Нызамлы мәплерди қорғаў кепилликлери күшейтилмекте

Мүнәсибет

Усы жылдың 16-январь күни Президентимиздиң  «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм суд жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрманға муўапық, 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли Стратегиясы  тастыйықланды.

Стратегия шеңберинде әдил судлаўды тәмийинлеўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип  «Инсан қәдири ушын» идеясы тийкарында ҳақыйқый әдил суд системасын қәлиплестириў ҳәм оның жумысын  халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға қаратыў, әдил суд қарарларының қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, соның ишинде, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар тымсалында исенимли қорғаўшысын көриўине ерисиў, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге өз ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин судларда  қорғай алыўы ушын барлық имканиятларды жаратыў ўазыйпалары белгиленди. Сондай-ақ, суд жумысларын алып барыўда тартысыў ҳәм тәреплердиң теңлиги принциплерин толық жүзеге шығарыў,  судлардың  әдиллигин әмелде тәмийинлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў, судлардың жумысын  толық санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў, уйымлар аралық электрон мағлыўмат алмасыўды жақсылаў, суд мәжилислеринде аралықтан турып қатнасыў имканиятларын кеңейтиў, судьялардың  бийғәрезлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейтиў, судқа ҳүрметсизлик етиў ҳәм суд жумысына араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў, суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бағдарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў, судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде  жоқары қарым-қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат еткен ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменде судтан, өз гезегинде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў миннетлемелери белгиленди.

Сондай-ақ, пәрман районлараралық, районлық, қалалық судлары тәрепинен биринши инстанцияда көрилген  ислерди ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судларда апелляция яки кассация тәртибинде қайта көрип шығыў, ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция ямаса кассация тәртибинде көрилген ислерди усы судларда қадағалаў тәртибинде  қайта көрип шығыў, ал кассация тәртибинде көрилген ислерди усы судларда қадағалаў тәртибинде қайта көрип шығыў, жоқары инстанция судлары тәрепинен ислерди жаңадан көриў ушын төменги судларға жибериў тәртибин бийкарлаў ҳәм оларға ис бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў жуўапкершилиги жүкленбекте.

Буннан тысқары, пәрманда судьялардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысына ҳәр қандай араласыўдың қатаң жазаланатуғыны, судьялардың  қәўетерсиз ислеўи ушын мәмлекет тәрепинен барлық шараятлар жаратылатуғыны атап өтилген.

Судтың бийғәрезлиги ҳәм судьяларға қол қатылмаслығын тәмийинлеўди күшейтиў бойынша судқа ҳүрметсизлик етиў жағдайларының алдын алыўдың нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў, оның ушын  ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын күшейтиў ҳәм жынайый жуўапкершилик белгилеў, суд ислерин шешиўге  араласқаны  ҳәм суд ҳүжжетин орынламағаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў, сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң  орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тәсиршең механизмлерди  енгизиў, әдил судлаўды әмелге асырыў жумысына араласқанлығына байланыслы ҳәр бир жынаят исиниң жуўмағы бойынша жәмийетшиликти ғалаба хабар қураллары арқалы мәжбүрий түрде хабардар етиў тәртибин  енгизиў белгиленбекте. Судьяға тийисли турақ жайдың қол қатылмаслығына, жазыўлар, телефон арқалы сөйлесиўлер ҳәм басқа да сөйлесиўлер, байланыс тармақлары арқалы жиберилетуғын почта, курьерлик жөнетпелер ҳәм телеграф хабарларының сыр сақланыўына болған ҳуқықларды шеклеўши, сондай-ақ, абонентлер ямаса абонент қурылмалары арасындағы байланыслар ҳаққындағы мәлимлемени алыўдан ибарат оператив-излеў илажларының өткерилиўине тек ғана Бас прокурордың санкциясы тийкарында жол қойылыўын белгилеў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң процессуаллық характерге ийе болмаған, ҳуқықый түсиник бериў бағдарындағы мәселелер бойынша мүрәжатларын әдиллик уйымлары тәрепинен көрип шығыў әмелиятын жолға қойыў белгиленбекте.

Жәнеде соны айтып  өтпекшимен, Өзбекстан Судьялар Ассоциациясына халықтың арасында суд ҳәкимиятының унамлы имиджин қәлиплестириўде белсене қатнасыў, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда судьялардың жумыслары бойынша нызамға қайшы ҳәм тийкарсыз жәрияланған ҳәр бир жағдайға  суд ҳәкимиятының ветеранлары  тәрепинен объектив түрде ҳәм жеделлик пенен мүнәсибет билдирип барыў, судьялар ҳәм суд ҳәкимиятының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў мәселелери бойынша судларға мүрәжат етиў усыныс етилмекте.

Мәмлекет басшысының бул пәрманы «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиўге,  суд-ҳуқық системасын реформалаўды жеделлестириўге, тараўға алдыңғы халықаралық стандартларды енгизиўге, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеўге, сондай-ақ, судлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў менен бир қатарда пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў имканиятын береди.

 

Саодат Каипназарова,

Қарақалпақстан Республикасы суды

судьясы.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content