“Пара бериўши болмаса, Пара алыўшы да болмайды”

Коррупция жәмийет раўажланыўы жолында ең тийкарғы тосықлардан бири есапланады. Әлбетте, Коррупцияға қарсы гүрес сиясаты жәмийет сиясий турмысының ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып, оған қарсы гүрес нызамшылықты жетилистириўден баслап пуқараларды тәрбиялаўға шекем болған басқышларда алып барылыўы зәрүр.

Коррупцияның ең биринши басқышы пара бериў болып, бул лаўазымлы шахсты нызамсыз жол менен байыўына қызықтырыўға ҳәм хызмет миннетлемеси менен байланыслы болған қандай да белгили бир ҳәрекетлерди орынлаўда оны өзине аўдырып алыўға имкан жаратады. Парахорлық жынаяты өзине тән қәсийетке ийе болып, бул болса бир шахс тәрепинен сәдир етилиўи мүмкин емес. Парахорлық кеминде еки шахстың пара бериўши ҳәм пара алыўшының тиккелей байланыслылығы тийкарында жүзеге келеди. Соның менен бирге, айырым жағдайларда парахорлық жынаяты жүз бериўинде дәлдәлшылар да айрықша орын тутады.

Солай етип, парахорлық басқарыў органлары хызмети тәртибине қарсы қаратылған үш бийғәрез лаўазым жынаятлары – пара алыў, пара бериў ҳәм пара алыс-беристе дәлдәлшылықты өз ишине алады.

Өзбекистан ғәрезсизлиги жәрияланыўы менен суд-ҳуқық системасын реформалаў барысында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды. Дүзилип атырған демократиялық ҳуқықый мәмлекетимиздиң әҳмийетли принциплеринен бири сыпатында нызам үстинлиги тәмийинленди. Сол ушын да, суд-ҳуқық системасын басқышпа-басқыш реформалаў барысында избе-излик пенен алып барылып атырған мәмлекет сиясаты социал-экономикалық жағдайына зыян келтириўши апат сыпатында ен жайылып атырған коррупцияның ҳәр қандай көринисиндеги қәўипке қарсы гүрести күшейттириў әҳмийетли ўазыйпаға айланды.

Мәмлекетте халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жетилистириў, жәмийетте коррупцияға қарата кескин қарсылық мүнәсибетин қәлиплестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыў барысында кең көлемли ислер әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Ш.М.Мирзиёев тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары белгилеп берилип, коррупцияға қарсы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыў, коррупцияға қарсы ҳуқықбузарлықларды сәдир еткенлик ушын жуўапкершиликтиң айқынлығын тәмийинлеў тараўында әмелге асырылып атырған ислерди жаңа басқышқа көтерди.

Атап айтқанда, 2017-жыл 3-январь күни “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекистан Республикасы Нызамы ҳәм 2017-жыл 2-февраль күни “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының қағыйдаларын әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-2752-санлы Қарары қабыл етилди. Сондай-ақ, арнаўлы Қарар менен 2017-2018-жылларға мөлжелленген коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика мәкемелераралық комиссиясы дүзилди.

Сондай-ақ, аймақларда суд, ҳуқық қорғаў ҳәм бақлаў тексериў органларында коррупцияға қарсы гүресиў мақсетинде пуқаралар менен орынларда өткизилген көшпели қабыллаўлары нәтийжеси бойынша Өзбекистан Республикасы Бас министри, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик мәсләҳәтшиси ҳәм Есап палатасы баслығы орынбасары тәрепинен тастыйықланған жыйналыс Баяннамаларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекистан Республикасы Олий суды ҳәм Судьялар жоқары кеңеси баслықлары тәрепинен 2017-жыл 30-сентябрьде қабыл етилген “Суд органларында коррупцияға тән ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, сондай-ақ оларға имкан бериўши себеп ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыўға қаратылған ис-иләжлар ҳаққында”ғы қоспа қарары ҳәм де “Судьялар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, судьялық анты, әдеп-икрамлылығына әмел етилиўин тәмийинлеў, лаўазымынан пайдаланыў, парахорлық ҳәм басқа нызамсыз ис-ҳәрекетлердиң сәдир етилиў жағдайларының алдын алыў ҳәм де шек қойыў, халық пенен ашық пикирлесиў, судлардың ашық-айқынлығын тәмийинлеў” жүзесинен комплекс ис-иләжлар дәстүри қабыл етилди.

Бул арнаўлы ҳүжжетлер Өзбекистанның халықаралық майдандағы абырайын және де көтерилиўине хызмет етиўи менен бирге, коррупцияның алдын алыўға ҳәм халықтың ертеңги күнге болған исенимин беккемлеўге үлкен үлесин қосады.

Соның менен бирге, суд, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм бақлаў органлары системаларында коррупцион ҳәрекетлер ҳәзирге шекем даўам етип келинип атырғанлығы, мәмлекетлик мекемелердиң бир қатар басшылары тәрепинен ийелеп турған лаўазымы есабынан нызамсыз байлық арттырыўға умтылыўы киби унамсыз жағдайлар сақланып келинип атырғанлығы мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине айтарлықтай зыянын тийгизбекте.

Биз өз гезегинде бундай зыянлы ис-ҳәрекетлерден, бир сөз бенен айтқанда жынайый ис ҳәрекетлерди ислеўден өзлеримизди ҳәм де перзентлеримизди ҳәр тәреплеме сақлаўымыз тийис, жасларымыздың сана-сезими ҳуқықый жақтан бундай пәс болып жетилисиўиниң алдын алыўымыз кереклигин ҳеш ўақытта ядымыздан шығармаўымыз керек.

Буның ушын ең дәслеп өзимиздиң ҳуқықый билимимизди асырып, нызамларға ҳүрмет пенен қараўды үйрениўимиз шәрт.

 

Д.Разов

Жынаят ислери бойынша Қоӊырат

районы судыныӊ баслығы