Нызамшылықтағы жаңа институт жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў  

Жарасқанлық мүнәсибети менен жазадан азат етиў әмелияты 2001-жылда жынаят кодексине 661-статья сыпатында киргизилген еди. Бул институт әмелиятта өзин ақлады ҳәм бүгинги күнде ҳәм нәтийжели пайдаланылып келинбекте. Жарасқанлық институты енгизилгенлиги себепли жүдә көп пуқаралар жынайы жуўапкершиликтен азат етилди ҳәм азат етилмекте. Соның менен бирге билип-билмей жынаят ислеген пуқаралар нызамшылықта бул имканияттан ақылға уғрас пайдаланып, ислеген қылмысынан пушайман болып, өз-ара жарасып, дурыс жуўмақлар шығарып атыр.

Суд статистикасы мағлыўматлары ҳәм де жарасыў ҳаққындағы ислер бойынша суд әмелиятын үйрениў нәтийжелери соны көрсетеди, жынаят нызамшылығына усы институттың киргизилиўи жынайы ҳуқықый мүнәсибетлерди еркинлестириўди әмелге асырыўда қурал болды. Усы институт жәбирлениўшилердиң ҳуқықларын исенимли қорғаў, республикада судланғанлық жағдайын кемейттириў, жынайы жуўапкершиликтен азат етиў институтының кеңирек қолланылыўына имканият жаратады.

Жарасыў институты жынайы жуўапкершиликтен азат етиў түри сыпатында шахстың айпкерлиги мәселесин шешпей турып жынаят ислерин тамамлаў  ушын тийкар болады. Сынаўдан унамлы тәреплер менен өткен бул әмелият ендиликте ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ислерге де қолланылып атыр.

2021-жылдың 30-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилис Сенатының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм де Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамы мақулланды.

«Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы 720-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы  2021-жыл 4-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылды. Усы нызамға тийкарланып Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси  212-статья менен толықтырылды. Бул статья жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў деп аталады. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте аты аталған жәми 12 статья жарасыў институтына түсетуғынлығы көрсетилген.

Мәселен, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстың    40-статьясы (жала жабыў), 41-статьясында (ақыретлеў), 45-статьясында (пуқаралардың жасаў орны қол қатылмаслығын бузыў), 46-статьясында (пуқараға руўҳый яки материаллық зыян жеткериў мүмкин болған мағлыўматларды әшкара етиў),  461– статьясында (жеке өмир қол қатылмаслығын бузыў), 52-статьясында (жеңил дене жарақатын жеткериў), ҳәм соған уқсас ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды исленген шахс, егер ол өз айбына ықрар болса, жәбирлениўши менен жарасса ҳәм жеткерилген зыянды сапластырса, ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин. Алдын тәреплер жарасқан, өз-ара келискен, зыянлар қапланып, ортада бир-биреўине келиспеўшиликлер қалмаған жағдайларда ҳәм суд ҳәкимшилик жазаға тартыўға мәжбүр еди.

 

 

Султанмурат Давлетмуратов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы