Суд әмелиятынан  

  Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы “Х» аймақлық акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап судқа даўа арза менен мүрәжат етип,  жуўапкер “Ж” фермер хожалығынан 1 171 272 сўм қарызы, 117 127 үстеме өндириўди сораған.

Биринши инстанция судының 2021 жыл 20 сентябрь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза толық қанаатландырылған. Жуўапкерден бюджетке 270 000 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилген.

  Ҳал қылыў қарарына наразы болып “Ж” фермер хожалығы апелляция тәртибинде арза берген. Апелляциялық арзасында даўагер алдында қарызы жоқлығы себепли ҳал қылыў қарарын бийкар етип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа шешим қабыллаўды сораған.

Истеги анықланған жағдайларға қарағанда тәреплер ортасында 2021 жыл 08 февраль күни 47-санлы өним жеткерип бериў шәртнамасы дүзилген.

Шәртнамаға тийкар “Х» аймақлық акционерлик жәмийети “Ж” фермер хожалығына минерал төгинлер, өсимликлерди химиялық ҳәм биологик қорғаў қуралларын ҳәм басқа химиялық өнимлерди жеткерип бериўге, ал “Ж” фермер хожалығы болса жеткерип берилген өнимди қабыллап алыў ҳәм оның ҳақын төлеўге келискен.

Жеткерип бериўши тәрепинен жеткерип берилетуғын өнимниң анық түрлери, сыпаты, муғдары (көлеми) баҳасы ҳәм жеткерип бериў мүддетлери шәртнаманың ажыралмас бөлими болған 1-санлы қосымша менен белгиленген.

Шәртнаманың жәми баҳасы 152 636 715 сўмды қураған.

Шәртнаманың 3.2-бәндине тийкар “Ж” фермер хожалығы алдыннан 100 пайыз төлемди әмелге асырыўы кереклиги белгиленген.

“Ж” фермер хожалығы тәрепинен 2021 жыл 11 апрель күнги  183-санлы накладной менен баҳасы  1 171 272,06 сўмлық “карбамид” өними қабыллап алынған.

“Х» аймақлық акционерлик жәмийети  усы өнимниң баҳасы төленбеди деген тийкар келтирген ҳәм фермер хожалықтан қарызын үстемеси менен бирге өндирип бериўди сораған. Бирақ, истеги ҳүжжетлерге қарағанда “Ж” фермер хожалығының 2021 жыл 1 январь ҳалатына алдыннан өткерилген 43 796 000 сўм аласы қарызы болған ҳәм оған усы сумма шеңберинде бөлип-бөлип өним жеткерип берилип келген. Яғный, “Ж” фермер хожалығы өним алған ўақытта  оның қарызы болмаған.

            Бул жағдайлар, биринши инстанция суды тәрепинен үйренилмеген.

Сонлықтан, апелляция инстанция суды ҳал қылыў қарарын бийкар етип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа шешим қабыл қылған.

 

Гаўҳар Зарипова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы