«Таслақ» МПЖда Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған илаж өткерилди.

Илажда жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды судьясы И.Калниязов Қарақалпақстан Республикасы суды судьялары С.Кайпназарова, З.Бабаджанова, «Таслақ» мәкан пуқаралар жыйыны ўәкиллери, аймақ турғынлары қатнасты.

 

Илажды «Таслақ» МПЖ баслығы К.Азизов алып барып, ҳәзирги ўақытта елимизде үлкен сиясий процесс басланғанлығын, атап айтқанда, 2023-жылдың 30-апрель күни киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар менен жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша Өзбекстан Республикасында улыўма халықлық референдум өткериў белгиленгенлигин атап өтти.

 

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы суды судьялары С.Кайпназарова, З.Бабаджановалар Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде сөз етти.

 

Атап өтилгениндей, соңғы алты жылда ерискен табысларымызды, атап айтқанда, экономика, инсан ҳуқықлары, әдил судлаў, сөз ҳәм диний еркинлик, социаллық қорғаў тараўларындағы жүзлеген шеклеўлерди алып таслаў, нақ пул, валюта, кредит, дебитор-кредитор мәселелериндеги машқалаларды шешиў, қоңсыларымыз бенен қатнасықларымызды жақсылаў сыяқлы жетискенликлеримизди исенимли конституциялық қорғаў арқалы тәмийинлеўимиз керек. Усы ерисилген табыслар, ҳуқық ҳәм еркинликлерден тек ғана ҳәзирги емес, ал, келешек әўладларымыз да емин-еркин пайдаланыўы ушын оларды, әлбетте, Конституцияда белгилеп қойыўымыз зәрүр.

 

Булардың барлығы ушын беккем ҳуқықый тийкар зәрүр ҳәм Жаңа Өзбекстанға жаңаланған Конституция керек.

Конституцияның тексти илимпазлар ямаса қәнигелер тәрепинен кабинетлерде жазылмады. Ал, дәслеп халқымыздың пикири, усыныслары еки басқышта үйренилди. Соннан кейин Конституция жойбары таярланды. Алдынлары Конституцияны қабыл етиўде дәслеп жойбары ислеп шығылып, соңынан халықтың додалаўына қойылған.

 

Биринши басқышта Конституцияның жойбарын қәлиплестириў ушын халқымыз 60 мыңнан аслам усынысларды берди. Усы усыныслардың ҳәр төртеўинен биреўи жойбардан орын алды. Екинши басқышта Конституция жойбары улыўмахалықлық додалаўға қойылды. Fалаба хабар қураллары, интернет тармақлары арқалы жойбар менен 5 миллионнан аслам адам танысып шығып, 150 мыңнан аслам усыныслар билдирилди.

Соның менен бирге, мийнет жәмәәтлери, жоқары оқыў орынлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм зыялылар менен болып өткен додалаўларда да және 10 мың қосымша усыныс келип түсти.

 

Конституция жойбарындағы статьялардың саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалардың саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, тийкарғы  нызамымыздың 65 процент тексти халқымыздың усыныслары тийкарында жаңаланды.

 

Өзбекстан – социаллық мәмлекет, деп белгиленбекте. Социаллық бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени.

Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелерине байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте. Конституцияда ҳәр адамның турақ жайлы болыў ҳуқықы белгиленип атыр.

 

Сондай-ақ, Аралбойы регионы мәселеси Конституция дәрежесине алып шығылды. Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көреди.

 

Илаж соңында аймақ турғынлары пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды