Қурылыс жумысларын орынлаўда тәреплердиң жуўапкершилик мәселелери

Қурылыс жумысларын әмелге асырыўда, буйыртпашы менен бас бөлип алып ислеўши ортасындағы қатнасықларды тәртипге салыўда қурылыс пудрат шәртнамасы әҳмийетли орын тутады. Қурылыс пудрат шәртнамасын дүзиўде нызамда белгиленген зәрүрли шәртлер киргизилиўи лазым.

Қурылыc пудрат шәртнамасының әҳмийетли шәртлерине  шәртнаманың предмети (объекттиң жайласқан жери ҳәм аты, қурылыс басқышлары ҳәм көлеми), қурылыс жумысларын өз куши менен ямаса жәрдемши пудратшыларды тартыў арқалы орынлаўы, қурылыстың баслынғыш ҳәм тамамланыў ўақытлары, шәртнама баҳасы ҳәм оны анықлаў усуллары, жойбар (проект) ҳүжжетлерин усыныў тәртиби ҳәм мүддетлери, финанслық дереклери ҳәм көлеми, шәртнамалық миннетлемелерди орынламаў ямаса лазым дарежеде орынламаў ушын тәреплердиң жуўапкершилиги, буйыртпашы ҳәм пудратшының ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери киреди.

Пукаралық Кодексиниң 631-статьясының биринши бөлиминде пудратшы буйыртпашының тапсырмасына муўапық белгили бир жумысты орынлаў ҳәм оның нәтийжесин буйыртпашыға белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемеси шәртнаманын әҳмийетли шәрти сыпатында белгиленген.  Сонлықтан шәртнамада жумысты орынлаў муддетлери нәзерде тутылмаған болса, шәртнама дүзилмеген есапланады.

Пукаралық Кодексиниң 670-статьясына тийкар, пудратшы қурылыс ҳәм ол менен байланыслы болған жумыстың көлеми, мазмуны ҳәм оларға қойылатуғын басқа талапларды белгилейтуғун проект-смета ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырыўы шарт.

Пудратшы қосымша жумысларды орынлаў ҳәм қурылыстың смета баҳасын асырыў зәрурлигин анықлап, бул ҳаққында буйыртпашыны хабардар қылмаған болса, бирақ буйыртпашы жумысларды ҳәм қабыл қылыў акти қосымша жумысларға қарсылық билдирместен имзаланған болса ҳәм пудратшы қосымша орынланған жумыслар ушын төлемлерди амелге асырыўды талап қылыўга ҳақылы емас. Усы жағдайда буйыртпашы пудратшы тәрепинен қосымша жумыслар орынланғанлығын тастыйықлайды, бул болса буйыртпашының қосымша орынланған жумыслар ушын төлемлерди амелге асырыўға разылығын аңлатпайды.

Пукаралық Кодексиниң 671-статьясы ушинши бөлимине қарағанда, егер жумыстың баҳасы пудратшыға байланыслы болмаған себеплерге көре сметадан кеминде он процент асқан болса, пудратшы усы Кодекстиң 382-статьясына муўапық сметаны қайтадан көрип шығыўды талап қылыўга ҳақылы.

Орынланған жумыслар ушын ҳақ буйыртпашы ҳәм пудратшы тәрепинен имзаланған нызам ҳүжжетлеринде белгиленген форма ҳәм тәртипте дүзилген орынланған жумыслар (исленген ҳарекетлер) ҳаққында мағлыўматнама-есап бети фактурасы тийкарында әмелге асырылады.

Пудратшыға сапасыз орынланған жумыслары ушын төлемлер әмелге асырылмайды. Сапасыз орынланған жумыслар дегенде – қурылыс пудрат шәртнамасында, техникалық проектте ҳәм тәреплер ушын мәжбурий болған қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларында нәзерде тутылған талаплардан шегиниўге жол қойылғанлығы, сондай-ақ қурылыс объектиниң проект-смета ҳүжжетлеринде белгиленген көрсеткишлерине, тийкарынан кәрхананың ислеп шығарыў қуўатына ериспегенлиги түсиниледи.

Кемшиликлер сапластырылған соң буйыртпашы ҳам пудратшы бул ҳаққында акт расмийлестириўи лазим.

Жумыслар нәтийжесиниң пудратшы тәрепинен тапсырылыўы ҳәм буйыртпашы тәрепинен қабыл қылып алыныўы еки тәреп имзалаған акт пенен расмийлестириледи. Тәреплерден бири акт имзалаўдан бас тартса, бул ҳаққында усы актке жазып қойылады ҳәм пудратшы актти екинши тареп сыпатында имзалайды.

Қурылыс пудрат шәртнамасы талапларына бойсыныў, қурылыс жумысларын проект-смета ҳүжжетлерине муўапық орынлаў, қурылыс пудрат шәртнамасы бойынша келип шығатуғын даўлардың алдын алады.

 

 

Бердимурат Баймуратов,

Нөкис районлар аралық

экономикалық суды судьясы