Нөкис районы ҳәкимияти имаратында районда жасаӯшы ҳаял-қызлар менен «Ҳәр бир ҳаял-қыз мәмлекет ҳәм жәмийет қорғаӯында» темасында түсиник берилди

Ҳаял-қызларды зорлықтың ҳәр қандай көринисинен қорғаў бойынша илажлар алып барылмақта, бул  саладағы қатнасықларды тәртипке салыўшы  нызамлар ҳәм нызам асты ҳүжжетлер қабыл қылынбақта.

Атап айтқанда, 2019-жылы 2-сентябрьде Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды зорлық ҳәм қысымнан қорғаў ҳаққында»ғы ӨРН-561-санлы Нызамы қабыл қылынды. Нызамда қысым ҳәм зорлықтың атамалары, сондай-ақ олардың көринислери, ҳаял-қызларды қысым ҳәм зорлықтан қорғаў саласында бир қатар ўәкилликли органлардың ўәкилликлери белгиленди.

Нызамның 5-статьясына муўапық, ҳаял-қызларды зорлық ҳәм қысымнан қорғаў саласындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелеси сыпатында төмендегилер белгиленди:

-ҳаял-қызларды зорлық ҳәм қысымнан қорғаў саласында гендер сиясатын, мәмлекет дәстүрлерин ҳәмде стратегияларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

-жәмийетте ҳаял-қызларға болған қысым ҳәм зорлыққа қарсы мурасасыз орталықты жаратыў;

-ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қысым ҳәм зорлықтан қорғалыўын тәмийинлеў;

-жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў, нызамшылықты беккемлеў;

-ҳаял-қызларға болған қысым ҳәм зорлықтың алдын-алыў, оларды анықлаў, оларға шек қойыў ушын нәтийжели шөлкемлескен-ҳуқықый механизмлерди жаратыў;

-ҳаял-қызларға қарсы қысым ҳәм зорлық ислениўине алып келетуғын себеплер ҳәмде шәрт-шараятларды сапластырыў бойынша шараларын көриў;

-қысым ҳәм зорлықтың алдын-алыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң  басқа институтларының бирге ислесиўин тәмийинлеў.Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәмде нызамлы мәплериниң қысым ҳәм зорлықтан исенимли қорғалыўын тәмийинлеў барысындағы ислердиң нәтийжелилигин асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 04-январь күнги  «Ҳаял-қызларды қысым ҳәм зорлықтан қорғаў дизимин жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 3-санлы қарары менен жәбир көрген ҳаял-қызларға қорғаў ордерин бериў тәртиби, қорғаў ордериниң орынланыўын тәмийинлеў тәртиби, әмел етиў мүддетин узайттырыў тәртиби, әмел етиў мүддетин тамамлаў тәртиби, қорғаў ордерин бериў жумысы үстинен мониторинг алып барыў тәртиби белгиленди.

Қорғаў ордери ишки ислер органларының таяныш пункты профилактика инспекторы тәрепинен төмендеги жағдайда бериледи:

-қысым ҳәм зорлық қурбанының мүрәжаты болғанда;

-физикалық ҳәм юридик шахслардың хабарлары, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ҳәм (яки) социаллық тармақлар арқалы тарқалған хабарлар тийкарында;

-қысым ҳәм зорлық ислеў яки оларды ислеўге урыныў жағдайларының ўәкилликли органлар ҳәм шөлкемлер исшилери тәрепинен тиккелей анықланғанда;

-мәмлекетлик органлардан ҳәм басқа шөлкемлерден алынған материаллар болғанда.

Профилактика инспектори мүрәжат ҳәм хабарларды үйрениў нәтийжеси бойынша бундай жағдай анықланғанда қорғаў ордерин рәсмийлестиреди, жәбирлениўшиниң разылығы менен ордер берилгенлиги ҳаққында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларын, сондай-ақ басқа ўәкилликли органларды хабардар етеди, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексинде нәзерде тутылған жынаят белгилери анықланған жағдайда қорғаў ордерин бериў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў менен бир ўақытта ис ҳүжжетлерин жынайый жуўапкершилик мәселесин шешиў ушын тийисли ҳуқықты қорғаў органына жибереди.

Буннан тысқары, 2021-жыл 19-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитация қылыўға байланыслы ис-илажлар ҳаққындағы ПҚ-5116-санлы қарары қабыл қылынды.

Усы қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл  06-октябрь күнги «Зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитация етиў ҳәм бейимлестириў ҳәмде өз жанына қас етиўиниң алдын-алыў барасындағы ислерди жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 625-санлы қарары қабыл қылынды.

Сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросы қасында «Алимент төлемлери» мәмлекетлик мақсетли фондын шөлкемлестириў, фонд қаржылары есабынан алимент төлеўшилерден алимент бойынша қарыздарлықты 3 ай ишинде өндириў имканы болмағанда өндириўшиге бир жола төлеп бериў ҳәм кейиншелик қарыздардан суд қарарысыз қайтарып өндирип алыў әмелиятын енгизиў тәртиби белгиленген.

Жуӯмақлап айтқанда, қабыл етилип атырған бул нызам, қарар ҳәм пәрманлар Ҳаял-қызлардыӊ ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәмийнлеўге хызмет етеди.

 

Сейтанов Азат

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы