына муўапық ата-аналық ҳуқықынан айырыў суд тәртибинде әмелге асырылады. Ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы ислер ата (ана)ның (олардың орнын басыўшы шахслардың), прокурордың, сондай-ақ ер-жетпеген балалардың ҳуқықларын қорғаў миннетлемеси жүкленген уйым ямаса мәкемелердиӊ (қәўендерлик ҳәм мийрасхорлық уйымы, ер-жетпегенлер жумыслары менен шуғылланыўшы комиссиялар, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалар мәкемелери ҳәмде басқа мәкемелер) даўасына тийкар көриледи.

 

 

Саодат Каипназарова,        

Қарақалпақстан Республикасы суды

 судьясы