Коррупция жәмийет раўажланыў жолында тосық

Кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта.  Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсебетти пайда етиўге бағдарланған системалы илажлар көрилип атыр.

Мәмлекетимиз басшысының нызамшылық басламасы менен Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы   Нызамы Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2016 жыл 24 ноябрьде қабыл етилип, Сенат тәрепинен 2016 жыл 13 декабрь күни мақулланды.

Бул Нызамның қабыл етилиўи коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимизде әҳмийетли қәдем болды.

Нызам коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бирден-бир мәмлекет сиясатының мақсетли ҳәм системалы жолға қойылыўына ҳуқықый негиз жаратты.

Бул ҳүжжет тараўды тәртипке салыўшы, оның шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлери ҳәм мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислерин белгилеп бериўши системаластырылған дәслепки ҳүжжет саналады. Нызам менен мәмлекетимизде бир қанша жумыслар әмелге асырып келинбекте.

Атап айтқанда, 2019 жыл 27 май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында» Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў, ен жокары дарежедеги қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, елимиздиң халықаралық майдандағы унамлы абырайын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық 2019-2020-жылларда коррупцияға карсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясының жаңаланған қурамы тастыйықланды.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери ҳәм басқа шөлкемлер Мәмлекетлик бағдарламасының ҳәр бир бәнти бойынша мақсетлерге ерисиўде нәтийжелилик индикаторларын ислеп шығыўы ҳәм оны Уйымлараралық комиссия менен келисип алыўы зәрүрлиги көрсетилген.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталарында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд ҳуқық мәселелери бойынша комитетлер шөлкемлестирилди.

Пәрманда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халык депутатлары Кеңеслери, районлық ҳәм қалалық халық депутатлары Кеңеслериниң қурамында коррупцияға қарсы гүресиў комиссияларын шөлкемлестирилиўи усыныс етилди. Оларға орынларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыслардың жағдайын комплексли үйрениў ҳәм орынларда коррупция көринислери жүз бериўине алып келетуғын системалы машқалалар ҳәм коррупцияның жағдайы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетлерине булл тараўдағы жумысты жетилистириў бойынша усыныслар киргизилген ҳалда турақлы түрде мәлимлеме берип барыў функциялары жүкленеди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң пәрманына муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары орта мүддетли перспективада суд ҳәкимиятының еркинлигин буннан былай да беккемлеў, судьяларға ҳәр қандай тәризде нызамға тәсир өткериў шәртлерин бийкар етиў, мәмлекетлик хызметлерди таңлаў тийкарында сайлап алыў, лаўазымға тайынлаў ҳәм жоқары лаўазымларға көтериўдиң ашық-айдын тәртибине тийкарланған мәмлекетлик хызмет системасын қәлиплестириў, олар ушын шеклеўлер, қадаған етиў, хошаметлеў илажлары және коррупцияның алдын алыўдың басқа да механизмлериниң анық дизимин белгиеў, Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматларын декларациялаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў ҳәм олардың мийнет ҳақысы жеткиликли дәрежеде болыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметти атқарыўда мәплердиң қарама-қарсы келиўин шешиўди шолкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, коррупция менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаўдың нәтийжели шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин енгизиў, халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын және де арттырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнасты күшейтиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң есап бериўин ҳәм жумысының ашық-айдынлығын арттырыў, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары жумысының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды коррупцияға қарсы илажларды таярлаўда, өткериўде ҳәм орынланыўын мониторинг етиўге қатнасыўға тартыўдан ибарат екенлиги белгилеп қойылды.

Сондай-ақ, Пәрманда Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги Бас прокуратура менен биргеликте жасларға коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықый билим бериў бойынша комплексли илажларды ислеп шыққан ҳалда 2019 жыл 1 сентябрьден баслап улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў макемелериниң оқыў бағдарламаларында коррупцияға қарсы темалар буннан да былай кеңейтилиўи белгиленген.

Буннан тысқары, Пәрманның орынланыўы барысында айырым нызам ҳүжжетлерине Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен қабыл етилетуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер усы Пәрманға муўапықластырыў белгиленген.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абат турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы жәнеде жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдарда реформалар еле де даўам етеди, себеби олардың тийкарғы мақсети елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

Қарақалпақстан Республикасы

 суды судьясы                                               Саодат Каипназарова