Ижара шартнамасынан келип шығатуғын даўларды шешиўде пуқаралық  нызам ҳүжжетлерин қоллаў

 Мүлк ижарасы бойынша тәреплердиң өз-ара ҳуқықый қатнасықлары Өзбекистан Республикасының «Ижара ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының Нызамы, Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда- Пуқаралық кодекси деп жүрителеди) 34-бабы,  Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009 жыл 8 апрелдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 102-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртиби ҳаққында»ғы Реже ҳәмде басқа нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.

Мүлк ижарасы шәртнамасы  бойынша ижараға бериўши ижараға алыўшыға ҳақ есесине мал-мүлкти ўақтынша ийелик етиў ҳәм пайдаланыў яки пайдаланыў  ушын тапсырыў миннетлемесин алады.

Мүлк ижара шәртнамасы бир жылдан артық мүддетке дүзилетуғын болса, тәреплердиң бири юридик шахс болған жағдайларда болса, мүддетине қарамастан жазба түрде дүзилиўи шәрт.

Көшпес мүлк пенен байланыслы ижарасы шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым. Көшпес мүлк ижара шәртнамаларын мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибине әмел қылмаслық  Пуқаралық кодексиниң 112-статьясына тийкар, шәртнаманың ҳақыйқый емеслигине алып келеди ҳәм Пуқаралық кодексиниң 114-статьясында нәзерде тутылған питимлердиң ҳақыйқый емеслиги ақыбетлери қолланылады.

Егер тәреплердиң бири шәртнаманы мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартса, екинши тәреп ижара шәртнамасын дизимнен өткериўге мәжбүрлеў ҳаққындағы талап пенен судқа даўа арза муражат қылыўға ҳақылы.

Шәртнама қандай формада дүзилген болса, оны өзгертиў туўрысындағы келисим де, егер нызам ҳүжжетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса, сондай формада дүзиледи. Буннан келип шығып, мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым болған көшпес мүлк ижарасы шәртнамасын өзгертиў ҳаққындағы тәреплердиң келисиўи де шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланып, дизимнен өткерилиўи лазым.

Пуқаралық кодексиниң 538-статьясының мазмунынан келип шығып, мүлктиң ийеси ямаса нызам менен яки мүлкдар тәрепинен мүлкти ижараға бериў ўәкиллиги берилген басқа шахслар ижараға бериўшилер болыўы мүмкин. Ижараға бериўшиниң мүлк ийеси екенлиги мәселесин анықлаўда судлар мүлкке болған ҳуқықын белгилеўши (ийелик ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гуўалық, алды-сатты шәртнамасы, кадастр ҳүжжетлери, транспорт қуралының техник паспорты ҳәм басқалар) ҳәм ижараға бериўши ҳақыйқатында да мүлк ийеси екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин талап қылады.

Мүлк ижара шәртнамасы бойынша ижара мүддетин белгилеў ҳуқықы тәреплердиң өзлерине берилген ҳәм бундай мүддет ижара шәртнамасында көрсетиледи.

Егер мүлк шәртнамасының мүддети белгиленбеген болса, шәртнама белгисиз мүддетке дүзилген есапланады. Бунда тәреплердиң ҳәр бири басқа тәрепти бир ай алдын, көшпес мүлк ижарасында болса- үш ай алдын жазба түрде ескертип, қәлеген пайытта шәртнамадан ўаз кешиўи мүмкин.

Егер, нызам менен айырым түрдеги мүлк ижарасы шәртнамалары ушын ең көп  (соңғы) мүддет белгиленген болып, шәртнама белгиленген усы соңғы мүддеттен артық мүддетке дүзилген болса, бундай шәртнама белгиленген соңғы мүддетке тең мүддетке дүзилген есапланады.

Егер нызам менен айырым түрдеги мүлк ижарасы шәртнамалары ушын ең кем (шекленген) мүддети белгиленген болып, шәртнама усы  ең кем мүддетинен де кем мүддетке дүзилген болса, бундай шәртнама Пуқаралық кодексиниң 116-статьясына муўапық өз-өзинен ҳақыйқый емес есапланады.

Егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, мал-мүлк барлық тийисли затлары ҳәм оған байланыслы ҳүжжетлери менен бирге ижараға тапсырылады (техник паспорт, сыпат сертификаты ҳ.т.б). Егер бундай тийисли затлар ҳәм ҳүжжетлер тапсырылмаған болса ҳәм ижараға алыўшы оларсыз мал-мүлктен оның ўазыйпасы бойынша пайдалана алмаса ижараға алыўшы ижара шәртнамасын бийкар етиўди талап етиўге ҳақылы.

Сондай-ақ, ижараға алыўшы мал-мүлктен шәртнама шәртлерине муўапық, егер бундай шәртлер шәртнамада белгиленбеген болса-мал-мүлктиң ўазыйпасына муўапық пайдаланыўы лазым.

Егер ижараға бериўшиниң жазба ескертиўине қарамастан, ижараға алыўшы мал-мүлктен шәртнама шәртлерине яки мал-мүлктиң ўазыйпасына муўапық болмаған ҳалда пайдаланса, ижараға бериўши шәртнаманы мүддетинен алдын бийкар етиўди ҳәм зиянның қапланыўын талап етиўге ҳақылы.

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы   Гаўҳар Зарипова