Суд тәрепинен истиң өндиристен надурыс тоқтатылғанлығы суд ҳүжжетин бийкар етиўге тийкар болады

Кредитор «А» Акционерлик коммерциялық банки судқа  арза менен мүрәжат етип қарыздар «S.M.M» ЖШЖин банкротлықтың улыўмаластырылған процедурасы бойынша банкрот деп табыўды сораған.

Биринши инстанция судының 2021 жыл 29 ноябрь күнги  уйғарыўы менен «S.M.M» ЖШЖниң лаўазымлы шахслары қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң  167-статьясының үшинши бөлими «а» бәнди, 228-статьясының биринши бөлими менен жынаятлы ис қозғатылғанлығы анықланған ҳәм  ис өндиристен тоқтатылған.

Уйғарыўға наразы болып кредитор «А» Акционерлик коммерциялық банки апелляциялық тәртибинде  арза берген.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
101-статьясының 1-бәндине тийкар исти Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды, пуқаралық ислери бойынша суд, жынаят ислери бойынша суд, ҳәкимшилик суд яки экономикалық  суд тәрепинен көрилип атырған басқа ис яки мәселе жүзесинен, сондай-ақ тергеў ҳәрекетлери алып барылып атырған ис бойынша қарар қабыл қылынғанға шекем көриў мүмкин болмағанда суд исти өндиристен тоқтатып турыўы шәрт.

Экономикалық процессуал кодексиниң 103-статьясының 1-бәндине тийкар ис өндиристен усы Кодекстиң 101-статьясы 1-бәндинде нәзерде тутылған жағдайларда-тийисли судтың суд ҳүжжети нызамлы күшине киргенге яки тергеў ҳәрекетлери тамамланғанға шекем тоқтатылады.

Өзбекстан Республикасы Жоқары суды Пленумының 2019 жыл 24 май күнги “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нызам нормаларын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының 19-бәндиниң екинши хатбасысында исти өндиристен тоқтатып турыў тийкарлары Экономикалық процессуал кодексиниң 101 ҳәм 102-статьяларында нәзерде тутылғанлығы, бунда суд Экономикалық процессуал кодексиниң 102-статьясында белгиленген тийкарлар бойынша исти өзиниң басламасы  менен яки тәреплердиң илтимаснамасына көре тоқтатыўға ҳақылы екенлиги ҳәм Экономикалық процессуал кодексиниң 101-статьясында нәзерде тутылған тийкарлар бойынша илтимаснама бар болыўына қарамастан, исти өндиристен тоқтатып турыўға мәжбүр екенлигин итибарға алыўы лазым екенлиги, исти өндиристен тоқтатып турыў ҳаққындағы уйғарыўда исти өндиристен тоқтатыў ушын тийкар болған жағдайлар көрсетилиўи кереклиги түсиндирилген.

Биринши инстанция суды жәмийеттиң лаўазымлы шахсларының қарсысына жынаят иси қозғатылғанлығы себепли исти өндиристен тоқтатқан болса да, бирақ уйғарыўда банкротлық исин тергеў ҳәрекетлери алып барылып атырған ис бойынша қарар қабыл қылынғанға шекем көриў мүмкин болмаўға тийкар болған жағдайларды, исти өндиристен тоқтатыў мүддетлерин көрсетпеген.

Анықланыўынша, қарыздар «S.M.M» ЖШЖниң лаўазымлы шахслары  2018 жыл 06 июнь күнги 841-санлы кредит шәртнамасына тийкар ажыратылған 16 580 000 000 сўм кредит қаржылары есабынан қурылған 5 қабатлы турақ жай имаратын қурыўда қурылыс ислери орынланғанлығы ҳаққындағы есап-фактураларға жалған мағлыўматларды киргизип, 967. 3 млн. сўмды өзлестириў ҳәм растрата жолы менен талан-тараж қылғанлығы ҳәрекетлери ушын олардың қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң  167-статьясының үшинши бөлими «а» бәнди, 228-статьясының биринши бөлими менен жынаятлы ис қозғатылған.

Апелляция инстанция суды, бул тийкарларға көре жынаят исиниң қозғатылыўы банкротлық исин мазмунан көриўге тәсир етпейди деп есаплап, уйғарыўды бийкар етиўди, апелляциялық арзаны қанаатландырыӯды лазым тапқан.

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы                                                   Гаўхар Зарипова