Мулк ҳуқықы ҳәм оны басқарыў

Пуқаралар ҳәм шахслар тәрепинен тәбият байлықлары ҳәм басқа затларды өзлестириў процессинде жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салатуғын ҳәм беккемлейтуғын ҳуқықый нормалар системасы юридикалық мәнисте «мүлк» түсиниги арқалы қолланылады ҳәм ол мүлк ҳуқықы сыпатында көрип өтиледи.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 36, 53, 54-статьяларында мүлк ҳуқықының тийкарғы принциплери өз көринисин тапқан болып, оған көре, «ҳәр бир шахс мүлкдар болыўға ҳақлы», «базар қатнасықларын раўажландырыўға қаратылған Өзбекстан экономикасының тийкарын түрли көринистеги мүлк қурайды. Мәмлекет тутыныўшылардың ҳуқықы үстинлигин есапқа алып, экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигин, барлық мүлк түрлериниң тең ҳуқықлылығын ҳәм ҳуқықый тәрептен бирдей қорғалыўына кепиллик береди», деп көрсетилген.

Өзбекстан Республикасының «Мүлкшилик ҳаққында»ғы Нызамға көре, мүлкдар өзине тийисли мал-мүлкке өз ықтиярына көре ийелиқ етеди, оннан пайдаланады ҳәм оны басқарады. Соған көре, мүлкдар өз мүлкине болған ҳуқықларын ықтиярий, өз қәлеўине көре әмелге асырады. Мүлкдардың өз-қәлеўи дегенде, оның ерки, қәлеўи менен өзи ҳәм басқалардың жәмийетлик мәплерин көзлеп, биреўдиң басымы ҳәм зорлығысыз ҳәрекет етиўи нәзерде тутылады. Бундай халларда, мүлкдарға қарата зорлық, басым көрсетилген болса, нызам мүлкдардың ерк-ықрарын еркин әмелге асырыўына кепиллик береди ҳәм қорғайды. Бирақта, мүлкдардың өз қәлеўине көре ис тутыўы нызамсыз болмаслығы лазым. Мүлкти өз қәлеўине көре ҳәм өз мәпин көзлеп ийелик етиў, мүлктен пайдаланыў ҳәм оны басқарыў, сондай-ақ, өз мүлк ҳуқықын ҳәр қандай бузылыўларының сапластырылыўын талап етиў ҳуқықы мүлк ҳуқықының мазмунын қурайды.Мүлк ҳуқықын басқарыў деп мүлктиң юридикалық тағдирин белгилеўге, яғный мүлк бойынша басқа шахслар менен болатуғын ҳуқықый қатнасықты белгилеў, өзгертиў яки бийкар етиўге қаратылған ҳуқыққа айтылады. Мүлк ийеси басқарыў ҳуқықына көре, мүлк бойынша ҳар қандай питимлер, шәртнамалар, сондай-ақ, мүлкти сатыў, саўға етиў, ижараға қойыў ҳаққындағы шәртнамаларды дүзе алыўы түсиниледи. Егер мүлк пүткиллей жарамсыз болып қалса, мүлк ийеси бундай мүлкти таслап жибериўи яки өзинен басқа қандай да бир усыллар менен азат етиўи мүмкин. Бул ҳуқық мүлкдардың өз мал-мүлкине қарата нызамға қайшы болмаған ҳәр қандай ҳәрекетлерди әмелге асырыўына имкан береди. Мүлк ҳуқықы тамамланыўы менен мүлкке ийелик ҳуқықы да тамамланады. Мысалы, мүлкти аманат қойыўда яки ижараға қойыўға оны ийелеў ҳәм пайдаланыў ҳуқықы, мүлктиң сатылыўы яки саўға етилиўинде болса субъектив мүлк ҳуқының үш элементи: ийелеў, басқарыў ҳәм ийелик етиў ҳуқықы толық басқа шахсқа (жаңа ийесине) өтеди. «Мүлк ҳуқықы» түсининги мазмунында тек ғана мүлкдардың ҳуқықлары емес, бәлким мал-мүлкти сақлап турыў миннетлемеси да түсиниледи. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниӊ 174-статьясына тийкар өзине тийисли мал-мүлкти сақлаў, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, мүлкдар мойнында болады. Егер мүлкдар бул миннетлемени орынламаса, оның мүлкий ҳуқықылары шегаралап қойылыўы яки мал-мүлк оннан алып қойылыўы мүмкин.

Мүлк ийелериниң өзлерине тийисли мүлк ҳуқықынан нызамсыз мақсетлерде яки биреўдиң зыянына пайдаланыўларына жол қойылмайды. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 172-статьясына тийкар мүлк ҳуқықын әмелге асырыў шәртлери төмендегилерден ибарат:

– бириншиден, мүлкдардың өз ҳуқықларын әмелге асырыўы басқа шахслардың ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорықланатуғын мәплерин бузбаўы шәрт;

– үшиншиден, мүлкдар өзиниң үстинлик статусынан пайдаланыўға, басқа шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорықланатуғын мәплерин кемситетуғын өзге ҳәрекетлерди қылыўға ҳақлы емес;

– төртиншиден, мүлкдар өз ҳуқықын әмелге асырғанында пуқаралардың ден-саўлығына ҳәм коршаган орталыққа зыян жеткизилиўиниң алдын алыў шараларын көриўге мәжбүр.

Улыўма мүлкий ҳуқықлар менен байланыслы қатнасықлары жәмийетлик қатасықлардың тийкарын қурайды. Сонлықтан ҳар бир пуқара өзлериниң мүлкий ҳуқықларын, мүлкке ийелик етиў, пайдаланыў ҳәм басқарыў менен байланыслы ҳуқықларын ҳәмде усы искерликтиң әмелге асырылыўы менен жүзеге келетуғын жуўапкершилик мәселелерин билиўи хәм әмел етиўи жәмийетте мүлкий ҳуқықый сананың қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе.

 

Музаффар Сапаев,

Пуқаралық ислери бойынша

Нөкис районлар аралық

суды баслығы