Буйыртпашы кесип алыў шәртнамасы бойынша әмелге асырылған ислер ушын ҳақ төлеўден бас тартса, не ислеў керек?

Кесип алыў шәртнамасы бойынша хызметлерди әмелге асырыўда кесип алыўшылар көбинше буйыртпашы әмелге асырылған ис ушын ҳақ төлеўден бас тартатуғын жағдайларға дус келеди.

Егер буйырытпашы төлемлерди әмелге асырыўдан бас тартса, не ислеў керек?

Бириншиден. Шәртнама ҳәм нызамшылықты дыққат пенен үйрениң. Шәртнама шәртлерин бузбағанлығыңызға – ис туўры ҳәм нәтийжели орынланғанлығына, мүддетлери бузылмағанлығына көзиңиз жетсин.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 638-статьясы биринши бөлимине көре, егер кесип алыў шәртнамасында орынланған жумысқа яки оның айырым басқышларына алдыннан ҳақ төлеў көзде тутылған болмаса, буйыртпашы кесип алыўшыға шәртлесилген ҳақыны жумыс тийисли тәризде ҳәм келисилген мүддетте ямаса буйытпашының разылығы менен мүддетинен алдын орынланып, оның нәтийжелери узил-кесил тапсырылғаннан кейин төлеўи шәрт.

Егер сизиң исиңиз қурылыс кесип алыў болса, онда Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 673-статьясына тийкар кесип алыўшы тәрепинен орынланған ис ушын төлем буйыртпашы тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде яки қурылыс кесип алыў шәртнамасында белгиленген мүддетте ҳәм тәртипте сметада нәзерде тутылған муғдарда әмелге асырылады.

Нызамда яки шәртнамада тийисли көрсетпелер болмаған жағдайда кесип алыўшы тәрепинен орынланған ис ушын төлемлер Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 638-статьясына муўапық әмелге асырылады.

Билиў әҳмийетли: Қурылыс кесип алыў шәртнамасында хызметлер ушын төлемди объектти қабыл еткеннен кейин бир ўақыттың өзинде ҳәм толық есап китап етиў нәзерде тутылған болыўы мүмкин.

Хызметтиң ҳақыйқатта әмелге асырылғанлығын қабыл етиў акти, әмелге асырылған ислердиң баҳасы ҳәм жумсалған қәрежетлер ҳаққында мағлыўматнама, объекттиң қурылысы тамамланған деп қабыл етиў акти, сондай-ақ даўлы жағдайларда – қадағалаў өлшеў акти яки эксперт жуўмағы менен тастыйықланады.

Ҳақыйқытта қабыл етилген ислер ҳақысы төлениўи тийис.

Екиншиден. Буйыртпашыдан шәртнама бойынша орынланған ислерди тексериўди ҳәм қабыл етиўди сораң.

Нызам ҳүжжетлеринде кесип алыўшыны жумыс нәтийжелерин тапсырыўға таярлығы ҳаққында хабар бериўге, буйыртпашы болса шәртнамада нәзерде тутылған мүддет ҳәм тәртипте, орынланған ислерди көзден өткериў ҳәм қабыл етиў, орынланған ислердиң кемшиликлери болған жағдайда, бул ҳаққында кесип алыўшыға хабар бериўи мәжбурий екенлиги көрсетилген (Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 680-статьясы).

Бул ҳәрекетлер кесип алыўшының қатнасында әмелге асырылып, қабыл етиўди жазып алыў ҳүжжетине рәсмийлестириледи. Қурылыс кесип алыў бойынша ислерди қабыл етиў ҳәр еки тәреп қол қойылған акт тийкарында әмелге асырылады (Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 680-статьясы). Яғный, исти қабыл етиў буйыртпашының миннети, сондай-ақ, қурылыс кесип алыў шәртнамасында көрсетилген мақсетте пайдаланыў  имкәниятынан тысқары ҳәм де кесип алыўшы, буйыртпашы ҳәм үшинши шахслар тәрепинен сапластырып болмайтуғын кемшиликлер анықланса, қабыл етиўден бас тартыў ҳуқықына ийе.

Дузилген актлер қол қойыўдан бас тартылған жағдайда актлер бир тәреплеме бериледи.

Үшиншиден. Кесип алыў шәртнамасы бойынша ис ушын төлемди талап ететуғын судқа шекемги талапнама таярлаў ҳәм буйыртпашығы жибериў. Судқа шекемги талапнамада сиз буйыртпашыға ис ушын төлемди әмелге асырыў миннетлемесин өз ықтыяры менен орынлаўды ҳәм де миннетлемени орынламаған жағдайда, сиз судқа мүрәжәәт ететуғынлыңызды билдиресиз.

Усындай талапнаманы тәрепке жибериў – әҳмийетли басқыш, себеби бундай жағдайда буйыртпашы орынланған ис ушын пайда болған қарыздарлықты төлеп бериўи мүмкин ҳәм судқа мүрәжәәт етиў зәрүрлиги қалмайды.

Әлбетте, усы басқышта есте сақлаў әҳмийетли, егерде шәртнамада мүддетлер белгиленген талапнама жибериў арқалы даўды шешиў тәртиби орын алған болса, буйыртпашыға талапнама жибериў мәжбурий!

Сондай-ақ, сиз буйыртпашының мүлкин яки кесип алыў шәртнамасы бойынша ис нәтийжелерин услап қалыў ҳуқықын әмелге асырыўыңызға ҳақлысыз.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 639-статьясына муўапық, егер буйыртпашы шәртнама орынланыўы мүнәсебети менен кесип алыўшыға белгиленген қарыздарлықты яки басқа төлемлерди әмелге асырыўдан бас тартса, кесип алыўшы Пуқаралық кодексиниң 290-статьясына муўапық (https://lex.uz/docs/111181#162322) ва 291-статьясына (https://lex.uz/docs/111181#162333) ис нәтийжелерин, сондай-ақ буйыртпашы тәрепинен тийисли төлемлерди әмелге асырмағанға шекем, буйымларды қайта ислеў ушын алынған буйыртпашыға тийисли үскенелерди, ислетилмеген қурылыс материалларын ҳәм басқа да буйыртпашыға тийисли мүлклерди услап қалыўға ҳақлы.

Пуқаралық кодексиниң усы статьясына тийкарланып талапнамада усы ҳуқықтан пайдаланыў нийети ҳаққында буйыртпашыға көрсетиўи зәрүр.

Төртиншиден. Кесип алыў шәртнамасы бойынша буйыртпашыдан қарыздарлықты өндириў ҳаққында даўа арзасы менен экономикалық судына мүрәжәәт етиң.

Соның менен бирге кесип алыўшы буйыртпашының төлемди өз ўақтында әмелге асырмағаны ушын үстеме талап етиўиңиз мүмкин.

Өз гезегинде, бириншиден егер бул шәртнама шәртлеринде нәзерде тутылған болса;

Екиншиден, егер бул туўрыдан-туўры нызамда көрсетилген болса – мәселен, Өзбекстан Республикасының «Хожалық жүритиўши субъектлер жумысының шәртнамалық-ҳуқықый тийкарлары ҳаққында»ғы Нызамы.

 

Бозатаў Бекполатов

Қарақалпақстан Республикасы судының

судья аға жәрдемшиси