Мәмлекетлик уйым яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыӯ уйымы тәрепинен нызам ҳүжжетлерине муӯапық болмаған ҳүжжет қабыл етилиӯи, сондай-ақ, олардың әмелдар шахсларының нызамға қайшы ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) нәтийжесинде пуқараға яки юридик шахсқа жеткерилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыӯ уйымы тәрепинен қапланады

Өзбекстан Республикасы Президенти қасындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили «S.A» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпин қорғап  экономикалық судына даўа арза менен мүрәжат етип район ҳәкимлигинен оның пайдасына 174 908 823 сўм келтирилген зыян өндириўди сораған.

Судтың  уйғарыўы менен “Ш” ЖШЖ екинши жуўапкер ретинде тартылған ҳәм 2021 жыл 27 сентябрь күнги ҳал қылыў қарары менен 174 908 823 сўм келтирилген зыян екинши жуўапкер «Ш» ЖШЖнен өндирилген, район ҳәкимлиги жуўапкершиликтен азат етилген.

Ҳал қылыў қарарына наразы болып “Ш” ЖШЖ апелляция тәртибинде арза берип,  өзин жуўапкершиликтен азат етип, келтирилген зиянды район ҳәкимлигинен өндириўди сораған.

Истеги анықланған жағдайларға қарағанда район ҳәкимлиги 2015 жыл 30 март күнги қарары менен “Ш” ЖШЖне тийисли болған пайдаланылмай бос турған 2 дана қоймахана имәратларын турақлы пайдаланыӯ ҳуқықы менен район ҳәкимлиги балансына алған.

Буннан соң,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 16-декабрь күнги 840-санлы қарары менен көрсетилген имәратлар инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелерди қабыл етиӯ шәрти менен “ноль” баҳада таңлаӯда сатыӯ ушын пайдаланылмастан турған мәмлекет мүлки объектлери дизимине киритилген ҳәм Карақалпақстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиӯ ҳәм бәсекени раӯажландырыӯ мәмлекетлик комитети, “S. A” ЖШЖ ҳәмде район ҳәкимлиги ортасында  2018-жыл 27-июнь күни  дүзилген алды-сатты шәртнамасына тийкар “S. A” ЖШЖ имаратларға инвестиция киритиӯ шәрти менен “ноль” баҳасында  сатылған.

Алды-сатты шәртнама шәртлерине көре “S.A” ЖШЖ  еки жыл мүддетте объектте баҳасы 204 000 000 сумлық инвестиция киргизиў миннетлемесин алған ҳәмде бул  миннетлемени толық орынлаған.

Бирақ, район ҳәкимшилик судының 2020 жыл 22 июнь күнги ҳал қылыӯ қарары менен район ҳәкиминиң 2015 жыл 30 март күнги қарары ҳақыйқый емес табылған ҳәм мүлклер “Ш” ЖШЖне қайтарылған.

Районлар аралық экономикалық судының 2020 жыл 05 октябрь күнги ҳал қылыў қарары менен “S.A” ЖШЖ 1 ҳәм 2 санлы қоймахана имаратларынан мәжбүрий тәртипте шығарылған.

Нәтийжеде “S.A” ЖШЖ мүлклерден пайдаланыў ҳуқықын жойтқан ҳәм усы мүлкке жумсаған  қәрежетлер суммасы муғдарында материаллық зиян көрген.

Биринши инстанция суды  қәрежетлер “Ш” ЖШЖне тийисли болған мүлкке жумсалғанлығы себепли келтирилген зиян усы жәмийеттен өндирилиўи тийис деп  тапқан.

Өзбекстан Республикасы  Пуқаралық кодексиниң 15-статьясы биринши бөлимине көре мәмлекетлик уйым яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыӯ уйымы тәрепинен нызам ҳүжжетлерине муӯапық болмаған ҳүжжет қабыл етилиӯи, сондай-ақ, олар әмелдар шахслардың нызамға қайшы ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) нәтийжесинде пуқараға яки юридик шахсқа жеткерилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыӯ уйымы тәрепинен қапланыӯы лазым. Бундай зыянның орны мәмлекетлик уйымның бюджеттен тысқары қәрежетлери яки пуқаралар өзин-өзи басқарыӯ уйымларының қәрежетлери есабынан қапланады.

Усы Кодекстиң 990-статьясы биринши ҳәм үшинши бөлимлерине муӯапық мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралар өзин-өзи басқарыӯ уйымларының нызамға қайшы қарарлары нәтийжесинде пуқараға яки юридик шахсқа жеткерилген зыян, олардың әмелдар шахсларының айыбы болыӯына қарамастан, судтың қарары тийкарында қапланыӯы лазым.

Зыян усы Кодекстиң 15-статьясында нәзерде тутылған тәртипте қапланады.

Сонлықтан апелляция инстанция суды, “S.A” ЖШЖне материаллық зиян район ҳәкимлигиниң нызамға қайшы ҳүжжет қабыл етилиўиниң ақыбетинде  келтирилгенлигин итибарға алып, ҳал қылыў қарарын бийкар еткен ҳәм келтирилген зиянды район ҳәкимлигинен өндириў  ҳаққында жаңа қарар қабыл қылған.

 

Гаўҳар Зарипова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы